ЕКИНШИ БЕЛБЕЎ 1 Тилеўмурат — әкем Қурбанияздың туўысқан иниси. Казақ- дәрьяда баслаўыш классты, Мойнақта Куйбышев атындағы мектептиң 8-класын питкерип, оннан соң Қазакаәрьядағы жети жыллық мектепте дәслеп муғаллим, сонынан оқыў бөлиминиң баслығы болып иследи. Бул хызметте бир жылға шамалас ислегеннен кейин 1942-жылдың сентябрь айында оны Совет Армиясы катарына шақыртып, ол Орлов пиядалар училищесинде хызмет етеди. Белоруссия фронтының 120 ҳәм 235 атқышлар дивизиясында немен-фашист баскыншыларына қарсы саўашта жарадар болды. Оннан емленип шыққаннан кейин 1945-жылдың октябрь айына дейин Челябинск областы Верхний Уфалей қаласында жайласқан 20-окыў-танк полкы 8- танк бригадасында хаткерлик хызметин атқарады. Урыстан Совет Армиясының киши лейтенанты әскерий дәрежеси менен қайткан Тилеўмурат Қаниязов елге аман куўысып, енди халыққа хызметин сол Қазақдәрьядағы Шмидт атындағы орта мектептиндиректоры лаўазымынан баслайды. Әкем өлгеннен кейин еки шаңарақ бир жерде, Тилеўмурат әжағамлар менен бирге жасап атырмыз. Ол жумысынан келиўден-ақ маған: — Енди окыўға барыўын керек. Қайсы мектепте оқығың келеди? — деди. — Орыс класста оқыйман! — Онда тениз жағасы — балық заводындағы мектепте окыйсаң. Ара алшак, онлаған шақырым бар, жатып оқыйсаң! — Якшы! Мектепке жакын, дайыларымыз Жубан Керимзатов, Сәтбай Тилеўмуратов ҳәм басқа да ағайинлердиң үйлери бар. Сол үйлерде шопандай, гезекпе-гезек қонып окыйман. Шемби күни әжағам келип, бәҳәрде ешек пенен, кысында табылса ат шана, табылмаса Тигр деген қасқыр ийтим бар, соны шанаға жегип, үйге алып кайтады. Әке сағынышы ма, билмеймен, гә де ҳеш жерге сыймай, балыктай туўлайман; бир жақларға ылағып кетким келеди де турады. Бунын даўасын әжағам тапты; бир шерек Казақ- дәрьяда оқысам, бир шерек Мойнақта оқып жүрдим. Март айы. Бәҳәрги каникулға шыққанымызда Тилеўмурат әжағам келип, Порлытаўҳәм Шегенин әтираплары менен мени аўылға алып қайтты. Әжағамнан баска бизиң му- ғаллим Печенюк және бир ғарры — бәримиз төртеўмиз. Көлигимиз — ортамыздағы бир ешек. Шеге ҳәм Порлытаўдан өтип, Зайырға келдик. Күн бузылып, алды жаўын, кейни карға айланды. Жол жүрис кем-кемнен кыйынласып баратыр. Ешекке мени мингизген. Жаўын жаўмастан алдын ешектин үстинде ҳәз етип, аякларымды сылтаңлатып киятырған мен, енди еки ийнимди қысып, бүрсенлеўге қарадым. Жаўын менен кар жети жүйемнен өтип баратыр. Меннен басқалар да қарық емес, жапалаклап жаўған кардын салдарынан мойнын ишлерине тартып, малпақ-салпағы шықкан. Жер батпақ. Әтирап тоғайлық. Ҳәмме токтадық. Олар бир-бирине карасып: — «Адастык, адастық», — дести. Дөгереклерине нәзер салысты. Бирден куўанысып бакырысып кетти: — Анаң қара! Түтин, түтин шығып тур! Тоғайлыктын арасы менен түтинге карай туўрыладық. Жақынладық. Қақыра ... Кақыранын дөгерегинде үш-төрт ғарры көринеди. Биреўи шертектин астында қазан асып, от жағып отыр; екиншиси ошактан дүмшени алып, шай демлеп атыр; және биреўи демленген шайды қолына алып, кақыраға кирип баратыр. Кулласы, ҳәр қайсысы ҳәр ис пенен кумбыл. Әжағамларды ғой билмедимдағы, тоғайдын ишиндеги бундай тиришиликти көрип, жаўрағанымды бир пәс умыттым. Аўзым аңқайып қалыпты. Ғаррылар бизлерди көрип танланысты, бизлер олардын жанына бардық: — Ассалаўма-әлейкум! Тилеўмурат әжағам оларға биринши болып сәлем берди. — Ўәлейкум ассалам, ассалаўма-әлейкум! — Жолаўшы едик, мына бала жаўрап капды, соған үстилерин азымаз кептирип, жылындырып алсақ... Тилеўмурат әжағам гәпинин изин айталмай қалды. Сакалына карасан ғаррыдай, шойын қара бир дәпен: — Бизлер ҳәм сизлердей жолаўшымыз. Какырага сыймайсыз. Бар, жолыныздан қалман! — деп қолларын силкинип, кететуғын бағдарымызды силтеп жиберди. — Ҳеш болмаса, мына нәрестени аясацыз ғо... Бизге ошақтын дөгереги де болады. Мусылмансыз ба өзи?! — Хаў, хе, мусылманымыз сен бе сонда? Мына басындағы неўе? — деп шойын қара әжағамның шәпегине қолын созып киятыр еди, какырадан бир ғарры басын шығарып: — Кирсин, жибериң, кирсин! — деп даўыслады. Ешекти бир түп ермапы жыңғылға байлап, бизлер сәлем берип, кақыраға кердик. Кирер аўыз, оц каптал жапсарда ешек пеш, пештиң алдына ошак қурылған, ошакка қаланған томарлар кызыл тиллерин жаланлатып, гүрлеп жанып тур. Какырада бүлбил сайрайжактай. Кириўден-ақжацағы басын шығарып «кирсин» деген ғарры бизлердиң ҳәммемиз бенен емпендеп келип кол алысты. — Ўалейкум-ассалам, келиң баллар! Ен изинде киятырған мен бул даўыстын ийесин, отырғаннан кейин ешек пештин қуўысында көрдим. Ақ сақалы омыраўына түскен, ақ сәллели, үстиндеги кийимлериниң бәри де сондай — аппақ. Тап ақ куўдай. Мен өмирим туўып бундай сулыў ғарры көрмедим. Сөйлегенде, жокарғы тисиниң оң жағындағы бир тиси алтын екенин де абайлап калдым. Шеп каптал төсинде калта саатының алтын баўы, өзи аппақ боп кийинген шырайлы адамға илаҳий сән берип тур. Ол хәммеге бир көз жуўыртты да, сонынан нәзерин пәске алып үнсиз отырды. Тынышлықты Тилеўмурат әжағам бузды: — Мойнақтан Қазақдәрьяға барагырған едик, ата. Ҳәзир хаўа райының мына тәсиринен Қазақдәрьяға самолет ушпай тур. Суў абыржы. Ҳәммемиздиң көлигимиз бир ешек, мына бала жаўрап калды. Аязлатып, аўыртып алармыз деп кайырылдық. Жолаўшы, мүсәпирмиз, ата! Ғарры басын тикледи: — Кимниң баласысаң? — Канияз дегенпиң, атым — Тилеўмурат. — Бабанды айт, бабаң ким? — Бабамыз Нурымбет — Нурай деген! — Балықшы боп өткен Манатай аўылындағы Нурай ма? — Аўа, ата! — Ой, шырағым-ай, шырағым-ай! Мына бала кимниң баласы сонда? — Қурбанияз дегенниң, менин туўыскан ағамның баласы! Ғарры бизлерден де төмен төсектин бир шетинде отырған ғаррыға ымлады. Ол сакка жүгинип, қырәәтке салып жиберди ... Ак куўдай ғарры аяттан соң: — Өзи такыядай қарақалпақпыз, сизиң ата-бабаларыңызды да таныймыз, шырағым. Олар менен дуз-дәмек, ҳәм суҳбат болған жерлеримиз бар. Қурбанияз елге аға болғандай жигит еди, болып ҳәм киятыр еди. Бендешилик, оның енди айтары жоқ. Бахтын ҳәм торпақ жасын сизлерге — мына перзентине берсин! — деп маған бир карады да, ана ғаррыға: — мына баланың кийимлерик жайып кептириң, үстине ҳәзир кийип отыр- ғандай кийим кийгизип, мениң жаныма әкелиң! — деди. Мен үст кийимлеримди шешип, хызметкер ғарры берген шапанды жаланаш етиме кийдим де, ақ куўдай ғаррынын қапталына — пештиң куўысына бардым. Ол: — Атын ким сенин? — деп сорады. — Атым Султамурат, ата! — Атың жақсы екен. Ал, енди кел, жата ғо, табаныңды пешке бер, басынды былай ет ... әне болды! — деп менин басымды өзиниң оң дизесиниң үстине қойып, басымнан, жаўырынымнан сыйпап отырды. Ешек пешке берген табанымнан кем-кем жыллылық өтип, бул ғаррының басымды, жаўырынымды сыйпаған алақаны бара-бара жағып баратыр, тап ағамнын алақанындай. Ағам көз алдыма елеслеп, манаўсырап барып, татлы уйкыға кетиппен. — Тақсыр, намазлыгер болды! — депти ана ғарры мен уйкыға кеткеннен кейин. — Онда мен баланы былай алып жатқарайын, — деп әжағам қолайсызланыпты. Сонда ақ қуўдай ғарры сынын бузбай, менин басымнан сыйпап отырып: — Кой, тиймен, намазымды отырып окыйман! — деп мени оятпаған. Ертенине азанғы шайдан кейин бир ғаррыны шақырып: — Мына балларды Каракум мешиттин үсти менен Ийшан аўылға дейин апарып қайт, баллар шаршамасын, ешегиңди мине кет! — деп пәтиясын берип, бизлерди жолға салып жиберди. Тилеўмурат әжағам жолда кетип баратырған ана жолбасшы ғаррыға карата: — Айыпка буйырмайсыз, жасы үлкен ... — деди де сөзинин кейнин жутып қойды. — Биймәлел айтабер, иним! — Бизин ата-бабамызды да таныйды екен, кешеги өлген ағамызды да билип кеўил айтуп атыр. Сондай бир жақсы, көпти көрген адамға усайды, өзи айтпағаннан кейин бизлер де сораўға тартылдык. Ол ким, ким деген адам? Ғарры шыбынлап, қос кулағын жарыспаққа кағып, жүриси өнбей киятырған ешегининтас төбесине карап, ойланып отырды да: — Ҳәзир күн дым жақсы. Бирақ, кешеги арқадан ескен даўылдын изи еле басылмай, мезгилине мың кубылып, алағай менен булағай — гә жаўын, гә қарға дөнип, туўылғанына пушайман жегизип тур ғой, иним. Ҳәмме қам сүт емген бендемиз, ертең бул күннин, қарақтынын қандай болатуғынын бир Алла билмесе, биз билмеймиз! — деди де гым-тырыс болды. Тилеўмурат әжағам иллә деп аўзын ашпады. Мен әжеплендим : «Оннан биреўдин атын сораса, ол «алағай менен булағай» айтады Ғаррылар тоғайда жүрип, жин урып кеткен- иен саў ма?! Калай-калай өзи? Саныраўмекен? Кулағы аўыр ма? Я сорама, айтпайман дегени ме екен?» Қарақум ийшанға келгенде әжағам оған: — «Ендиги жағына өзлеримизжетемиз, рахмет, қайта бериниз, аға», — деди. Ол: — Яқ, бизге Ийшан аўылға дейин апарып, жолға салып жибериўтапсырылған, — деп қылмады. Ийшан аўылга жеттик. Ол хош-аллияр айтысып, изине кайтты. Мен ойланайын дедим: «Басқалар бир айтқанын еки етпей бежеретуғын ақ сәллели сулыў ғарры ким өзи?» Бир айдан кейин «Сәлмен ийшанды Зайырдан тутып кетипти!» деген суўық хабар бурқ ете қалды! Қазақдәрьяда «Ҳа, садаған кстейин-ә!»деп «ўах-ўах»ламаған бирде-бирадам, өзгелерден жасырынып жүрип жыламаған бирде-бир ғарры калмады. Мен сонда барып оң дизесине бас қойып уйыкааған ақ қуўдай ғаррынын Сәлмен ийшан екенин билдим!!! 2 1950-жыл. Тилеўмуратәжағам мектептиң директорлығынан Мойнақ районлық комсомол комитетиниң биринши секретарлығына сайланып: — «Ал, онда көшемиз!» — дегенинде, оның айтқанын тынламай: — «Яқ, әжаға, бизлер апам, Гүлистан үшеўимиз ғой, өз күнлеримизди өзлеримиз көрермиз, бизлерге алаң болмаң», — деп туўған мәканым Қазакаәрьяда калдым. Себеби, ҳәттекитуўысканға да мойын созбаўды, ғәрезсиз болыўды нийет еттим. «Ертең тағы бир жумысқа өзгерсе не кыламан? Онда да изине ерип жүре беремен бе?» деп те ойладым. Бул ойымды апама айтсам: — «Акылыннан айла- найын, дурыс айтасаң. Әкеңниң отын өширмейик. Ҳәр кимниң манлайына бир Алланын өзи берсин!» — деди. Еле он еки жаста болсам да, мен соннан баслап бала қусап ойнап көрген бенде емеспен. Себеби, мен нийетиме жетиўим керек. Нийетиме жетиўим ушын мийнет етип пул табыўым керек! Тениз болмаған менен, көллерге шығып, балыкшыларға жәрдем беремен, куска кетип баратырғанларға ерип, жанында жүремен. Бара-бара, балықшылықка да, аңшылык талапқа да үйрендим. Сойтип жүрип ойландым: «Кашанғы емек тастай биреўлердин жетегинде жүре беремен?! Өзимәм бир көрейин!» Өзим кусаған жетим бес-алты баланын басын қурап, бир бригада дүздим. «Пул табыў керек, пул! — деймен оларға. — Дәрьяға болакошки* (* Болакошки — дәрьяда тартатуғын жылым.) таслаймыз, тутқан балықлармызды заводка апарып тапсырамыз!» Мийнет ҳакынды қолма-кол санап берип турған соң, аянбай балықшылықтын да тәсилин алып, күнине 10 — 12 центнер тапсыратуғын дәрежеге жеттик. «Тама-тама көл болар ...» Күнде калтаға түсип турғаннан кейин «пул» деген жарқылық демде-ақ жыйналады екен. Еси-дәртим мылтық еди, сол мийнет ҳакыларымнан жыйнап, мен бир тақ аўызды сатып алдым. Мен мылтық аларман-да, жанымнан «жетимлерим» қала ма?! Ҳәммемиз аңға шығамыз. Өз мылтығым менен өмиримде биринши мәрте үйге ғаз атып әкелдим. Анамның куўанышынын шеги жоқ: — Балам, пәтия алмай мылтық атыўға болмайды. Өтемис атаңның шәкирти еди, барып соннан пәтия ал! — деди. Мен апамның түйип берген түйиншиги — қант-шай, тағы- тағыларын алып Өтемис ағанын үйине бардым. Ол апарған базарлықты алып, менин нийетимди билиўден-ақ геўдиреп атыр: — Ўәй, шырағым-ай, Султанжан-ай, тениз жағалаған халыктың мылтық атпайтуғыны жоқ. Сонда да, сенин усы бастан аншылыққа кумарлығын Канияз ағадан жуққан, мен де онын шәкиртимен! Ол пәтиясын шубыртты: — Иләя, кәсибиңнен камал таўып, қолын канлы болғай, несийбең мудамы алдыннан шықкай. Түбин — бир, шақан мыңболып өнгейсең, өскейсен. Әкеннин торпақ жасын, көре алмаған бахтын, отыра алмай кеткен тахтын саған бергей. Әўмийин! 3 1952-жыл. Тилеўмурат әжағам комсомолдан көтерилип, СССР дын ең үлкен санаат орынларынан бири болған Мойнақ гөш-балық консерва комбинаты директорынң орынба- сары лаўазымында ислеп атыр. Менин алдынғыдай өмирге талпынысларымды еситкен әжағам, кайдан тапса оннан тапсын, маған бир таза коша мылтық жиберипти. Мен сыяклы 14— 15жасар жас өспири мүстине бир таза кийим алса, оны бир кийип, аўыл арасында шоштыйып жүрмей, зат алса, бир сынап көрмей, үйинде калай тақат етип отыра алады?! Әлбетте, отыра алмайды! Таза қоша мылтығымды асынып, қатарды белиме байлап, кишкене қайығыма минип, «Белжекен» деген жерге кус атыўға кеттим. Барып қайығымды байлап, үйрек, қасқалдақ атып жүрмен. Кустың қызығы менен күннин аўып кеткенин билмеппен. Күн кем-кемнен енкейип, батып баратыр. Көз көрим жерден бир түтин көринди. Жақынлап қарасам, жалғыз қос. Бир адам топпы-қазанның астына от жағып атыр. Таныдым. Бул елге қосыла алмай жүрген Бердимурат деген дезертир- қашқын еди. Қараңғы түсип кетти, үйге қайтыўым да қыйын. Барып сәлемлестим. — Ҳаў, Султамурат, кел! — Ол бирден дөгерекке қарап ҳаўлықты: қәўип-қәтер жоқ па? Мен оның қыялын сездим: — Ҳаўлықпаныз, Бердимурат аға, мен бир өзим жүриппен. Балығыңызды ертең жерсиз, мына үйректи асайық. Мен мылтығымды бир қапталға қойып, үйрек жулыўға киристим. — Яқшы қарағым! — деп ол казанын босатыўыға қайымласты. Мен үйректи жулып-жулып, тазалап қазанға салып болып қарасам: мениң мылтығымды қолына алып сыйпалап отыр екен! Мен оған қәўетерленип қарап турдым. — Султанжан, бир нәрсе ядыма түсип тур-аў... — деди ол. — Не еди? — Меннен сескенбей-ақ қой. Кел, қасыма отыр. Әкеңе байланыслы бир ҳәдийсе айтып берейин! , Мен онын жанына барып отырдым. — Урыс жыллары еди, Султанжан. Бизди урысқа жиберди. Жолда бес адам болып қаштық. Кашқаннан кейин ҳәр қайсыымыз өзимизге қолайлы «гөр» излеп, ҳәр жаққа дағыстық. Меннен басқасының бәри усланып, из-түзсиз кетти. Олардын, ҳеш бири ҳәзир жоқ. Тири өлик — тек мен тиримен! Кашқынға теңиз жағалаўынан қолайлы жер бар ма ?! Тамақ асыраўға балығың, қус, аңың, тығылыўға жыс тоғай — бәри бар. Урлаўға мал көп — аштан өлмейсең! Әй, несин айтасаң, Ўатан бол- маған адамда мәкан бола ма?! Куним — ийттиң куни дейин десем, ол да маған көп. Себеби, ийттиң ийеси, ийтаяғы, қорый- туғын босағасы болады. Менде олардың ҳешқайсысы жоқ! Теңиз жағалаўын шарлап, қашып журмен. Әкең Қурбанияздың обком партияның секретары болып ислеп атырған дәўири. Мениң Ақ қаланың дөгерегинде жан сақлап, аў-дузақтан урлап, тамақ асырап журген кунлерим. Үш күннен берли өт қақпай, өзим де өлерге келдим. «Түс ўақты, ҳеш ким болмас, неде болса балық қабыллайтуғын жерге барайын» деп бардым. Барсам: путында ғобпық шалбар, басында «Сталин»- шапки, төси аршынланып, белиндеги телетин қайысқа тапанша таққан биреў қақ ете қалды! Ашлық қалды бир жақта, хуррем ушқаны соншелли! Жақсылап қарасам — Қурбанияз! Ол мени көрди де: — Кайығың бар ма ? — деди. — Аўа! — Ал, жигитлер, сизлер жумысларыңыздан қалмаң. Мен аўылға мына киси менен кетемен! — деп қасындағы жигитлер ме- нен хошласты да бизиң қайыққа минди. Көлдиң иши. Мен ескек есип, ол таяў басып кетип баратырмыз. Ол бираздан соң: — Сизиң жақтың адамлары Аққалаға балық тапсырмай- туғын еди ғо, сен неғып журсең ? — деп сорады. Бирден етим жуўлап кетти: — Эй, бир жумыслар менен келип едим! — Енди қаяққа барасаң ? — Аўылға! Усы бир аўыз сөздиң аўзымнан қалай шығып кеткенин өзим де сезбей қалдым. Маған қалтыратпа тийди. «Буны қалай болмасын өлтириўим керек!» Сондағы ойымның да, әрманымның да болғаны сол. Калай өлтиремен? Билмеймен. Касты- ғәрезим — оның жамбасындағы наганын алыў. Оны қалай аламан ? Ҳеш имканияты жоқ. Ескек пенен бекиштирсем бе екен ? Ескекти суўырып аламан дегенше... Ўай, ўай!... Конышымда- ғы пышаққа қолым үш-төрт мәрте барып қайтты. Яқ, жүрек ете алмадым. Және ойландым: «Бул адамнан не жаманлық кордим ? Еле хеш жерде қеш нәрсе жоқ ғой ? Тас түссе талайдан көрермиз-дә!» Көл менен қайықта «Қызыл әскер» колхозының тусына келдик. Ол қайықтан тусип: — «Кәне, уйге жур, шай-суў ишип кет», — деп мирәт етти. Тур-тусине қарасам, ҳеш әндийше билинбейди. — Яқ, жумысларым бар еди, тезирек қайтпасам... — Яқшы, аман бол! Мен қайықты ғырра бурдым да, артыма қарамай зыттым! Дезертир үн-түнсиз узақ отырды. Мен де үндемедим. Әкемди өлтирмекши бола жазлаған адам қасымда отырғанлығы- нан өзимди бийжағдай сездим. Ол гәпин жалғады: — Мен сол ҳәдийсени елеге шекем ойлайман, бирақ ой түбине жете алмайман. Ол сол ўақытта бир ым қақса болып тур ғой — неге сөйтпеди? Егерде, сол ўақыяны биреў барып органларға жеткергенде, сатканда бар ғой, онын аяғы аспаннан кетер еди. «Қашқынды неге тутып бермедин? Онын менен аўзын бир екен. Сен де саткынсаң!» деген ахырзаманларға қалып, атылып кетиўи аттан анық. Сонда неге қорықпады? Мине, Султан, мен усыларды елеге шекем ойлайман. Ямаса, «бир өлгеннен усындай, өмиринше өлип жүре берсин» деп ойлады ма екен. Билмеймен, ҳеш нәрсеге ақылым жетпейди! Ол гәпин туўарды. Мен әкемниң ҳеш қашан тири бендеге жаманлык қылмағанлығын, инсаныйлық пазыйлетлерин, халыққа қылған хызметлерин өзгелерден есите-есите халқымыздын мына дана сөзин ядымда тоқып жүрдим: «Тирисиңде жаманлық кылмаған адам — өлседе тириге тен!» 4 Менин балалығым кашан бир бийғам өткен?! Бир шаңаракта үшеў ғанамыз болсақ та, «үйге үйсең де жетпейди» дегендей, муштай басымыздан мойнымызға шөккен үйдин гүмираншылығы таўсылмады. Күн «ыз-з» етиўден отын уўайым — теңизге шығып кетип қамыс ораман, кырдан отын шабаман. Оларды гә қол шана, гә ешек шана менен тасыйман. Үйде бир ошак жанса да, күнде харлатып жутып турғаннан кейин аркаламайды шыдатпайды. Кудайдың кутлы күни ешек хәлек, мен хәлек. Бәхәрде саўын байланады. Үйдеги жалғыз сыйыр, күнде сүтин ишип турғаннан кейин, ол да маған карап мөңирейди. Окыў... Оқыўдан соң «тамақ асыраўдын талабы» деп балықка, аңға кетесең, солардың арасында жаңағы «жағы карысқырдың» да үнин өшириў аңсат емес. Әне, енди жайраңлап жүретуғын жаз келди. Жүрерсең!... Дәрьядан туткан азнадай сазанымды үйге алып келдим. Бурын үйге әкелген балығыма қуўанатуғын анам, оған да қарамай, мени бирден асықтырыўға қарады: — Баслық шақырып атырған кусайды, бар, тезирек барып кайт! — Мына балыкларды тазалап алайын! — Яқ, өзим тазалайман, және кешигип калсан, бақырып жүрер, бар! — деп қоярда-қоймай, мени баслықка жиберди. Колхозымыздын баслығы Оразымбетов Мәҳәммед деген, бизиң Тилеўмурат әжағамның келиншеги — Ақсулыўдын туўыскан ағасы — қудамыз. Мен баслықтың хүзирине кирип барыўдан-ақ, жүдә мүләйимсип ол: — Сизлер де түтин түтетип отырған бир шаңараксыз. Сизиң үйге де 500 баў пишен салдық. Яқшы ма? — деп маған қарады. Әўелги машқалалардың үстине енди мынаўсы ... Найлажбан. — Якшы! Ҳәр жыл сайын жазда колхозға «мал оты» деп үй сайын 500 баў пишен орып бересең. Бул үрдиске айланған — талап етиледи. Талапты орынлағанын менен де ҳеш ким басыңнан сыйпамайды, орынламасаң— шатак!!! Мийнетхақын — ешейин! Мен бунындай пишенди орып, жыйнап тапсырыўдын аңсат емес екенлигин жақсы билемен. Ол анаў-мынаў жер- ден шыкпайды. Пишен-салық жыл ҳәм жудырықтан бурын келеди. Карабасын адым қайыры жоқбул мийнеттен заққы болған адамлар «тап биринши усы бәледен қутылайық!» дегеп нийет пенен пишени болық жерлерди белгилеп, бөлисип алып қойған. Ол жерлерге тийиўге ҳеш кимниң хакысы жоқ. Келисим солай. Бизлерде ондай күш ҳәм абырай кайда?! Сонынушын биз узакка, теңиздиң ишине кетемиз, я аннан- мыннан шөплеп орамыз. Ал, карыўлылар менен жаңағыдай қорык жери бар патлылар қашшан-ақ «пишен-талап»ты бул ўақытқа дейин ада қылған болады. Мәҳәммедген баска бир баслыктың: — «Өз пайдана боғанда, қашшан-ақ қыр-япыр кылар едиң-ә. Сен ҳәм халық ушын маңлай терлетсең-о, болдыртсаң-о!» — деген азарлы гәпин еситип, орыўға пишенниң болыгырақ жерин излеп, қайыкта көлдиң иши менен таяўды таянып Қазакаәрьяға түскенимде сол, бир темир катер дәрьяны қақ айырып киятыр. Бундай катерди бурын райкомның секретары, я исполкомның баслығы минип жүргенин көргенмен. Мен дәрьянын жағасына карай таянсам, катердиңтолқыны мениң кишкентай қайығымды аўдарып кетежақ. «Неде болса дәрьяның ортасында тура берейин, катердиң пәтин қайтармаса, жаманлығы суўға тасларман-дә, өзим жүзип шығарман, урса қайықты урар» деп тура бердим. Бир ўақта катер тезлигин пәсейтип, маған «жолдан кет» деген белги берди. Мен жолды босатпадым. Сонынан мотористка капитаннын «назад!» деген ашшы даўысы еситилди. Бир адам соның арасында «ҳаў, Султан ғо!» деп бақырып жиберди. Катер жүрисин әстелетти. Кылтылдап капталласып барып калған кайығымның бас жибинен жаңағы адам услап тартты да: — Кәне, мин катерге! — деди күлип. — Неге?! Мен колхозға пишен орып жүрмен! — дедим мен танланып. — Мине бер! — деди ол езиўи жыйылмай ҳәм колымнан тартып, катерге мингизди. Кылтылдап турған қайығымды еки жигит еки басынан көтерип, катерге салды. Катердиң капитаны Қазақдәрьядан, таныс Марат аға деген екен. Ол маған: — Султан, биринши каютаға бар! — деди. — Каютада маған не бар? — дедим түсинбей. — Бар дегеннен соң бара берсе, пай ... Мен танланғанымнан аякларымды исенимсизлеў басып, каютаға кирип бардым. Қарасам, каютанын он жапсарында Тилеўмурат әжағам, шеп жапсарында районлық прокурор Тилеўмурат Қулымбетов, екеўиде кәттиң үстинде көсилип жатыр. Мен кириўден олардың екеўи де орынларынан тикленип отырды. — Ассалаўма әлейкум! — Ўәлейкум ассалам, кел, Султан! Прокурордан кейин әжағамның мойнынан қушақлап, сүйип сәлемлестим. Сағынып қалыппан. Олар бир-бирине мәнили қарасты, бирақдым үндеспеди. Мениң ишим «ғым» ете қалды, бир нәрсени сезип турман. Ақыры-«Райкомнын катерин минип келиў — бул әнейи келис емес. Райком өзгереди деген ызым-сызым гәп бар еди, қайсысы сайланды екен? Нар тәўекел!» — Кого из вас можно поздравить как первого секретаря райкома? * Прокурордың еки езиўи қулағында: — Своего брата! ** Мен Тилеўмурат әжағамды калай қушаклағанымды билмей қалдым. Билетуғыным, көз алдымда әкем Қурбаниязтурар еди. Әжағамды кушаклайман, сүйемен, бирақ оннан жанымды үзип, баўырымды езип, елеге дейин сағындыратуғын әкемди көремен. ... Күннен-күнге азып, куў сүйек болып, бир кылға илинип жатырған ағам... Жегиси келеди. көзлери жаўган-жаўтан, жуга алмайды, ишкиси келеди, өтпейди. Көзлери жаўдырап маған, Тилеўмурат әжағама қарайды. Көп нәрселерди айтқысы келеди, айтпайды. Бәрин көзлери менен уқтырады: «Шығар шоққым бәлент еди, шығалмай баратырман. Халыққа кылар хызметим мол еди, калып баратыр. Тататуғын дузым көп еди, несийбем байланды. Үмитим сизлер, ақлаң! Бәри сизлерге буйырғай, бахытлы болғайсыз, баўырларым!»... Мен әжағамнын мойнынан кушаклап турып, қыялымда ағама бақыраман: «Мине, аға, сен шығалмаған шоккыға қарай әжағам өрмелеп баратыр, тилеклес бол. Еле сенин халыкка ислей алмай кеткен хызметлеринди де ислейди, үмитинди ақлаймыз, ағажан!» Үйдин тусына катерди байлап, бизлер Тилеўмурат әжағам, прокурор бәримиз үйге карай баратырмыз. Карасақ, бир топар адам, алдында анам, колхоз баслығы Мәҳәммед, аўыл- лық кеңестиң баслығы Тәжимурат жездем — бәри бизлерге карай жүрип киягыр. «Булар қаяктан еситкен?» Ҳайранман! Анам жакынлаўдан-ак кушағын жайып, даўдырап сөйлеп киятыр: — Аскар таўым кулап еди, көз жасымды көрген екенсен, әй Алла! Анам әжағамнын еки шекесинен еки коллапгене тутып, оның манлайынан сүйип атыр, сүйип атыр: — Бахытлы болғайсан, шырағым, аман келдиңбе? — Келдим ғой, жеңге! Анам бетинен ийегине жумалап баратырған көз жасларын узын женлери менен сыпырып-сыпырып жиберди де, колхоз баслығы Мәҳәммедтин жанында турған баска баслыққа карап хөкгем даўыс кылды: - Ҳәй!... — Ләббәй! Не кылайын? — деп ол баслық бирдениге ширениўден журдай болып, қарапайымға өзгерди де қалды. Еки колы көксинде. — Барып ана қорадағы сыйырды сой! — Ҳаў?! Қой-пой-ақ сояйык-тә!... — Яқ! Бүгин мен кой сойсам, ертен сен қусағанлар «нан же» деўге де жарамай калады. Бар! — Анам колын сермеп жиберип, қораны нускады: — Бар, сой! — Яқшы, хәзир! Баслықтап әпиўайы хызметкердей болып, өкирең қағып жуўырып кетти. Мен онын изинен күлип карап турман. Сонда мен әпиўайы адамлар таўдың таўлығынан, оннан қулап кетиўден қорқатуғынын, ал базы биреўлердин адамнан емес, хәмелдин хәмеллигинен, оннан ушып түсиўден қоркатуғынын тап сол ўакта аңғара басладым. Себеби, анам «ҳәй»легенде «500 баў пишенлик өкпесин» зуғым көрсеткен усы баслыққа туйдырып тур еди. * Кайсысынызды райкомнын биринши секретары болғанлығы менен қутлыклайын? ** Өзиннин әжағанды! Султамурат #Қаниязов АЛТЫН ЖАҒЫС. (Мемуар).
АЛТЫН ЖАҒЫС. (Мемуар) 5 1954-жыл. Кыс «кәпир тонын» кийип келди. Қақаман суўық. «Түп» десең, түпиригиң жерге түспейди. «Дәрья түбиндеги курт-шабағыпа дейин музлады» десем лап болардағы, лекин тениздин музы қақ-кақ айырылып, хән ашып атырғанлығы көзге тасланар еди. Лекин, қашанғы турсын! Қыс қартайып, адамлар мала- қайларынын кулакларын жыйғанларына куўанысып, «кыс катты келген жылдың бәхәри жақсы болады, Куда қәлесе, быйыл балыққа жылдағыдан ерте шығамыз» деп қомпылдасып жүрди. Көллердиң, жап-салмалардын жийегине сүйриклер шаншылысқан. Кысқы уйқыдан Ана-Тәбияттын ояныў гөззаллығы көзди қуўантады. Апрель айының биринши сәнеси. Бул күнниң теңизге жақын отырған арқадағы аўылларға апатшылық алып келиўин ким күтти дейсиз?!. Сол күни сәскеден басланған даўыл кем-кемнен күш алып, тенизге былғалакты салып, толқынларды аспанға шапшытты. Теңизге кеткен балықшылардың бала-шағасы ызық-ызық болды, бәри жол карап теңиз таманда жүр. Гейпаралары жылап- сықлайды: аман болғай-дә олар ... Кем-кемнен күшейген даўыл бәри-бир оларды қайтып үйлерине әкелип тықты. Уйқымнан ерте оянып, азанда капыдан шыға есинеп, керилип-созылып болып карасам: Кудай сақласын!!! Аўылдын арасы лолыдай шожысқан адамлар. Дәрья таманға мойын бурдым. Дәрьяның иши кумрыскадай шубырысқан кайық. Бул неп-бәле?! Қонсым — аталас ағамыз Абылланын үйине сол албыракааўым менен жуўырып барып, сүңгип кирдим. Ол да мениң бул келисимнен шырқы бузылды: — Ҳе, бунша не?! Изиннен жаў қуўып киятыр ма?! — Оннан да бетери. Бул не, аға? Аўыл иши ызық-ызық, адамлар көшип атырған жоқ па? — Кешеги даўылдын кесири, иним. Арқадағы аўылды суў басып кеткен. Адамлар соған жәрдемге асығып баратыр. Бизин қайық тайын. Сен не қыласаң? —Мен де бараман. Ҳәзир!... Ол дәўирде теңиз таманға үйлерди жағалап бийик етип қашы шабылады. Тениз арқадағы аўылдын көк желкесинен урадыдағы, бизин аўыл кублада жайласканлықтан, оның өкпе тусынан, кашыны жалап өтип кетеди. Бул сапары суў бизлердин қашымызға да келип тирелген. Теңиздиң бундай тентеклиги тениз жағалаўлары халықларына өлемата таң емес, қоркынышлы да емес. Мениң тек балалық етип атырғаным болмаса, адамлар буған көнлигип кеткен. Бүгин «ал-ха суў басты» деп өрден-ыққа жуўырса, ертен, үсти кепкеннен кейин карекеннин кәдимги «ўа-ҳа-ха» сын салып отыра береди. Ҳәттеки, Мойнак қаласынын орайлық көшесинде қайык айдап жүргенлерди талай мәрте көргенбиз! Абылла аға екеўимиз мотор кайықларымызды тезлигиниң барынша харлатып, арқадағы суў басқан аўылға жөнедик. Аўыл кулағырдан-ақ көзге тасланды. Бизлердиң ең биринши көзлеримизге түскенлери — тамның басындағы адамлар. Көрпе-төсеклерин үшекке шығарып, бир-бирлерине колларын шошайтысып, бақырысады. Теңиз аўылды жаўлап алып, аўыл теңизге уласып кеткендей. Тамлардың әтирапларында, аяқларында узын қонышлы резинка етикли, етиги жоклары музлы суўды кешип жалаң аяқ, үйинен затларын шығарып, кайыкка тийеп атыр. Биреўлери малларын жетелеп, биреўлери затларын аркалап баратыр. Бала-шағаларын көрпе- төсеклерине орап, тамнын басларында отырғанлар да. тамның басына шығарып атырғанлар да аз емес. Қулласы, карап турған адам жоқ, хәр бири ҳәр қыйлы ис пенен бәнт. «Баўырға тартпағаннын баўыры ширисин». Бизлер балық заводының дөгерегиндеги аўылға барып, сол жердеги ағайин-туўғанларға жәрдемлесип, улыўма Кеңес колхозы менен Казақдәрья балықзаводы халқын, жайы, қора- қопсысынан басқасының бәрин қырға шығарып алдык. Сол даўыл күни ерте тенизге балыққа кеткен төрт жигит ушты- күйди жоқ. Қырда жүргенде «жер жуткан ба?» дер еди, теңиз жутқаны белгили болып, өлиги бир ҳәпте дегенде табылды. Еки аўылдын көп шанарақлары баспанасыз қалды. Ел ағалары — басшылар атка минди: — Турың қәне!!! Пүткил Қазақдәрья халқы бир адамдай өрре-өрре турысты: — Не қылайық, аға? Ис бөлисилди: — Сизлер көлге кетип, камыс орасызлар! — Сизлер қырга кетип, ағаш табасызлар! — Сизлер шом буўасызлар! — Сизлер болса... — Куллық, аға! Кимлер кырға кетип, ағаш тапты. Кимлер көлге кетип, камыс орды. Кимлер шом буўып, жай сыбады. Ел ағалары «хә бәрекелла» сын берип турды. Аўызбиршилик нени шыдатсын?! Баспанасыз калғанлардың барлығы үш айда кайтадан мәканлы, үйли-жайлы болды. Енди мектеп мәселеси ... «Кызыл әскер» колхозы менен Қазақдәрья балықзаводынын арасы сегиз-тоғыз шакырым. Завод теңизге тийип жайласкан. Оннан еки-үш шакырым жерде — «Кенес» колхозы. Усы «Кеңес» колхозындағы он жыллық мекгепти ҳәм балык заводындағы баслаўыш мектепти суўалып кетти. Балык заводының халқы «Кызыл әскер» колхозының жанына, «Кеңес» колхозының халқы оннан да ары кубларақ, дәрьянын еки жағасына жаңадан коныс өзгертип, мәканлы болғаны менен үш аўылдын балалары мектепсиз қалды. Тек бизиң аўылда қалған баслаўыш мектепте онысыўдын ҳеш қандай илажы жоқ. Мектеп салыў ол жыллары да аңсат емес, оған дейин еки-үш ай ўақыт керек. Не ислеў керек? Бул мәселе балықшыдан исполкомның председателине дейин көтерилген. Қарақалпақстанға белгили адам, бизиң аўылдын ақсақалы, Аташев Измурат аўылдан көшип Мойнақта ислеп атыр еди. Ол жағдайымызды еситип, «Бизиңжайды мектепке ал- сын!» деп келисим берди. Жай — үлкен, бес бөлмели. Болмелери де кең, класс болыўға жетеғаба. Окыўшылардын сыйғанлары усы бес бөлмеде: биринин ишинен бири кирип окыды. Ортақ коридоры жоқ. Сыймағанларын муғаллимлер дала-тақыр жерде, үйлердиң капталларында оқытты. Қазакаәрья ели басшыларының кеңеси менен мектептиң қурылысы «ғалаба халыклық ис» деп белгиленип, халыктың көмеги менен салынатуғын болды. Бул басламаға хеш ким «яқ» деп мойынтаўлық кылғаны жоқ, кертартпалық болмады. Қазақдәрьяда мектептиң қурылысына тайда туяқ қалмай катнасты. Қолына балта, шот услай алатуғын усталардың бәри жыйылып, мектепти тикледи. Қамысын халык болып орды, шомын байлады, қалған жумыслары: кара ылай сыбаў, топан сыбаў, төбесин бастырып, ылай шығарыў, хәклеў — булардын бәрин бизлер, оқыўшылар, иследик. Мектептин бул курылысына мәмлекеттен жәрдем: тек ағаш берилген шығардағы, басқа ҳеш кандай қол-қабыс көрсетилмеди. Барлығын халық бир ийиннен өзлери көтерди. Ол дәўирде тахта поллы мекгеплер қайда?! — бирақ, оларды бийик, беккем етип салдық. «Қызыл әскер» менен балық заводының ортасына он жыллық мектеп, ал «Кеңес» колхозының ишине сегиз жыллық мектеп.* Барлық Казақдәрья халқы болып баспанасыз калған еки аўылдын халқын мәканлы етип, арғы басы үш айда еки мектеп салғанын еслесем, мына ибара тилимнин ушына келе береди: — Әй, бағы-дәўлет! Каяққа баратырсаң? — Аўызбиршиликке! * Бул мектеплерде бизлер бир класста 42 оқыўшы оқыған ўақытларымыз да болды. Мектепте оқыў жүдә қатал еди. Електен өткергендей етип, төмен оқыған оқыўшыларды гүзги сынаққа калдырады. Оннан да оте алмағанлар класста қалады. Оныншы классты 18 оқыўшы питкердик. Солардын хәммеси — кимиси Москва, кимиси Ташкент, кимиси Нөкиске кетип оқып, жоқары мағлыўматлы болды. Ҳәзир класслас досларымыздын хәммеси менен қатнасып турамыз. Ҳәттеки мектебимиздин қырық жыллығын белгилеп, мектеплес дослар хәм өмирде бар устазларымыз бенен көристик 6 Әкем өлген күннен баслап бизлер ушын «айына 50 сомнан пенсия напақа берилсин!» деген қарар шықты. Сол напақаны анам Ырысбийке Мойнактағы аманат кассасынан алатуғын еди.1954-жыллары болса керек, негедур сол напақа иркилип қалды. Керекли ҳүжжетлерин Өзбекстан Минсобесине жибердик. Арадан бир жыл өткеннен кейин «Берилсин!» деген буйрық келди. Оны барып алып қайтатуғын анам төсекли болып жатыр. Күннен- күнге аўырыў оны баспалатып бармақта. Мойнақка өзим кеттим. Он еки айға 600 сом тийисли екен. Соны алып қайтатуғын болдым. Катерге миндим. Катерде август әнжуманына келген мугаллимлеримиз де бар. Мойнактың арка тенизге шығатуғын жолы менен «рефрижератор» толы адам акбаслы толкынға шыкты. Самал кем-кемнен күшейип, жүрисимиз өнбеди. Катерге урған толкын тап аўдарып кетежақтай. Ҳәммеде корқыныш пайда болды. Адамларды да жаўратты ол. Самал ишин тартканша капитан бир ыққа барып турғанды макул көрди де, Әмиўдәрьянын куяр жерине өтип, бир колай жерге көшки таслатты. Самал кем-кемнен күшейсе, күшейди де, бирақ пәсейген жоқ. Бул калда канша туратуғынымызды бир Алланын өзи биледи. Адамлар қыларға ис таппағанлықтан, зериге баслады. Муғаллимлер сокта ойынға басты. Төбе-төбе болып, «жигирма бир» ойыны қызып кетти. Ойын пуллы. Кейнинен хәр то- пардан уткан төрт адам жыйналып, ойын қайтадан гүжиди. Бул ойынды бизлерде — ақшаға емес, ал асықка — ойнайтуғын едик. Ойынға ансарым аўып, мен де олардын қасында үнилип отырман. Менин қыялымды сезген бир муғаллимим: — «Султан, ойнайсан ба?» — деди. Олардан тартынып отырған мен куўанғанымнан: — «Аўа, ойнайман!» — деп калтамнан пул алдым да, ойынға араластым. «Яр» дегеннен-ак, калтамнан шығарган пулымды уттырдым. Катерде ерсили-қарсылы жүрип ойланаман: «Апама не деймен?! “Урлаттым” я "жойттым” деўге уттырғаным 200 сом. Калғанын не қыламан сонда? Кой, я бак, я шарбак, қайтадан ойнайын!» Калған пулларымды да ойынға салдым. Колларым жүре баслады. Утылғанларымды түўеллеп, утканларымлы такымның астына басып отырман. Менин такымым көтерилген сайын, муғаллимлеримнин енсеси түсип, кем-кемнен сүмирейип баратыр. Нан жеўге де пурса жок. Ой пайда болды: «Үйге барғаннан кейин апамнын алдында уялып калмайын, пулларымды кайтадан түўеллеп, утқанларым менен ойнай берейин». Орнымнан турып кеттим де, арман, катердин бир таса жеринде напақа пулды жаксылап түўеллеп, қойынға урдым. Уткан недәўир-ак пулларды сыртқы қалтама жайлап, бир жөткирип, қомпанлап, карта ойнаўға қайтадан қайрылғанымда, катердиң капитаны Арзыў аға алдымды кес-кеследи. Ол сталиншил, қәҳәрли, тутымы қатты адам еди. Қазақдәрьяда оннан сескенбейтуғынлары шенде- шен. Өзи де шыдамсыз; ҳәттеки куйып берилген жарманың да суўыўына карамастан, шыдамай, табак-пабағы менен көтерип кетип, дәрьяда ыгып баратырып ишеди екен. Ол бизлерге кашық адам емес, жақын дайыларымыз еди. — Әй, «батырдың көти дийўана» деген. Әкең «кимсең — Курбаиияз!», пүткип республикаға белгили азамат болып өтип еди. Сондай адамнан туўылған сен картежник-кумарпаз болғанын ба? Тур, жоқ бол! Ол шекеме жинишкелеў бир шапалақ берди. Соңынан сол булттай түнериўи менен барып муғаллимлерге алып-топылды: — Окыўшысы менен қумар ойнайтуғын сизлер ме?! — Әй, енди, аға ... — Арзыў ағаның минезине канық муғаллимлер гибиртиклеп басларын қасысты. — Ҳәзир катерди кейин қарай туўры Мойнакка қарай айдатып, районда сизлердиң мәселеңизди каратаман ямаса сизлердин төртеўинизди де теңизге зыңғытып кетемен. Маған бәле де келмейди, себеби сизлердиң кандай кылмыс қылғанынызға мына адамлар гүўа. Кәне, берин картаны! Ол муғаллимлерге ғәзеплениўи менен колын созды. — Мә, аға, мә! — Муғаллимлердин төртеўи де коркысып, қолларындағы карталарын Арзыўға берди. Ол карталарды туўрап-туўрап теңизге зыңғытты. — Еңди карта ойнасаңыз, ким менен ойнаўды билип ойнаң! Якшы ма? — Яқшы, аға, яқшы! — Муғаллимлердиң хәммеси командир алдындағы солдаттайын тиккесине тур. — Сталин өлген менен, оның тутымы өлген жоқ, абайлаң! Арзыў аға бул гәпин сондай нықыртып айтты, муғаллим бийшаралар не дерин билмей, көзлери менен жер тесип, төмен салбыраған басларын көтере алмастан калды. Мен үйге барып, напака пулларды анамнын қолына салдым, лекин соктадан утқан пулларымды не қыларымды билмей ойланып отырман: «Бермегеним менен Арзыў ағадан еситип қалса ... Бәри-бир ол пулларды не кыламан? Каякка жумсайман? Берейин». Қалтамдағы соқтадан утқан пулларымды алып анама бердим. Анам танланып: — Ҳаў, ҳе, жартысы қалып қойып па? — деп танланып, гә қолындағы пулға, гә маған қарады. — Катерде киятырып, соқта ойнап, утып алып едим! — Ырасымды айтсам да, басымды көтерип анама тикленип қараўға дадым жетпей тур. Анам бежирейип, пулға ҳәм маған қайтадан қарады. Соңынан жер шукланып бираз отырды да: — Балам! — деди. Даўысы жүдә қатал шыкты. — Әкең отыз алты жасында кетти. Оның орнын басады деген үмитим сен, тек сен! Ал, сениң кыларың усы ма?! Апам қолыңдағы пулға бир карады да, гүрлеп турған ошақка оны салып жиберди. Ақшалар лап ете қалды, көзди ашып- жумғанша күлге айланды да қалды. Апам қыслығып бираз жөтелледи де және гәпин жалғады: — «Жаманнан жаксы туўар, айтып ада қылғысыз, жақсыдан жаман туўар ыссы нанға алғысыз» деген, балам! Қумар ойыны — қулдың талабы: бүгин утасаң, ертең утыласаң. Онңан соң кул курлы қәдириң болмай, бир тислем нанынды тиленип жейсең. Оннан да ата тегиңе қара, келешегинди ойла, көзлери жаўдыраған, изиңе ерген мына жалғыз қарындасың- ды ойла, кулыным! Кишкене қарындасым Гүлистан болып атырған гәптиң мән-жайын түсинип жетпесе де, лекин жағымсыз хәдийсениң болып атырғаңын гөдек көкиреги сезип, өкирип жылап жиберди. Апамнын гәпи еле аўзында: — Ол ойын сениң теңиң емес! Болатуғын болсан, боларынды айт! Олай емес: «Баслаған қумарымды кумарым тарқағанша ойнамай қоймайман» дейтуғын болсан, онынды айт! Жер жарылмады, мен кирмедим. Көз алдыматамағынан ас өтпей, көзлери жаўтанлап жатқан әкем елеслеп, маңлайымнан ақкан суп-суўық тер, көзлеримнен аккан жып-жыллы жаска уласып, шамның алдында диз шөгип тилендим: — Апа, енди кумар ойнамайман! Нийетим: әкемнин жете алмай кеткен нийетине мен жетемен! Жыламаң, нийетиме тилеклес болын, апа! Анам узын женлери менен көз жасларын сүртти де: — Нийетинди бир яратқан Алланың өзи коллап-куўатлағай, өмир жасын узақ, мәртебен бәлент болғай! — деп пәтиясын берди. 7 Гей ўаклары дәрьядан ылай суў ақпай, халық аўыз суўдан тарығып калады. Адамлар сондай ўақьпларда төледей етип жерди қазып, оның ишин қамыс пенен орап, қыстын күнлери муз жыйнап бастырып, еки-үш ай соннан суў ишип, күн көретугын еди. Ал, оннан кейин де суў болмаса, Қазакаәрья балық заводы ямаса балықшылық колхоз басшылары үлкен плашкот-кемелерин жумсап, Әмиўдәрьянын тенизге куяр жеринен аўыз суў тасытып жеткереди. Ол суўды әкелгенде де қырғыншылық. Баржанын түренинин* ишине келиншеклер я жигитлер түсип, жокарыдағы өзлеринин адамларына шелеклеп алып береди. Олар ыдысларын толтырып алғанша, баскаларға суў жоқ, гезек күтип турысады. Биразларға суў жетпей калатуғын ўакытлар да болады. Тап сол ўаклары улы- тонкылдынын болғаны менен, изи аманлык: халык бир- биринен алыс-берис қылып, онысып кете береди. *Трюм дегени. Гейде ылай суў мол келип, Қазақдәрья буркасынлап ағады. Сол ўақытлары дәрьядан суў емес, балык ағады! Себеби, таза суўдын келиўи менен, теңиздиң балыклары душшы суў — дәрьяга өрлеп ығылады. Ашшы суўдан теңиздиң балыклары душшы — дәрьянын суўына шыққан балыклар калийма- мийайлан болып, төси жоқары төнкерилип, бираз ўақытқа дейин суў бетинде калқып жүреди. Әне, усыңдайда илсең илгениң — мыйлығыңнан батасаң! Мине. усындай таза суў — балық ығыспактың ўақтында мен изиме бурынғы «жетимлеримди» ертип, колхоздың кеңсесине бардым. Бардым да жораларымды сыртта қалдырып, калхоздың баслығы Оразымбетов Мәхәммедтиң үстине кирдим. — Султан, не жумыс еди? — деди баслык. Кеңседе адамлар баршылық екен. — Бизлер бес-алты бала болып болакөшки тартпакшы- мыз. Соған бир жылымға рухсат етиң! — Уай-ой, ондай жылымды колхозшыларға беремиз, сизлерге бере алмаймыз! — Сонда қалай, мениң атам колхозшы болса, әкем Қурбанияз колхозшыдан жетилип кеткен болса, кемпир апам Гүлзийба колхозшы болса ал, мен колхозшы емей киммен оңда? Мениң бул гәпиме баслыктың қасында отырған аўыллык кеңестиң баслығы Бердамбетов Тәжимурат, колхоздың бас есапшысы Нызанов Мәмбетшерип, атаклы балыкшы Өтәмбетов Ильяс, Назар деген яшуллы, Бийбигүл апа деген атаклы балықшы — ҳәммеси ғаўкылдасты: — «Сөз жүйесин тапса, мал ийесин табады», Султандыки дурыс. Бир жылым бериң! Баслык жүдә сөзге шебер адам. Оны аўылласларымыз «Мың бир түн» деп атар еди. Ол маған «ертегин» айта баслады: — Балам, сениң қайығың жоқ. Ол жылымды онлаған адам тартпаса, сизлер келистире алмайсыз. Жүдә балық аўлағыныз келип баратса, сизлерди бир бригадка бекитейик? — Яқ, мениң өзимниң бригадам бар. Мен солар менен балық аўлайман! — Онда сениң сол бригадана жүдә қолай, гөнелеў, дегди жылым беремен. — Берсеңиз, тазасын бериң. Гөне, дегди жылымның кереги жоқ. Кайыкты өзим табаман. Бәри өзлеримиздиң колымыздан келеди. Балыкты ҳеш кимнен кем тапсырмаймыз! — деп мен кайтпай турып алдым. Колхозда «балықшылардың ханы» есапланатуғын Ильяс аға: — Мәке, бизиң есаптан-ақ оған бир жылым берин. Султанның өз сөзинен шығатуғынына мен исенемен! — деп еди, отырғанлардың бәри де «Мәке бериң» деп ғаўырласып қоя берди. Мәкеңниң илажы курып, тисленип, зорға келисим берди. Себеби, бизлердей сегизинши, тоғызыншы класс оқыўшыларына исенип таза жылымды бериўге болмайтуғын еди. Зорлық еткендей қылдық. Жылымды үйге алып келдим. Лекин жылымды тартқандай қайығымыз жоқ. Иркилип отырмастан, қоңсылас «Кеңес» колхозынын баслығы Султанға барып: — Әке*, бизлерге бир қайық бериң. Гилең мектептиң оқыўшылары болып, бир бригада дүздик. Балық аўламақшы- мыз! — дедим. — Ҳаў азаматым, сизлер мийнет етемен десеңизлер, әкең қайық бермей не қылсын?! Талабыңыздан айланайын! — деп куўанып, не бир төрели гәплерди айтып таслады. Былайынша жуўмақлады: — Бизлердеги қайықлардың барлығы колхозшыларға бөлинген. Соктырып алсанызлар, қайыққа жеткен- дей тактай, устаңыз болмаса, уста бергизейин? — Яқ, әке, бизге уста керек емес. Өзлернмиз аўылдағы Ешберген атама я Сейткамал ағаға соқтырамыз. Буған ыразы болған Султан әкем: — Тактайыңызды жигитлер үйиңизге апарып береди! — деди. Султан әкеме рахметимди айтып, ушпаға канатым болмай, Қазақдәрья балық заводына қарай кеттим. Завод директоры миллети қалмақ, Даджигораев еди.
* Әке — тениз жағалаўлары халкынын үрдиси. Өз әкесинен үлкенди ата демейди, әке деп хабарласады. Ол мени жыллы жүзлилик пенен қабыл етти. Келген жумысымды айттым. Ол қарқылдап күлип, «О-оо!» деди де, кулағымнан «шүр» алып қойды. Гәп унаса, ол балаларға үсийтетуғын еди. Усыннанак исимниң питетуғынына куўандым. Ол ағаш устасы цехының баслығын шакырып: — Тайын неше аў қайығың бар? — деп сорады. — Еки-үш қайық майланып таяр тур. Кимге бериў керек еди? — Султанның бригадасына бересең! — Болады. Көктен тилегеним жерден табылғанына қуўанғаным соншелли: — Кайықтың хақысын он-он бес күннен кейин, тутқан балыкаарымыздың есабынан берсек бола ма? Ҳәзир тайын қәрежетимиз жок, жанағы такгайды әкелип берейик? — де- дим. — Султан баслықтың бригадасына бир қайыкты берсек те болады. Жаңағы тактайынды әкесең, орнына және бир таза қайық соқтырып қояғоямыз, уста өзимизден ғой! Себеби, мектеп оқыўшылары балык тасыўда, дузланған балыкты бешалаға жайыўда, шоланға муз шығарыўда — кулласы, айлықлы рабочийларымыздан да бетер жәрдем берип атырсызлар. ўактында жаксылыкқа жақсылык кылмак хәм керек! — деп күлди қалмақ. — Рахмет сизге! — Калаберди, әкен Қурбанияз усы балық заводынла бириишилерден директор болып хызмет еткен. Сен де әкениздин жолын куўып, оның жете алмай кеткен әрманларына жеткейсен, балам. Қайықты жаксылықка пайдалан, жылымың майлы болғай! Даджигораев мени баўырына тартып, аркамнан кағып койды. Сонынан заводтын бас есапшысы Сәтбай Тилеўмуратовка: — Бир кайыкты мектеп окыўшылары атынан Султанға бериў ушын хүжжетлерин тайынла! — деди. Ол хүжжетлерди таярлап, маған кол койдырды да, бир нускасын өзиме берди. Мен куўанғанымнан кара май менен майланып, мукыят етип соғылған, таза аў кайыкты айланып, сыйпап көрип жүрмен. Жигитлер кайыкты дәрьяға түсирип, ескек таяўын колыма бергеннен кейин, оны айдап туўра аўылга кайттым. Мениң аў-қайыклы болғанымды көрген анамнын куўанышында шекжоқ! — Балам!... — Қулағым сизде, апа? — «Атанын дәўлети перзентке кырық жыл ырыскал-несийбе болады» дегенди түсинесен бе? Мен ойланып калдым. — Билмедим, апа! — Ийнимди қыстым. Ырасындада, мен ол ўакытлары тамырлары теренде жүрген бундай гәплерди түсининкирей бермеймен. — Атаның дәўлети дегенде атаннан калған мал-дүнья нәзерде тутылмайды. Дүнья-мал — колдын кири. Бүгин ол ағып турғаны менен, ертенине жер сыйпап калыўын тәәжип емес. Атаның дәўлети деп онын халыкка кылған хызмети, адамларға кылған жақсылығына айтылады. Әне, атанын усы дәўлети перзентке ырысқал-несийбе болады. Әкең илахий жаксы адам еди, не кылайын, кудайым көп көрди. Мине, онын халыкқа қылған хызмети, жақсылығынын алды келди, еле де келе береди. Буның қәдирин бил, балам! Яқшы, балығына бара ғо! Мен анамның гәпине ойланыўым менен қайығыма миндим. Дәрьяда балық кеште көп болады, олар ойнап дәрьяның бетине шығады. Себеби, күндизги шаўқымлы тиришилик тамам болып, өли тынышлық орнап, ҳәмме дем алмақта. Ендиги гезек балыкларға келгендей ... Балыкшылар қайыкларында ығып жүрип, дәрьяға жылымларын таслайды. Бизлер де сөйтемиз. Атайы балықшылар жылымларын кайырымға тартып, балыкларын алып атады. Быжынаған сүйир шыбынлардын дәртинен өзли-өзимизди шаппатлап, жылымымыздың шонтайы толған балықларды бизлер де қайығымызға саламыз. Күн шыға балықларымызды заводқа тапсырып, мийнет хақыларымызды сол ўақытта алып, бәримиз үйли-үйимизге кайтамыз. Биринши күннен баслап бизлер атақлы балықшы- лар менен тендей, күнине 10-12 центнер балық тапсырып жүрдик. Ал, мийнет хакымыз оларға карағанда көбирек. Себеби, олардын жылымында 8-12 адам, ал бизлер тек 5 баламыз. Биринши табысымды алып үйге куўана қайттым. Кемпир апам Мойнақтан келипти. Гүлзәбийра әжем де отыр. Мен табысымды анама бердим. Анам күлди: — Маған неге бересең? Ата жолын куўып, мылтық услап, биринши атқан ғазынды да өздеримиз жемей — енеме, Мойнаққа жиберип едик. Умыттың ба? Мандай терин менен балық аўлап, табысынды әкелиўин, оның үстине енемнин келиўи бундай жақсы болмас! Биринши табысынды кемпир апана — енеме бер!... Анамды жөтел кысып кетти. Арасында кан таслап отырды. Мен кеширим сорап, пулды қос коллап апарып, кемпир апамның «Я Алла!» деп тутқан алаканына салдым. Сездим: көп қыйыншылықпарды көрген «мама» кемпирим ақлығының тапқан табысын барлығынан да артық көрип, пулды маңлайына тийгизип алды. Ол жылап оптырып, пәтиясын берди. Кемпир апам сол күни-ақ бир жанлык алдырып, жасы үлкен хәм қоңсы-қобаларды шакыртып, «ақлығымнын биринши табысынан аўыз тийин!» деп шашыў бергиади. 8 Адам баласы есейип, ананы-мынаны көрген сайын кустың темир канат палапанына усайтуғын сыяклы. Палапан тикке аспанға көтерилип, жап-жасыл тоғайлык, әўпилдеген теңиз, шоққысы кар жамылған таўлардан да өтип, қанаты менен бултсабалап, пүткил әлемди шарлағысы келеди. Бирак, оған илажы жоқ: канатлары еле жетилмеген. Мен де тап сондай. Ҳәр нәрсени хәўес етемен. Әсиресе, есейген сайын техникаға жүдә өшпен. Мотор кайык дегенди кишкентайымнанақ харлатып жүрмен. Мотоциклди де үйрендим. Автомашина көрсем, шоферы Ысмайыл Сабзадаевка сәлем берип, колынан алмай кетпеймен. Бул әдетжетинши, сегизинши класс ўақытларымнан басланды. Ҳәр жыл сайын жазғы каникулда мекгеп окыўшылары колхозға жәрдем ушын орақка барады. Кепкеннен кейин оларды қораға тасып та береди. Колхоздын ЗИС - 5 маркалы еки автомашинасы бар. Тек етсеудеген аты болмаса, екеўи де гөне. Жүргеннен — турғаны, рәхәтинен азабы көп. Ол екеўи де Ысмайыл ағаға бекитилген. Пишен тасыспада машина бар, машинада — Ысмайыл бар, Ысмайыл бар жерде — мен барман. Тоғызыншы классты тамамлаған жылымыз. Әрманым — шофер болыў. Ол дәўирде тәртип мынадай: — шофер кәнигелигин алыў ушын шофердың жанында бир жыл шәкирг жәрдемши болып жүриў керек; — мәкеменин усынысы бойынша авгошколаға* жоллама бериледи; — сол жоллама менен барып талабан автошколаны питкереди; — автошколаны питкерген адам ғана шоферлық хызметте ислеўге ҳакылы. Сонлыктан, Ысмайыл шофердын жәрдемшиси сыпатында онын жанында, «ағалап» жалынып жүрип, машиналарын айдайман. Ол курығырлар да кайсысы бир стартерден ходланады?! Белим қайысып, ручка таўлайман. Ондада болмаса, жораларымды шақырып, ийтерип ходдаймыз. Тормозы да ислемейди — тезликти кайтарып, газлеп тоқтатамыз. Кешке дейин-колхоздың қорасына пишен тасыйман, шаршаў деген менде жок, себеби рульге отырыў мен ушын үлкен куўаныш еди. Сөйтип-сөйтип, машинаны жақсы айдаўды да меңгерип алдым. 1956-жыл. Оныншы классты питкерер дәўирим. Бир сапар самолетта ушып едим, соннан баслап летчик болыўды әрман ете басладым. Әне, сөйтип кеўил және бир жаққа желикти. * Автошкола — автомобильди айдаўды хәм жол кағыйдаларын үйрететуғын мектеп. Мектепти питкериў ушын биринши Мәмлекетлик имтиханды тапсыратуғын күним. Анам қатты болып жатыр. Басында кемпир апам, әкемниң қарындасы Гүлзәбийра әжем, атам менен аталас кисиниң кемпири Қаллыхан шешем, консымыз Байтхан шешем — ҳәммеси отыр. Мәмлекетлик имтиханнан калай каламан? — кийинип атыр едим, Каллыхан шсшем келип, сыбырлап: — «Баска күни тапсырарсаң, бүгин бармай-ақ қой», — деди. Бармадым. Анамнын аўхады жүдә төменлегенине унжырғам түсип, отырып қалдым. Анам, әкем қайтыс болғаннан кейин, усы «жиңишке» аўырыўға тап болды. Ол жыллары туберкулез кеселлигинин даўасы жок, оны емлейтуғын докторы да жок. Аўылдағы фельд- шерлер тек шаншады. Бундай наўқаслар Мойнаққа барып емленеди, бети сонда бери карағаны менен, бәри-бир, баспүкил жазылып кетпейди. Анамнын аўҳады төменледи. Гә төсек тартып жатады, гә тикейеди. Жөтел, ҳәлсизлик. Ҳәттеки, кейинги ўакытлары үй жумысларынада жарамай калды. Карындасым Гүлистан еле кишкене. Үйдиң барлық гүмираншылығы — мал-ҳал, ҳәттеки қазан-табақ та мениң мойнымда. Анама ул орнына — ул, кыз орнына қыз болып хызмет еттим. Күнлерден бир күн ... Сыртта жүрген едим. Ишкериден сынсып жыласқан сеслер шықты. Жуўыра кирдим! Гүлзәбпйра әжем бирден: Тулпардан қалған туяғым, Алтыннан қалған қыяғым, Әкең кетти оңыңда, Анаң да таслап баратыр, Он сегизиңде, шырағым. Ендиги қалған жағыңда, Исиңди Алла оңласын, Тәнҳа өзи қолласын, Шүкир ет, жаным, шукир ет! А-аҳ, аҳ, а-а-ай!... деп жоклаўға басты. Колымдағы белди таслай сала ишкери жуўырдым. Көз жасларым көл-дәрья. Кемпир апам келди: — Белинди беккем буў, балам! Белимди тас қылып буўды. — Шүкир ет, баўырым! Жүрегим қанасына сыймай кетти. «Мен қашанғы шүкир етемен?! Ўай-ўай!» Үйдин иши боз-боран, адамларға толып кеткен. Ўай-ўай, ўай-ўяй....
АЙТЫС хәм ҚАРАҚАЛПАҚША ТҮСИНДИРМЕ СӨЗЛИКЛЕР
Екинши бөлим
ЕКИНШИ БЕЛБЕЎ
1
Тилеўмурат — әкем Қурбанияздың туўысқан иниси. Казақ- дәрьяда баслаўыш классты, Мойнақта Куйбышев атындағы мектептиң 8-класын питкерип, оннан соң Қазакаәрьядағы жети жыллық мектепте дәслеп муғаллим, сонынан оқыў бөлиминиң баслығы болып иследи. Бул хызметте бир жылға шамалас ислегеннен кейин 1942-жылдың сентябрь айында оны Совет Армиясы катарына шақыртып, ол Орлов пиядалар училищесинде хызмет етеди. Белоруссия фронтының 120 ҳәм 235 атқышлар дивизиясында немен-фашист баскыншыларына қарсы саўашта жарадар болды. Оннан емленип шыққаннан кейин 1945-жылдың октябрь айына дейин Челябинск областы Верхний Уфалей қаласында жайласқан 20-окыў-танк полкы 8- танк бригадасында хаткерлик хызметин атқарады.
Урыстан Совет Армиясының киши лейтенанты әскерий дәрежеси менен қайткан Тилеўмурат Қаниязов елге аман куўысып, енди халыққа хызметин сол Қазақдәрьядағы Шмидт атындағы орта мектептиндиректоры лаўазымынан баслайды.
Әкем өлгеннен кейин еки шаңарақ бир жерде, Тилеўмурат әжағамлар менен бирге жасап атырмыз. Ол жумысынан келиўден-ақ маған:
— Енди окыўға барыўын керек. Қайсы мектепте оқығың келеди? — деди.
— Орыс класста оқыйман!
— Онда тениз жағасы — балық заводындағы мектепте окыйсаң. Ара алшак, онлаған шақырым бар, жатып оқыйсаң!
— Якшы!
Мектепке жакын, дайыларымыз Жубан Керимзатов, Сәтбай Тилеўмуратов ҳәм басқа да ағайинлердиң үйлери бар. Сол үйлерде шопандай, гезекпе-гезек қонып окыйман. Шемби күни әжағам келип, бәҳәрде ешек пенен, кысында табылса ат шана, табылмаса Тигр деген қасқыр ийтим бар, соны шанаға жегип, үйге алып кайтады.
Әке сағынышы ма, билмеймен, гә де ҳеш жерге сыймай, балыктай туўлайман; бир жақларға ылағып кетким келеди де турады. Бунын даўасын әжағам тапты; бир шерек Казақ- дәрьяда оқысам, бир шерек Мойнақта оқып жүрдим.
Март айы. Бәҳәрги каникулға шыққанымызда Тилеўмурат әжағам келип, Порлытаўҳәм Шегенин әтираплары менен мени аўылға алып қайтты. Әжағамнан баска бизиң му- ғаллим Печенюк және бир ғарры — бәримиз төртеўмиз. Көлигимиз — ортамыздағы бир ешек. Шеге ҳәм Порлытаўдан өтип, Зайырға келдик. Күн бузылып, алды жаўын, кейни карға айланды. Жол жүрис кем-кемнен кыйынласып баратыр. Ешекке мени мингизген. Жаўын жаўмастан алдын ешектин үстинде ҳәз етип, аякларымды сылтаңлатып киятырған мен, енди еки ийнимди қысып, бүрсенлеўге қарадым. Жаўын менен кар жети жүйемнен өтип баратыр. Меннен басқалар да қарық емес, жапалаклап жаўған кардын салдарынан мойнын ишлерине тартып, малпақ-салпағы шықкан. Жер батпақ. Әтирап тоғайлық.
Ҳәмме токтадық. Олар бир-бирине карасып: — «Адастык, адастық», — дести. Дөгереклерине нәзер салысты. Бирден куўанысып бакырысып кетти:
— Анаң қара! Түтин, түтин шығып тур!
Тоғайлыктын арасы менен түтинге карай туўрыладық. Жақынладық. Қақыра ... Кақыранын дөгерегинде үш-төрт ғарры көринеди. Биреўи шертектин астында қазан асып, от жағып отыр; екиншиси ошактан дүмшени алып, шай демлеп атыр; және биреўи демленген шайды қолына алып, кақыраға кирип баратыр. Кулласы, ҳәр қайсысы ҳәр ис пенен кумбыл. Әжағамларды ғой билмедимдағы, тоғайдын ишиндеги бундай тиришиликти көрип, жаўрағанымды бир пәс умыттым. Аўзым аңқайып қалыпты. Ғаррылар бизлерди көрип танланысты, бизлер олардын жанына бардық:
— Ассалаўма-әлейкум!
Тилеўмурат әжағам оларға биринши болып сәлем берди.
— Ўәлейкум ассалам, ассалаўма-әлейкум!
— Жолаўшы едик, мына бала жаўрап капды, соған үстилерин азымаз кептирип, жылындырып алсақ...
Тилеўмурат әжағам гәпинин изин айталмай қалды. Сакалына карасан ғаррыдай, шойын қара бир дәпен:
— Бизлер ҳәм сизлердей жолаўшымыз. Какырага сыймайсыз. Бар, жолыныздан қалман! — деп қолларын силкинип, кететуғын бағдарымызды силтеп жиберди.
— Ҳеш болмаса, мына нәрестени аясацыз ғо... Бизге ошақтын дөгереги де болады. Мусылмансыз ба өзи?!
— Хаў, хе, мусылманымыз сен бе сонда? Мына басындағы неўе? — деп шойын қара әжағамның шәпегине қолын созып киятыр еди, какырадан бир ғарры басын шығарып:
— Кирсин, жибериң, кирсин! — деп даўыслады.
Ешекти бир түп ермапы жыңғылға байлап, бизлер сәлем берип, кақыраға кердик. Кирер аўыз, оц каптал жапсарда ешек пеш, пештиң алдына ошак қурылған, ошакка қаланған томарлар кызыл тиллерин жаланлатып, гүрлеп жанып тур. Какырада бүлбил сайрайжактай. Кириўден-ақжацағы басын шығарып «кирсин» деген ғарры бизлердиң ҳәммемиз бенен емпендеп келип кол алысты.
— Ўалейкум-ассалам, келиң баллар!
Ен изинде киятырған мен бул даўыстын ийесин, отырғаннан кейин ешек пештин қуўысында көрдим.
Ақ сақалы омыраўына түскен, ақ сәллели, үстиндеги кийимлериниң бәри де сондай — аппақ. Тап ақ куўдай. Мен өмирим туўып бундай сулыў ғарры көрмедим. Сөйлегенде, жокарғы тисиниң оң жағындағы бир тиси алтын екенин де абайлап калдым. Шеп каптал төсинде калта саатының алтын баўы, өзи аппақ боп кийинген шырайлы адамға илаҳий сән берип тур. Ол хәммеге бир көз жуўыртты да, сонынан нәзерин пәске алып үнсиз отырды. Тынышлықты Тилеўмурат әжағам бузды:
— Мойнақтан Қазақдәрьяға барагырған едик, ата. Ҳәзир хаўа райының мына тәсиринен Қазақдәрьяға самолет ушпай тур. Суў абыржы. Ҳәммемиздиң көлигимиз бир ешек,
мына бала жаўрап калды. Аязлатып, аўыртып алармыз деп кайырылдық. Жолаўшы, мүсәпирмиз, ата!
Ғарры басын тикледи:
— Кимниң баласысаң?
— Канияз дегенпиң, атым — Тилеўмурат.
— Бабанды айт, бабаң ким?
— Бабамыз Нурымбет — Нурай деген!
— Балықшы боп өткен Манатай аўылындағы Нурай ма?
— Аўа, ата!
— Ой, шырағым-ай, шырағым-ай! Мына бала кимниң баласы сонда?
— Қурбанияз дегенниң, менин туўыскан ағамның баласы!
Ғарры бизлерден де төмен төсектин бир шетинде отырған ғаррыға ымлады. Ол сакка жүгинип, қырәәтке салып жиберди ... Ак куўдай ғарры аяттан соң:
— Өзи такыядай қарақалпақпыз, сизиң ата-бабаларыңызды да таныймыз, шырағым. Олар менен дуз-дәмек, ҳәм суҳбат болған жерлеримиз бар. Қурбанияз елге аға болғандай жигит еди, болып ҳәм киятыр еди. Бендешилик, оның енди айтары жоқ. Бахтын ҳәм торпақ жасын сизлерге — мына перзентине берсин! — деп маған бир карады да, ана ғаррыға: — мына баланың кийимлерик жайып кептириң, үстине ҳәзир кийип отыр- ғандай кийим кийгизип, мениң жаныма әкелиң! — деди.
Мен үст кийимлеримди шешип, хызметкер ғарры берген шапанды жаланаш етиме кийдим де, ақ куўдай ғаррынын қапталына — пештиң куўысына бардым. Ол:
— Атын ким сенин? — деп сорады.
— Атым Султамурат, ата!
— Атың жақсы екен. Ал, енди кел, жата ғо, табаныңды пешке бер, басынды былай ет ... әне болды! — деп менин басымды өзиниң оң дизесиниң үстине қойып, басымнан, жаўырынымнан сыйпап отырды.
Ешек пешке берген табанымнан кем-кем жыллылық өтип, бул ғаррының басымды, жаўырынымды сыйпаған алақаны бара-бара жағып баратыр, тап ағамнын алақанындай. Ағам көз алдыма елеслеп, манаўсырап барып, татлы уйкыға кетиппен.
— Тақсыр, намазлыгер болды! — депти ана ғарры мен уйкыға кеткеннен кейин.
— Онда мен баланы былай алып жатқарайын, — деп әжағам қолайсызланыпты.
Сонда ақ қуўдай ғарры сынын бузбай, менин басымнан сыйпап отырып:
— Кой, тиймен, намазымды отырып окыйман! — деп мени оятпаған.
Ертенине азанғы шайдан кейин бир ғаррыны шақырып:
— Мына балларды Каракум мешиттин үсти менен Ийшан аўылға дейин апарып қайт, баллар шаршамасын, ешегиңди мине кет! — деп пәтиясын берип, бизлерди жолға салып жиберди.
Тилеўмурат әжағам жолда кетип баратырған ана жолбасшы ғаррыға карата:
— Айыпка буйырмайсыз, жасы үлкен ... — деди де сөзинин кейнин жутып қойды.
— Биймәлел айтабер, иним!
— Бизин ата-бабамызды да таныйды екен, кешеги өлген ағамызды да билип кеўил айтуп атыр. Сондай бир жақсы, көпти көрген адамға усайды, өзи айтпағаннан кейин бизлер де сораўға тартылдык. Ол ким, ким деген адам? Ғарры шыбынлап, қос кулағын жарыспаққа кағып, жүриси өнбей киятырған ешегининтас төбесине карап, ойланып отырды да:
— Ҳәзир күн дым жақсы. Бирақ, кешеги арқадан ескен даўылдын изи еле басылмай, мезгилине мың кубылып, алағай менен булағай — гә жаўын, гә қарға дөнип, туўылғанына пушайман жегизип тур ғой, иним. Ҳәмме қам сүт емген бендемиз, ертең бул күннин, қарақтынын қандай болатуғынын бир Алла билмесе, биз билмеймиз! — деди де гым-тырыс болды.
Тилеўмурат әжағам иллә деп аўзын ашпады. Мен әжеплендим : «Оннан биреўдин атын сораса, ол «алағай менен булағай» айтады Ғаррылар тоғайда жүрип, жин урып кеткен- иен саў ма?! Калай-калай өзи? Саныраўмекен? Кулағы аўыр ма? Я сорама, айтпайман дегени ме екен?»
Қарақум ийшанға келгенде әжағам оған: — «Ендиги жағына өзлеримизжетемиз, рахмет, қайта бериниз, аға», — деди. Ол:
— Яқ, бизге Ийшан аўылға дейин апарып, жолға салып жибериўтапсырылған, — деп қылмады.
Ийшан аўылга жеттик. Ол хош-аллияр айтысып, изине кайтты. Мен ойланайын дедим: «Басқалар бир айтқанын еки етпей бежеретуғын ақ сәллели сулыў ғарры ким өзи?»
Бир айдан кейин «Сәлмен ийшанды Зайырдан тутып кетипти!» деген суўық хабар бурқ ете қалды! Қазақдәрьяда «Ҳа, садаған кстейин-ә!»деп «ўах-ўах»ламаған бирде-бирадам, өзгелерден жасырынып жүрип жыламаған бирде-бир ғарры калмады.
Мен сонда барып оң дизесине бас қойып уйыкааған ақ қуўдай ғаррынын Сәлмен ийшан екенин билдим!!!
2
1950-жыл. Тилеўмуратәжағам мектептиң директорлығынан Мойнақ районлық комсомол комитетиниң биринши секретарлығына сайланып: — «Ал, онда көшемиз!» — дегенинде, оның айтқанын тынламай: — «Яқ, әжаға, бизлер апам, Гүлистан үшеўимиз ғой, өз күнлеримизди өзлеримиз көрермиз, бизлерге алаң болмаң», — деп туўған мәканым Қазакаәрьяда калдым. Себеби, ҳәттекитуўысканға да мойын созбаўды, ғәрезсиз болыўды нийет еттим. «Ертең тағы бир жумысқа өзгерсе не кыламан? Онда да изине ерип жүре беремен бе?» деп те ойладым. Бул ойымды апама айтсам: — «Акылыннан айла- найын, дурыс айтасаң. Әкеңниң отын өширмейик. Ҳәр кимниң манлайына бир Алланын өзи берсин!» — деди.
Еле он еки жаста болсам да, мен соннан баслап бала қусап ойнап көрген бенде емеспен. Себеби, мен нийетиме жетиўим керек. Нийетиме жетиўим ушын мийнет етип пул табыўым керек! Тениз болмаған менен, көллерге шығып, балыкшыларға жәрдем беремен, куска кетип баратырғанларға ерип, жанында жүремен. Бара-бара, балықшылықка да, аңшылык талапқа да үйрендим. Сойтип жүрип ойландым: «Кашанғы емек тастай биреўлердин жетегинде жүре беремен?! Өзимәм бир көрейин!»
Өзим кусаған жетим бес-алты баланын басын қурап, бир бригада дүздим. «Пул табыў керек, пул! — деймен оларға. —
Дәрьяға болакошки* (* Болакошки — дәрьяда тартатуғын жылым.) таслаймыз, тутқан балықлармызды заводка апарып тапсырамыз!»
Мийнет ҳакынды қолма-кол санап берип турған соң, аянбай балықшылықтын да тәсилин алып, күнине 10 — 12 центнер тапсыратуғын дәрежеге жеттик.
«Тама-тама көл болар ...» Күнде калтаға түсип турғаннан кейин «пул» деген жарқылық демде-ақ жыйналады екен. Еси-дәртим мылтық еди, сол мийнет ҳакыларымнан жыйнап,
мен бир тақ аўызды сатып алдым. Мен мылтық аларман-да, жанымнан «жетимлерим» қала ма?! Ҳәммемиз аңға шығамыз. Өз мылтығым менен өмиримде биринши мәрте үйге ғаз атып әкелдим. Анамның куўанышынын шеги жоқ:
— Балам, пәтия алмай мылтық атыўға болмайды. Өтемис атаңның шәкирти еди, барып соннан пәтия ал! — деди. Мен апамның түйип берген түйиншиги — қант-шай, тағы- тағыларын алып Өтемис ағанын үйине бардым. Ол апарған базарлықты алып, менин нийетимди билиўден-ақ геўдиреп атыр:
— Ўәй, шырағым-ай, Султанжан-ай, тениз жағалаған халыктың мылтық атпайтуғыны жоқ. Сонда да, сенин усы бастан аншылыққа кумарлығын Канияз ағадан жуққан, мен де онын шәкиртимен!
Ол пәтиясын шубыртты:
— Иләя, кәсибиңнен камал таўып, қолын канлы болғай, несийбең мудамы алдыннан шықкай. Түбин — бир, шақан мыңболып өнгейсең, өскейсен. Әкеннин торпақ жасын, көре алмаған бахтын, отыра алмай кеткен тахтын саған бергей. Әўмийин!
3
1952-жыл. Тилеўмурат әжағам комсомолдан көтерилип, СССР дын ең үлкен санаат орынларынан бири болған Мойнақ гөш-балық консерва комбинаты директорынң орынба- сары лаўазымында ислеп атыр. Менин алдынғыдай өмирге талпынысларымды еситкен әжағам, кайдан тапса оннан тапсын, маған бир таза коша мылтық жиберипти.
Мен сыяклы 14— 15жасар жас өспири мүстине бир таза кийим алса, оны бир кийип, аўыл арасында шоштыйып жүрмей, зат алса, бир сынап көрмей, үйинде калай тақат етип отыра алады?! Әлбетте, отыра алмайды!
Таза қоша мылтығымды асынып, қатарды белиме байлап, кишкене қайығыма минип, «Белжекен» деген жерге кус атыўға кеттим. Барып қайығымды байлап, үйрек, қасқалдақ атып жүрмен. Кустың қызығы менен күннин аўып кеткенин билмеппен. Күн кем-кемнен енкейип, батып баратыр. Көз көрим жерден бир түтин көринди. Жақынлап қарасам, жалғыз қос. Бир адам топпы-қазанның астына от жағып атыр. Таныдым. Бул елге қосыла алмай жүрген Бердимурат деген дезертир- қашқын еди.
Қараңғы түсип кетти, үйге қайтыўым да қыйын. Барып сәлемлестим.
— Ҳаў, Султамурат, кел! — Ол бирден дөгерекке қарап ҳаўлықты: қәўип-қәтер жоқ па?
Мен оның қыялын сездим:
— Ҳаўлықпаныз, Бердимурат аға, мен бир өзим жүриппен. Балығыңызды ертең жерсиз, мына үйректи асайық.
Мен мылтығымды бир қапталға қойып, үйрек жулыўға киристим.
— Яқшы қарағым! — деп ол казанын босатыўыға қайымласты. Мен үйректи жулып-жулып, тазалап қазанға салып болып қарасам: мениң мылтығымды қолына алып сыйпалап отыр екен! Мен оған қәўетерленип қарап турдым.
— Султанжан, бир нәрсе ядыма түсип тур-аў... — деди ол.
— Не еди?
— Меннен сескенбей-ақ қой. Кел, қасыма отыр. Әкеңе байланыслы бир ҳәдийсе айтып берейин! ,
Мен онын жанына барып отырдым.
— Урыс жыллары еди, Султанжан. Бизди урысқа жиберди. Жолда бес адам болып қаштық. Кашқаннан кейин ҳәр қайсыымыз өзимизге қолайлы «гөр» излеп, ҳәр жаққа дағыстық. Меннен басқасының бәри усланып, из-түзсиз кетти. Олардын, ҳеш бири ҳәзир жоқ. Тири өлик — тек мен тиримен! Кашқынға теңиз жағалаўынан қолайлы жер бар ма ?! Тамақ асыраўға балығың, қус, аңың, тығылыўға жыс тоғай — бәри бар. Урлаўға мал көп — аштан өлмейсең! Әй, несин айтасаң, Ўатан бол- маған адамда мәкан бола ма?! Куним — ийттиң куни дейин десем, ол да маған көп. Себеби, ийттиң ийеси, ийтаяғы, қорый- туғын босағасы болады. Менде олардың ҳешқайсысы жоқ! Теңиз жағалаўын шарлап, қашып журмен.
Әкең Қурбанияздың обком партияның секретары болып ислеп атырған дәўири. Мениң Ақ қаланың дөгерегинде жан сақлап, аў-дузақтан урлап, тамақ асырап журген кунлерим. Үш күннен берли өт қақпай, өзим де өлерге келдим. «Түс ўақты, ҳеш ким болмас, неде болса балық қабыллайтуғын жерге барайын» деп бардым. Барсам: путында ғобпық шалбар, басында «Сталин»- шапки, төси аршынланып, белиндеги телетин қайысқа тапанша таққан биреў қақ ете қалды! Ашлық қалды бир жақта, хуррем ушқаны соншелли! Жақсылап қарасам — Қурбанияз! Ол мени көрди де:
— Кайығың бар ма ? — деди.
— Аўа!
— Ал, жигитлер, сизлер жумысларыңыздан қалмаң. Мен аўылға мына киси менен кетемен! — деп қасындағы жигитлер ме- нен хошласты да бизиң қайыққа минди.
Көлдиң иши. Мен ескек есип, ол таяў басып кетип баратырмыз. Ол бираздан соң:
— Сизиң жақтың адамлары Аққалаға балық тапсырмай- туғын еди ғо, сен неғып журсең ? — деп сорады.
Бирден етим жуўлап кетти:
— Эй, бир жумыслар менен келип едим!
— Енди қаяққа барасаң ?
— Аўылға!
Усы бир аўыз сөздиң аўзымнан қалай шығып кеткенин өзим де сезбей қалдым. Маған қалтыратпа тийди. «Буны қалай болмасын өлтириўим керек!» Сондағы ойымның да, әрманымның да болғаны сол. Калай өлтиремен? Билмеймен. Касты- ғәрезим — оның жамбасындағы наганын алыў. Оны қалай аламан ? Ҳеш имканияты жоқ. Ескек пенен бекиштирсем бе екен ? Ескекти суўырып аламан дегенше... Ўай, ўай!... Конышымда- ғы пышаққа қолым үш-төрт мәрте барып қайтты. Яқ, жүрек ете алмадым. Және ойландым: «Бул адамнан не жаманлық кордим ? Еле хеш жерде қеш нәрсе жоқ ғой ? Тас түссе талайдан көрермиз-дә!» Көл менен қайықта «Қызыл әскер» колхозының тусына келдик. Ол қайықтан тусип: — «Кәне, уйге жур, шай-суў ишип кет», — деп мирәт етти. Тур-тусине қарасам, ҳеш әндийше билинбейди.
— Яқ, жумысларым бар еди, тезирек қайтпасам...
— Яқшы, аман бол!
Мен қайықты ғырра бурдым да, артыма қарамай зыттым! Дезертир үн-түнсиз узақ отырды. Мен де үндемедим. Әкемди өлтирмекши бола жазлаған адам қасымда отырғанлығы- нан өзимди бийжағдай сездим. Ол гәпин жалғады:
— Мен сол ҳәдийсени елеге шекем ойлайман, бирақ ой түбине жете алмайман. Ол сол ўақытта бир ым қақса болып тур ғой — неге сөйтпеди? Егерде, сол ўақыяны биреў барып органларға жеткергенде, сатканда бар ғой, онын аяғы аспаннан кетер еди. «Қашқынды неге тутып бермедин? Онын менен аўзын бир екен. Сен де саткынсаң!» деген ахырзаманларға қалып, атылып кетиўи аттан анық. Сонда неге қорықпады? Мине, Султан, мен усыларды елеге шекем ойлайман. Ямаса, «бир өлгеннен усындай, өмиринше өлип жүре берсин» деп ойлады ма екен. Билмеймен, ҳеш нәрсеге ақылым жетпейди!
Ол гәпин туўарды.
Мен әкемниң ҳеш қашан тири бендеге жаманлык қылмағанлығын, инсаныйлық пазыйлетлерин, халыққа қылған хызметлерин өзгелерден есите-есите халқымыздын мына дана сөзин ядымда тоқып жүрдим:
«Тирисиңде жаманлық кылмаған адам — өлседе тириге тен!»
4
Менин балалығым кашан бир бийғам өткен?! Бир шаңаракта үшеў ғанамыз болсақ та, «үйге үйсең де жетпейди» дегендей, муштай басымыздан мойнымызға шөккен үйдин гүмираншылығы таўсылмады. Күн «ыз-з» етиўден отын уўайым — теңизге шығып кетип қамыс ораман, кырдан отын шабаман. Оларды гә қол шана, гә ешек шана менен тасыйман. Үйде бир ошак жанса да, күнде харлатып жутып турғаннан кейин аркаламайды шыдатпайды. Кудайдың кутлы күни ешек хәлек, мен хәлек. Бәхәрде саўын байланады. Үйдеги жалғыз сыйыр, күнде сүтин ишип турғаннан кейин, ол да маған карап
мөңирейди. Окыў... Оқыўдан соң «тамақ асыраўдын талабы» деп балықка, аңға кетесең, солардың арасында жаңағы «жағы карысқырдың» да үнин өшириў аңсат емес. Әне, енди жайраңлап жүретуғын жаз келди. Жүрерсең!...
Дәрьядан туткан азнадай сазанымды үйге алып келдим. Бурын үйге әкелген балығыма қуўанатуғын анам, оған да қарамай, мени бирден асықтырыўға қарады:
— Баслық шақырып атырған кусайды, бар, тезирек барып кайт!
— Мына балыкларды тазалап алайын!
— Яқ, өзим тазалайман, және кешигип калсан, бақырып жүрер, бар! — деп қоярда-қоймай, мени баслықка жиберди.
Колхозымыздын баслығы Оразымбетов Мәҳәммед деген, бизиң Тилеўмурат әжағамның келиншеги — Ақсулыўдын туўыскан ағасы — қудамыз.
Мен баслықтың хүзирине кирип барыўдан-ақ, жүдә мүләйимсип ол:
— Сизлер де түтин түтетип отырған бир шаңараксыз. Сизиң үйге де 500 баў пишен салдық. Яқшы ма? — деп маған қарады.
Әўелги машқалалардың үстине енди мынаўсы ... Найлажбан.
— Якшы!
Ҳәр жыл сайын жазда колхозға «мал оты» деп үй сайын 500 баў пишен орып бересең. Бул үрдиске айланған — талап етиледи. Талапты орынлағанын менен де ҳеш ким басыңнан сыйпамайды, орынламасаң— шатак!!! Мийнетхақын — ешейин! Мен бунындай пишенди орып, жыйнап тапсырыўдын аңсат емес екенлигин жақсы билемен. Ол анаў-мынаў жер- ден шыкпайды. Пишен-салық жыл ҳәм жудырықтан бурын келеди. Карабасын адым қайыры жоқбул мийнеттен заққы болған адамлар «тап биринши усы бәледен қутылайық!» дегеп нийет пенен пишени болық жерлерди белгилеп, бөлисип алып қойған. Ол жерлерге тийиўге ҳеш кимниң хакысы жоқ. Келисим солай. Бизлерде ондай күш ҳәм абырай кайда?! Сонынушын биз узакка, теңиздиң ишине кетемиз, я аннан- мыннан шөплеп орамыз. Ал, карыўлылар менен жаңағыдай қорык жери бар патлылар қашшан-ақ «пишен-талап»ты бул ўақытқа дейин ада қылған болады.
Мәҳәммедген баска бир баслыктың: — «Өз пайдана боғанда, қашшан-ақ қыр-япыр кылар едиң-ә. Сен ҳәм халық ушын маңлай терлетсең-о, болдыртсаң-о!» — деген азарлы гәпин еситип, орыўға пишенниң болыгырақ жерин излеп, қайыкта көлдиң иши менен таяўды таянып Қазакаәрьяға түскенимде сол, бир темир катер дәрьяны қақ айырып киятыр. Бундай катерди бурын райкомның секретары, я исполкомның баслығы минип жүргенин көргенмен. Мен дәрьянын жағасына карай таянсам, катердиңтолқыны мениң кишкентай қайығымды аўдарып кетежақ. «Неде болса дәрьяның ортасында тура берейин, катердиң пәтин қайтармаса, жаманлығы суўға тасларман-дә, өзим жүзип шығарман, урса қайықты урар» деп тура бердим. Бир ўақта катер тезлигин пәсейтип, маған «жолдан кет» деген белги берди. Мен жолды босатпадым. Сонынан мотористка капитаннын «назад!» деген ашшы даўысы еситилди. Бир адам соның арасында «ҳаў, Султан ғо!» деп бақырып жиберди. Катер жүрисин әстелетти. Кылтылдап капталласып барып калған кайығымның бас жибинен жаңағы адам услап тартты да:
— Кәне, мин катерге! — деди күлип.
— Неге?! Мен колхозға пишен орып жүрмен! — дедим мен танланып.
— Мине бер! — деди ол езиўи жыйылмай ҳәм колымнан тартып, катерге мингизди.
Кылтылдап турған қайығымды еки жигит еки басынан көтерип, катерге салды. Катердиң капитаны Қазақдәрьядан, таныс Марат аға деген екен. Ол маған:
— Султан, биринши каютаға бар! — деди.
— Каютада маған не бар? — дедим түсинбей.
— Бар дегеннен соң бара берсе, пай ...
Мен танланғанымнан аякларымды исенимсизлеў басып, каютаға кирип бардым. Қарасам, каютанын он жапсарында Тилеўмурат әжағам, шеп жапсарында районлық прокурор Тилеўмурат Қулымбетов, екеўиде кәттиң үстинде көсилип жатыр. Мен кириўден олардың екеўи де орынларынан тикленип отырды.
— Ассалаўма әлейкум!
— Ўәлейкум ассалам, кел, Султан!
Прокурордан кейин әжағамның мойнынан қушақлап, сүйип сәлемлестим. Сағынып қалыппан. Олар бир-бирине мәнили қарасты, бирақдым үндеспеди. Мениң ишим «ғым» ете қалды, бир нәрсени сезип турман. Ақыры-«Райкомнын катерин минип келиў — бул әнейи келис емес. Райком өзгереди деген ызым-сызым гәп бар еди, қайсысы сайланды екен? Нар тәўекел!»
— Кого из вас можно поздравить как первого секретаря райкома? *
Прокурордың еки езиўи қулағында:
— Своего брата! **
Мен Тилеўмурат әжағамды калай қушаклағанымды билмей қалдым. Билетуғыным, көз алдымда әкем Қурбаниязтурар еди. Әжағамды кушаклайман, сүйемен, бирақ оннан жанымды үзип, баўырымды езип, елеге дейин сағындыратуғын әкемди көремен.
... Күннен-күнге азып, куў сүйек болып, бир кылға илинип жатырған ағам... Жегиси келеди. көзлери жаўган-жаўтан, жуга алмайды, ишкиси келеди, өтпейди. Көзлери жаўдырап маған, Тилеўмурат әжағама қарайды. Көп нәрселерди айтқысы келеди, айтпайды. Бәрин көзлери менен уқтырады: «Шығар шоққым бәлент еди, шығалмай баратырман. Халыққа кылар хызметим мол еди, калып баратыр. Тататуғын дузым көп еди, несийбем байланды. Үмитим сизлер, ақлаң! Бәри сизлерге буйырғай, бахытлы болғайсыз, баўырларым!»...
Мен әжағамнын мойнынан кушаклап турып, қыялымда ағама бақыраман: «Мине, аға, сен шығалмаған шоккыға қарай әжағам өрмелеп баратыр, тилеклес бол. Еле сенин халыкка ислей алмай кеткен хызметлеринди де ислейди, үмитинди ақлаймыз, ағажан!»
Үйдин тусына катерди байлап, бизлер Тилеўмурат әжағам, прокурор бәримиз үйге карай баратырмыз. Карасақ, бир топар адам, алдында анам, колхоз баслығы Мәҳәммед, аўыл- лық кеңестиң баслығы Тәжимурат жездем — бәри бизлерге карай жүрип киягыр. «Булар қаяктан еситкен?» Ҳайранман!
Анам жакынлаўдан-ак кушағын жайып, даўдырап сөйлеп киятыр:
— Аскар таўым кулап еди, көз жасымды көрген екенсен, әй Алла!
Анам әжағамнын еки шекесинен еки коллапгене тутып, оның манлайынан сүйип атыр, сүйип атыр:
— Бахытлы болғайсан, шырағым, аман келдиңбе?
— Келдим ғой, жеңге!
Анам бетинен ийегине жумалап баратырған көз жасларын узын женлери менен сыпырып-сыпырып жиберди де, колхоз баслығы Мәҳәммедтин жанында турған баска баслыққа карап хөкгем даўыс кылды:
- Ҳәй!...
— Ләббәй! Не кылайын? — деп ол баслық бирдениге ширениўден журдай болып, қарапайымға өзгерди де қалды. Еки колы көксинде.
— Барып ана қорадағы сыйырды сой!
— Ҳаў?! Қой-пой-ақ сояйык-тә!...
— Яқ! Бүгин мен кой сойсам, ертен сен қусағанлар «нан же» деўге де жарамай калады. Бар! — Анам колын сермеп жиберип, қораны нускады: — Бар, сой!
— Яқшы, хәзир!
Баслықтап әпиўайы хызметкердей болып, өкирең қағып жуўырып кетти. Мен онын изинен күлип карап турман. Сонда мен әпиўайы адамлар таўдың таўлығынан, оннан қулап кетиўден қорқатуғынын, ал базы биреўлердин адамнан емес, хәмелдин хәмеллигинен, оннан ушып түсиўден қоркатуғынын тап сол ўакта аңғара басладым. Себеби, анам «ҳәй»легенде «500 баў пишенлик өкпесин» зуғым көрсеткен усы баслыққа туйдырып тур еди.
* Кайсысынызды райкомнын биринши секретары болғанлығы менен қутлыклайын?
** Өзиннин әжағанды!
Султамурат #Қаниязов
АЛТЫН ЖАҒЫС. (Мемуар).
5
1954-жыл. Кыс «кәпир тонын» кийип келди. Қақаман суўық. «Түп» десең, түпиригиң жерге түспейди. «Дәрья түбиндеги курт-шабағыпа дейин музлады» десем лап болардағы, лекин тениздин музы қақ-кақ айырылып, хән ашып атырғанлығы көзге тасланар еди.
Лекин, қашанғы турсын! Қыс қартайып, адамлар мала- қайларынын кулакларын жыйғанларына куўанысып, «кыс катты келген жылдың бәхәри жақсы болады, Куда қәлесе, быйыл балыққа жылдағыдан ерте шығамыз» деп қомпылдасып жүрди.
Көллердиң, жап-салмалардын жийегине сүйриклер шаншылысқан. Кысқы уйқыдан Ана-Тәбияттын ояныў гөззаллығы көзди қуўантады.
Апрель айының биринши сәнеси. Бул күнниң теңизге жақын отырған арқадағы аўылларға апатшылық алып келиўин ким күтти дейсиз?!.
Сол күни сәскеден басланған даўыл кем-кемнен күш алып, тенизге былғалакты салып, толқынларды аспанға шапшытты. Теңизге кеткен балықшылардың бала-шағасы ызық-ызық болды, бәри жол карап теңиз таманда жүр. Гейпаралары жылап- сықлайды: аман болғай-дә олар ... Кем-кемнен күшейген даўыл бәри-бир оларды қайтып үйлерине әкелип тықты.
Уйқымнан ерте оянып, азанда капыдан шыға есинеп, керилип-созылып болып карасам: Кудай сақласын!!! Аўылдын арасы лолыдай шожысқан адамлар. Дәрья таманға мойын бурдым. Дәрьяның иши кумрыскадай шубырысқан кайық. Бул неп-бәле?! Қонсым — аталас ағамыз Абылланын үйине сол албыракааўым менен жуўырып барып, сүңгип кирдим. Ол да мениң бул келисимнен шырқы бузылды:
— Ҳе, бунша не?! Изиннен жаў қуўып киятыр ма?!
— Оннан да бетери. Бул не, аға? Аўыл иши ызық-ызық, адамлар көшип атырған жоқ па?
— Кешеги даўылдын кесири, иним. Арқадағы аўылды суў басып кеткен. Адамлар соған жәрдемге асығып баратыр. Бизин қайық тайын. Сен не қыласаң?
—Мен де бараман. Ҳәзир!...
Ол дәўирде теңиз таманға үйлерди жағалап бийик етип қашы шабылады. Тениз арқадағы аўылдын көк желкесинен урадыдағы, бизин аўыл кублада жайласканлықтан, оның өкпе тусынан, кашыны жалап өтип кетеди. Бул сапары суў бизлердин қашымызға да келип тирелген. Теңиздиң бундай тентеклиги тениз жағалаўлары халықларына өлемата таң емес, қоркынышлы да емес. Мениң тек балалық етип атырғаным болмаса, адамлар буған көнлигип кеткен. Бүгин «ал-ха суў басты» деп өрден-ыққа жуўырса, ертен, үсти кепкеннен кейин карекеннин кәдимги «ўа-ҳа-ха» сын салып отыра береди. Ҳәттеки, Мойнак қаласынын орайлық көшесинде қайык айдап жүргенлерди талай мәрте көргенбиз!
Абылла аға екеўимиз мотор кайықларымызды тезлигиниң барынша харлатып, арқадағы суў басқан аўылға жөнедик. Аўыл кулағырдан-ақ көзге тасланды. Бизлердиң ең биринши көзлеримизге түскенлери — тамның басындағы адамлар. Көрпе-төсеклерин үшекке шығарып, бир-бирлерине колларын шошайтысып, бақырысады. Теңиз аўылды жаўлап алып, аўыл теңизге уласып кеткендей. Тамлардың әтирапларында, аяқларында узын қонышлы резинка етикли, етиги жоклары музлы суўды кешип жалаң аяқ, үйинен затларын шығарып, кайыкка тийеп атыр. Биреўлери малларын жетелеп, биреўлери затларын аркалап баратыр. Бала-шағаларын көрпе- төсеклерине орап, тамнын басларында отырғанлар да. тамның басына шығарып атырғанлар да аз емес. Қулласы, карап турған адам жоқ, хәр бири ҳәр қыйлы ис пенен бәнт.
«Баўырға тартпағаннын баўыры ширисин».
Бизлер балық заводының дөгерегиндеги аўылға барып, сол жердеги ағайин-туўғанларға жәрдемлесип, улыўма Кеңес колхозы менен Казақдәрья балықзаводы халқын, жайы, қора- қопсысынан басқасының бәрин қырға шығарып алдык. Сол даўыл күни ерте тенизге балыққа кеткен төрт жигит ушты- күйди жоқ. Қырда жүргенде «жер жуткан ба?» дер еди, теңиз жутқаны белгили болып, өлиги бир ҳәпте дегенде табылды. Еки аўылдын көп шанарақлары баспанасыз қалды.
Ел ағалары — басшылар атка минди:
— Турың қәне!!!
Пүткил Қазақдәрья халқы бир адамдай өрре-өрре турысты:
— Не қылайық, аға?
Ис бөлисилди:
— Сизлер көлге кетип, камыс орасызлар!
— Сизлер қырга кетип, ағаш табасызлар!
— Сизлер шом буўасызлар!
— Сизлер болса...
— Куллық, аға!
Кимлер кырға кетип, ағаш тапты. Кимлер көлге кетип, камыс орды. Кимлер шом буўып, жай сыбады. Ел ағалары «хә бәрекелла» сын берип турды. Аўызбиршилик нени шыдатсын?! Баспанасыз калғанлардың барлығы үш айда кайтадан мәканлы, үйли-жайлы болды.
Енди мектеп мәселеси ...
«Кызыл әскер» колхозы менен Қазақдәрья балықзаводынын арасы сегиз-тоғыз шакырым. Завод теңизге тийип жайласкан. Оннан еки-үш шакырым жерде — «Кенес» колхозы. Усы «Кеңес» колхозындағы он жыллық мекгепти ҳәм балык заводындағы баслаўыш мектепти суўалып кетти. Балык заводының халқы «Кызыл әскер» колхозының жанына, «Кеңес» колхозының халқы оннан да ары кубларақ, дәрьянын еки жағасына жаңадан коныс өзгертип, мәканлы болғаны менен үш аўылдын балалары мектепсиз қалды. Тек бизиң аўылда қалған баслаўыш мектепте онысыўдын ҳеш қандай илажы жоқ. Мектеп салыў ол жыллары да аңсат емес, оған дейин еки-үш ай ўақыт керек.
Не ислеў керек?
Бул мәселе балықшыдан исполкомның председателине дейин көтерилген.
Қарақалпақстанға белгили адам, бизиң аўылдын ақсақалы, Аташев Измурат аўылдан көшип Мойнақта ислеп атыр еди. Ол жағдайымызды еситип, «Бизиңжайды мектепке ал- сын!» деп келисим берди. Жай — үлкен, бес бөлмели. Болмелери де кең, класс болыўға жетеғаба. Окыўшылардын сыйғанлары усы бес бөлмеде: биринин ишинен бири кирип окыды. Ортақ коридоры жоқ. Сыймағанларын муғаллимлер дала-тақыр жерде, үйлердиң капталларында оқытты.
Қазакаәрья ели басшыларының кеңеси менен мектептиң қурылысы «ғалаба халыклық ис» деп белгиленип, халыктың көмеги менен салынатуғын болды. Бул басламаға хеш ким «яқ» деп мойынтаўлық кылғаны жоқ, кертартпалық болмады. Қазақдәрьяда мектептиң қурылысына тайда туяқ қалмай катнасты. Қолына балта, шот услай алатуғын усталардың бәри жыйылып, мектепти тикледи. Қамысын халык болып орды, шомын байлады, қалған жумыслары: кара ылай сыбаў, топан сыбаў, төбесин бастырып, ылай шығарыў, хәклеў — булардын бәрин бизлер, оқыўшылар, иследик. Мектептин бул курылысына мәмлекеттен жәрдем: тек ағаш берилген шығардағы, басқа ҳеш кандай қол-қабыс көрсетилмеди. Барлығын халық бир ийиннен өзлери көтерди.
Ол дәўирде тахта поллы мекгеплер қайда?! — бирақ, оларды бийик, беккем етип салдық. «Қызыл әскер» менен балық заводының ортасына он жыллық мектеп, ал «Кеңес» колхозының ишине сегиз жыллық мектеп.*
Барлық Казақдәрья халқы болып баспанасыз калған еки аўылдын халқын мәканлы етип, арғы басы үш айда еки мектеп салғанын еслесем, мына ибара тилимнин ушына келе береди:
— Әй, бағы-дәўлет! Каяққа баратырсаң?
— Аўызбиршиликке!
* Бул мектеплерде бизлер бир класста 42 оқыўшы оқыған ўақытларымыз да болды. Мектепте оқыў жүдә қатал еди. Електен өткергендей етип, төмен оқыған оқыўшыларды гүзги сынаққа калдырады. Оннан да оте алмағанлар класста қалады. Оныншы классты 18 оқыўшы питкердик. Солардын хәммеси — кимиси Москва, кимиси Ташкент, кимиси Нөкиске кетип оқып, жоқары мағлыўматлы болды. Ҳәзир класслас досларымыздын хәммеси менен қатнасып турамыз. Ҳәттеки мектебимиздин қырық жыллығын белгилеп, мектеплес дослар хәм өмирде бар устазларымыз бенен көристик
6
Әкем өлген күннен баслап бизлер ушын «айына 50 сомнан пенсия напақа берилсин!» деген қарар шықты. Сол напақаны анам Ырысбийке Мойнактағы аманат кассасынан алатуғын еди.1954-жыллары болса керек, негедур сол напақа иркилип қалды. Керекли ҳүжжетлерин Өзбекстан Минсобесине жибердик. Арадан бир жыл өткеннен кейин «Берилсин!» деген буйрық келди. Оны барып алып қайтатуғын анам төсекли болып жатыр. Күннен- күнге аўырыў оны баспалатып бармақта. Мойнақка өзим кеттим. Он еки айға 600 сом тийисли екен. Соны алып қайтатуғын болдым.
Катерге миндим. Катерде август әнжуманына келген мугаллимлеримиз де бар. Мойнактың арка тенизге шығатуғын жолы менен «рефрижератор» толы адам акбаслы толкынға шыкты. Самал кем-кемнен күшейип, жүрисимиз өнбеди. Катерге урған толкын тап аўдарып кетежақтай. Ҳәммеде корқыныш пайда болды. Адамларды да жаўратты ол. Самал ишин тартканша капитан бир ыққа барып турғанды макул көрди де, Әмиўдәрьянын куяр жерине өтип, бир колай жерге көшки таслатты. Самал кем-кемнен күшейсе, күшейди де, бирақ пәсейген жоқ. Бул калда канша туратуғынымызды бир Алланын өзи биледи.
Адамлар қыларға ис таппағанлықтан, зериге баслады. Муғаллимлер сокта ойынға басты. Төбе-төбе болып, «жигирма бир» ойыны қызып кетти. Ойын пуллы. Кейнинен хәр то- пардан уткан төрт адам жыйналып, ойын қайтадан гүжиди. Бул ойынды бизлерде — ақшаға емес, ал асықка — ойнайтуғын едик.
Ойынға ансарым аўып, мен де олардын қасында үнилип отырман. Менин қыялымды сезген бир муғаллимим: — «Султан, ойнайсан ба?» — деди. Олардан тартынып отырған мен куўанғанымнан: — «Аўа, ойнайман!» — деп калтамнан пул алдым да, ойынға араластым. «Яр» дегеннен-ак, калтамнан шығарган пулымды уттырдым.
Катерде ерсили-қарсылы жүрип ойланаман: «Апама не деймен?! “Урлаттым” я "жойттым” деўге уттырғаным 200 сом. Калғанын не қыламан сонда? Кой, я бак, я шарбак, қайтадан ойнайын!»
Калған пулларымды да ойынға салдым. Колларым жүре баслады. Утылғанларымды түўеллеп, утканларымлы такымның астына басып отырман. Менин такымым көтерилген сайын, муғаллимлеримнин енсеси түсип, кем-кемнен сүмирейип баратыр. Нан жеўге де пурса жок.
Ой пайда болды: «Үйге барғаннан кейин апамнын алдында уялып калмайын, пулларымды кайтадан түўеллеп, утқанларым менен ойнай берейин». Орнымнан турып кеттим де, арман, катердин бир таса жеринде напақа пулды жаксылап түўеллеп, қойынға урдым. Уткан недәўир-ак пулларды сыртқы қалтама жайлап, бир жөткирип, қомпанлап, карта ойнаўға қайтадан қайрылғанымда, катердиң капитаны Арзыў аға алдымды кес-кеследи. Ол сталиншил, қәҳәрли, тутымы қатты адам еди. Қазақдәрьяда оннан сескенбейтуғынлары шенде- шен. Өзи де шыдамсыз; ҳәттеки куйып берилген жарманың да суўыўына карамастан, шыдамай, табак-пабағы менен көтерип кетип, дәрьяда ыгып баратырып ишеди екен. Ол бизлерге кашық адам емес, жақын дайыларымыз еди.
— Әй, «батырдың көти дийўана» деген. Әкең «кимсең — Курбаиияз!», пүткип республикаға белгили азамат болып өтип еди. Сондай адамнан туўылған сен картежник-кумарпаз болғанын ба? Тур, жоқ бол!
Ол шекеме жинишкелеў бир шапалақ берди. Соңынан сол булттай түнериўи менен барып муғаллимлерге алып-топылды:
— Окыўшысы менен қумар ойнайтуғын сизлер ме?!
— Әй, енди, аға ... — Арзыў ағаның минезине канық муғаллимлер гибиртиклеп басларын қасысты.
— Ҳәзир катерди кейин қарай туўры Мойнакка қарай айдатып, районда сизлердиң мәселеңизди каратаман ямаса сизлердин төртеўинизди де теңизге зыңғытып кетемен. Маған бәле де келмейди, себеби сизлердиң кандай кылмыс қылғанынызға мына адамлар гүўа. Кәне, берин картаны!
Ол муғаллимлерге ғәзеплениўи менен колын созды.
— Мә, аға, мә! — Муғаллимлердин төртеўи де коркысып, қолларындағы карталарын Арзыўға берди. Ол карталарды туўрап-туўрап теңизге зыңғытты.
— Еңди карта ойнасаңыз, ким менен ойнаўды билип ойнаң! Якшы ма?
— Яқшы, аға, яқшы! — Муғаллимлердиң хәммеси командир алдындағы солдаттайын тиккесине тур.
— Сталин өлген менен, оның тутымы өлген жоқ, абайлаң! Арзыў аға бул гәпин сондай нықыртып айтты, муғаллим бийшаралар не дерин билмей, көзлери менен жер тесип, төмен салбыраған басларын көтере алмастан калды.
Мен үйге барып, напака пулларды анамнын қолына салдым, лекин соктадан утқан пулларымды не қыларымды билмей ойланып отырман: «Бермегеним менен Арзыў ағадан еситип қалса ... Бәри-бир ол пулларды не кыламан? Каякка жумсайман? Берейин».
Қалтамдағы соқтадан утқан пулларымды алып анама бердим. Анам танланып:
— Ҳаў, ҳе, жартысы қалып қойып па? — деп танланып, гә қолындағы пулға, гә маған қарады.
— Катерде киятырып, соқта ойнап, утып алып едим! — Ырасымды айтсам да, басымды көтерип анама тикленип қараўға дадым жетпей тур. Анам бежирейип, пулға ҳәм маған қайтадан қарады. Соңынан жер шукланып бираз отырды да:
— Балам! — деди. Даўысы жүдә қатал шыкты. — Әкең отыз алты жасында кетти. Оның орнын басады деген үмитим сен, тек сен! Ал, сениң кыларың усы ма?!
Апам қолыңдағы пулға бир карады да, гүрлеп турған ошақка оны салып жиберди. Ақшалар лап ете қалды, көзди ашып- жумғанша күлге айланды да қалды. Апам қыслығып бираз жөтелледи де және гәпин жалғады:
— «Жаманнан жаксы туўар, айтып ада қылғысыз, жақсыдан жаман туўар ыссы нанға алғысыз» деген, балам! Қумар ойыны — қулдың талабы: бүгин утасаң, ертең утыласаң. Онңан соң кул курлы қәдириң болмай, бир тислем нанынды тиленип жейсең. Оннан да ата тегиңе қара, келешегинди ойла, көзлери жаўдыраған, изиңе ерген мына жалғыз қарындасың- ды ойла, кулыным!
Кишкене қарындасым Гүлистан болып атырған гәптиң мән-жайын түсинип жетпесе де, лекин жағымсыз хәдийсениң болып атырғаңын гөдек көкиреги сезип, өкирип жылап жиберди. Апамнын гәпи еле аўзында:
— Ол ойын сениң теңиң емес! Болатуғын болсан, боларынды айт! Олай емес: «Баслаған қумарымды кумарым тарқағанша ойнамай қоймайман» дейтуғын болсан, онынды айт!
Жер жарылмады, мен кирмедим. Көз алдыматамағынан ас өтпей, көзлери жаўтанлап жатқан әкем елеслеп, маңлайымнан ақкан суп-суўық тер, көзлеримнен аккан жып-жыллы жаска уласып, шамның алдында диз шөгип тилендим:
— Апа, енди кумар ойнамайман! Нийетим: әкемнин жете алмай кеткен нийетине мен жетемен! Жыламаң, нийетиме тилеклес болын, апа!
Анам узын женлери менен көз жасларын сүртти де:
— Нийетинди бир яратқан Алланың өзи коллап-куўатлағай, өмир жасын узақ, мәртебен бәлент болғай! — деп пәтиясын берди.
7
Гей ўаклары дәрьядан ылай суў ақпай, халық аўыз суўдан тарығып калады. Адамлар сондай ўақьпларда төледей етип жерди қазып, оның ишин қамыс пенен орап, қыстын күнлери муз жыйнап бастырып, еки-үш ай соннан суў ишип, күн көретугын еди. Ал, оннан кейин де суў болмаса, Қазакаәрья балық заводы ямаса балықшылық колхоз басшылары үлкен плашкот-кемелерин жумсап, Әмиўдәрьянын тенизге куяр жеринен аўыз суў тасытып жеткереди. Ол суўды әкелгенде де қырғыншылық. Баржанын түренинин* ишине келиншеклер я жигитлер түсип, жокарыдағы өзлеринин адамларына шелеклеп алып береди. Олар ыдысларын толтырып алғанша, баскаларға суў жоқ, гезек күтип турысады. Биразларға суў жетпей калатуғын ўакытлар да болады. Тап сол ўаклары улы- тонкылдынын болғаны менен, изи аманлык: халык бир- биринен алыс-берис қылып, онысып кете береди.
*Трюм дегени.
Гейде ылай суў мол келип, Қазақдәрья буркасынлап ағады. Сол ўақытлары дәрьядан суў емес, балык ағады! Себеби, таза суўдын келиўи менен, теңиздиң балыклары душшы суў — дәрьяга өрлеп ығылады. Ашшы суўдан теңиздиң балыклары душшы — дәрьянын суўына шыққан балыклар калийма- мийайлан болып, төси жоқары төнкерилип, бираз ўақытқа дейин суў бетинде калқып жүреди. Әне, усыңдайда илсең илгениң — мыйлығыңнан батасаң!
Мине. усындай таза суў — балық ығыспактың ўақтында мен изиме бурынғы «жетимлеримди» ертип, колхоздың кеңсесине бардым. Бардым да жораларымды сыртта қалдырып, калхоздың баслығы Оразымбетов Мәхәммедтиң үстине кирдим.
— Султан, не жумыс еди? — деди баслык. Кеңседе адамлар баршылық екен.
— Бизлер бес-алты бала болып болакөшки тартпакшы- мыз. Соған бир жылымға рухсат етиң!
— Уай-ой, ондай жылымды колхозшыларға беремиз, сизлерге бере алмаймыз!
— Сонда қалай, мениң атам колхозшы болса, әкем Қурбанияз колхозшыдан жетилип кеткен болса, кемпир апам Гүлзийба колхозшы болса ал, мен колхозшы емей киммен оңда?
Мениң бул гәпиме баслыктың қасында отырған аўыллык кеңестиң баслығы Бердамбетов Тәжимурат, колхоздың бас есапшысы Нызанов Мәмбетшерип, атаклы балыкшы Өтәмбетов Ильяс, Назар деген яшуллы, Бийбигүл апа деген атаклы балықшы — ҳәммеси ғаўкылдасты:
— «Сөз жүйесин тапса, мал ийесин табады», Султандыки дурыс. Бир жылым бериң!
Баслык жүдә сөзге шебер адам. Оны аўылласларымыз «Мың бир түн» деп атар еди. Ол маған «ертегин» айта баслады:
— Балам, сениң қайығың жоқ. Ол жылымды онлаған адам тартпаса, сизлер келистире алмайсыз. Жүдә балық аўлағыныз келип баратса, сизлерди бир бригадка бекитейик?
— Яқ, мениң өзимниң бригадам бар. Мен солар менен балық аўлайман!
— Онда сениң сол бригадана жүдә қолай, гөнелеў, дегди жылым беремен.
— Берсеңиз, тазасын бериң. Гөне, дегди жылымның кереги жоқ. Кайыкты өзим табаман. Бәри өзлеримиздиң колымыздан келеди. Балыкты ҳеш кимнен кем тапсырмаймыз! — деп мен кайтпай турып алдым.
Колхозда «балықшылардың ханы» есапланатуғын Ильяс аға:
— Мәке, бизиң есаптан-ақ оған бир жылым берин. Султанның өз сөзинен шығатуғынына мен исенемен! — деп еди, отырғанлардың бәри де «Мәке бериң» деп ғаўырласып қоя берди.
Мәкеңниң илажы курып, тисленип, зорға келисим берди. Себеби, бизлердей сегизинши, тоғызыншы класс оқыўшыларына исенип таза жылымды бериўге болмайтуғын еди. Зорлық еткендей қылдық.
Жылымды үйге алып келдим. Лекин жылымды тартқандай қайығымыз жоқ. Иркилип отырмастан, қоңсылас «Кеңес» колхозынын баслығы Султанға барып:
— Әке*, бизлерге бир қайық бериң. Гилең мектептиң оқыўшылары болып, бир бригада дүздик. Балық аўламақшы- мыз! — дедим.
— Ҳаў азаматым, сизлер мийнет етемен десеңизлер, әкең қайық бермей не қылсын?! Талабыңыздан айланайын! — деп куўанып, не бир төрели гәплерди айтып таслады. Былайынша жуўмақлады: — Бизлердеги қайықлардың барлығы колхозшыларға бөлинген. Соктырып алсанызлар, қайыққа жеткен- дей тактай, устаңыз болмаса, уста бергизейин?
— Яқ, әке, бизге уста керек емес. Өзлернмиз аўылдағы Ешберген атама я Сейткамал ағаға соқтырамыз.
Буған ыразы болған Султан әкем:
— Тактайыңызды жигитлер үйиңизге апарып береди! — деди.
Султан әкеме рахметимди айтып, ушпаға канатым болмай, Қазақдәрья балық заводына қарай кеттим. Завод директоры миллети қалмақ, Даджигораев еди.
* Әке — тениз жағалаўлары халкынын үрдиси. Өз әкесинен үлкенди ата демейди, әке деп хабарласады.
Ол мени жыллы жүзлилик пенен қабыл етти. Келген жумысымды айттым. Ол қарқылдап күлип, «О-оо!» деди де, кулағымнан «шүр» алып қойды. Гәп унаса, ол балаларға үсийтетуғын еди. Усыннанак исимниң питетуғынына куўандым. Ол ағаш устасы цехының баслығын шакырып:
— Тайын неше аў қайығың бар? — деп сорады.
— Еки-үш қайық майланып таяр тур. Кимге бериў керек еди?
— Султанның бригадасына бересең!
— Болады.
Көктен тилегеним жерден табылғанына қуўанғаным соншелли:
— Кайықтың хақысын он-он бес күннен кейин, тутқан балыкаарымыздың есабынан берсек бола ма? Ҳәзир тайын қәрежетимиз жок, жанағы такгайды әкелип берейик? — де- дим.
— Султан баслықтың бригадасына бир қайыкты берсек те болады. Жаңағы тактайынды әкесең, орнына және бир таза қайық соқтырып қояғоямыз, уста өзимизден ғой! Себеби,
мектеп оқыўшылары балык тасыўда, дузланған балыкты бешалаға жайыўда, шоланға муз шығарыўда — кулласы, айлықлы рабочийларымыздан да бетер жәрдем берип атырсызлар. ўактында жаксылыкқа жақсылык кылмак хәм керек! — деп күлди қалмақ.
— Рахмет сизге!
— Калаберди, әкен Қурбанияз усы балық заводынла бириишилерден директор болып хызмет еткен. Сен де әкениздин жолын куўып, оның жете алмай кеткен әрманларына жеткейсен, балам. Қайықты жаксылықка пайдалан, жылымың майлы болғай!
Даджигораев мени баўырына тартып, аркамнан кағып койды. Сонынан заводтын бас есапшысы Сәтбай Тилеўмуратовка:
— Бир кайыкты мектеп окыўшылары атынан Султанға бериў ушын хүжжетлерин тайынла! — деди.
Ол хүжжетлерди таярлап, маған кол койдырды да, бир нускасын өзиме берди. Мен куўанғанымнан кара май менен майланып, мукыят етип соғылған, таза аў кайыкты айланып, сыйпап көрип жүрмен. Жигитлер кайыкты дәрьяға түсирип, ескек таяўын колыма бергеннен кейин, оны айдап туўра аўылга кайттым. Мениң аў-қайыклы болғанымды көрген анамнын куўанышында шекжоқ!
— Балам!...
— Қулағым сизде, апа?
— «Атанын дәўлети перзентке кырық жыл ырыскал-несийбе болады» дегенди түсинесен бе?
Мен ойланып калдым.
— Билмедим, апа! — Ийнимди қыстым. Ырасындада, мен ол ўакытлары тамырлары теренде жүрген бундай гәплерди түсининкирей бермеймен.
— Атаның дәўлети дегенде атаннан калған мал-дүнья нәзерде тутылмайды. Дүнья-мал — колдын кири. Бүгин ол ағып турғаны менен, ертенине жер сыйпап калыўын тәәжип емес. Атаның дәўлети деп онын халыкка кылған хызмети, адамларға кылған жақсылығына айтылады. Әне, атанын усы дәўлети перзентке ырысқал-несийбе болады. Әкең илахий жаксы адам еди, не кылайын, кудайым көп көрди. Мине, онын халыкқа қылған хызмети, жақсылығынын алды келди, еле де келе береди. Буның қәдирин бил, балам! Яқшы, балығына бара ғо!
Мен анамның гәпине ойланыўым менен қайығыма миндим. Дәрьяда балық кеште көп болады, олар ойнап дәрьяның бетине шығады. Себеби, күндизги шаўқымлы тиришилик тамам болып, өли тынышлық орнап, ҳәмме дем алмақта. Ендиги гезек балыкларға келгендей ...
Балыкшылар қайыкларында ығып жүрип, дәрьяға жылымларын таслайды. Бизлер де сөйтемиз.
Атайы балықшылар жылымларын кайырымға тартып, балыкларын алып атады. Быжынаған сүйир шыбынлардын дәртинен өзли-өзимизди шаппатлап, жылымымыздың шонтайы толған балықларды бизлер де қайығымызға саламыз.
Күн шыға балықларымызды заводқа тапсырып, мийнет хақыларымызды сол ўақытта алып, бәримиз үйли-үйимизге кайтамыз. Биринши күннен баслап бизлер атақлы балықшы- лар менен тендей, күнине 10-12 центнер балық тапсырып жүрдик. Ал, мийнет хакымыз оларға карағанда көбирек. Себеби, олардын жылымында 8-12 адам, ал бизлер тек 5 баламыз.
Биринши табысымды алып үйге куўана қайттым. Кемпир апам Мойнақтан келипти. Гүлзәбийра әжем де отыр. Мен табысымды анама бердим.
Анам күлди:
— Маған неге бересең? Ата жолын куўып, мылтық услап, биринши атқан ғазынды да өздеримиз жемей — енеме, Мойнаққа жиберип едик. Умыттың ба? Мандай терин менен балық аўлап, табысынды әкелиўин, оның үстине енемнин келиўи бундай жақсы болмас! Биринши табысынды кемпир апана — енеме бер!...
Анамды жөтел кысып кетти. Арасында кан таслап отырды.
Мен кеширим сорап, пулды қос коллап апарып, кемпир апамның «Я Алла!» деп тутқан алаканына салдым. Сездим: көп қыйыншылықпарды көрген «мама» кемпирим ақлығының тапқан табысын барлығынан да артық көрип, пулды маңлайына тийгизип алды. Ол жылап оптырып, пәтиясын берди. Кемпир апам сол күни-ақ бир жанлык алдырып, жасы үлкен хәм қоңсы-қобаларды шакыртып, «ақлығымнын биринши табысынан аўыз тийин!» деп шашыў бергиади.
8
Адам баласы есейип, ананы-мынаны көрген сайын кустың темир канат палапанына усайтуғын сыяклы. Палапан тикке аспанға көтерилип, жап-жасыл тоғайлык, әўпилдеген теңиз, шоққысы кар жамылған таўлардан да өтип, қанаты менен бултсабалап, пүткил әлемди шарлағысы келеди. Бирак, оған илажы жоқ: канатлары еле жетилмеген.
Мен де тап сондай.
Ҳәр нәрсени хәўес етемен. Әсиресе, есейген сайын техникаға жүдә өшпен. Мотор кайык дегенди кишкентайымнанақ харлатып жүрмен. Мотоциклди де үйрендим. Автомашина көрсем, шоферы Ысмайыл Сабзадаевка сәлем берип, колынан алмай кетпеймен. Бул әдетжетинши, сегизинши класс ўақытларымнан басланды.
Ҳәр жыл сайын жазғы каникулда мекгеп окыўшылары колхозға жәрдем ушын орақка барады. Кепкеннен кейин оларды қораға тасып та береди. Колхоздын ЗИС - 5 маркалы еки автомашинасы бар. Тек етсеудеген аты болмаса, екеўи де гөне. Жүргеннен — турғаны, рәхәтинен азабы көп. Ол екеўи де Ысмайыл ағаға бекитилген. Пишен тасыспада машина бар, машинада — Ысмайыл бар, Ысмайыл бар жерде — мен барман.
Тоғызыншы классты тамамлаған жылымыз. Әрманым — шофер болыў. Ол дәўирде тәртип мынадай:
— шофер кәнигелигин алыў ушын шофердың жанында бир жыл шәкирг жәрдемши болып жүриў керек;
— мәкеменин усынысы бойынша авгошколаға* жоллама бериледи;
— сол жоллама менен барып талабан автошколаны питкереди;
— автошколаны питкерген адам ғана шоферлық хызметте ислеўге ҳакылы.
Сонлыктан, Ысмайыл шофердын жәрдемшиси сыпатында онын жанында, «ағалап» жалынып жүрип, машиналарын айдайман. Ол курығырлар да кайсысы бир стартерден
ходланады?! Белим қайысып, ручка таўлайман. Ондада болмаса, жораларымды шақырып, ийтерип ходдаймыз. Тормозы да ислемейди — тезликти кайтарып, газлеп тоқтатамыз. Кешке дейин-колхоздың қорасына пишен тасыйман, шаршаў деген менде жок, себеби рульге отырыў мен ушын үлкен куўаныш еди. Сөйтип-сөйтип, машинаны жақсы айдаўды да меңгерип алдым.
1956-жыл. Оныншы классты питкерер дәўирим. Бир сапар самолетта ушып едим, соннан баслап летчик болыўды әрман ете басладым.
Әне, сөйтип кеўил және бир жаққа желикти.
* Автошкола — автомобильди айдаўды хәм жол кағыйдаларын үйрететуғын мектеп.
Мектепти питкериў ушын биринши Мәмлекетлик имтиханды тапсыратуғын күним. Анам қатты болып жатыр. Басында кемпир апам, әкемниң қарындасы Гүлзәбийра әжем, атам менен аталас кисиниң кемпири Қаллыхан шешем, консымыз Байтхан шешем — ҳәммеси отыр. Мәмлекетлик имтиханнан калай каламан? — кийинип атыр едим, Каллыхан шсшем келип, сыбырлап: — «Баска күни тапсырарсаң, бүгин бармай-ақ қой», — деди.
Бармадым. Анамнын аўхады жүдә төменлегенине унжырғам түсип, отырып қалдым.
Анам, әкем қайтыс болғаннан кейин, усы «жиңишке» аўырыўға тап болды. Ол жыллары туберкулез кеселлигинин даўасы жок, оны емлейтуғын докторы да жок. Аўылдағы фельд- шерлер тек шаншады. Бундай наўқаслар Мойнаққа барып емленеди, бети сонда бери карағаны менен, бәри-бир, баспүкил жазылып кетпейди.
Анамнын аўҳады төменледи. Гә төсек тартып жатады, гә тикейеди. Жөтел, ҳәлсизлик. Ҳәттеки, кейинги ўакытлары үй жумысларынада жарамай калды.
Карындасым Гүлистан еле кишкене. Үйдиң барлық гүмираншылығы — мал-ҳал, ҳәттеки қазан-табақ та мениң мойнымда. Анама ул орнына — ул, кыз орнына қыз болып хызмет еттим.
Күнлерден бир күн ...
Сыртта жүрген едим. Ишкериден сынсып жыласқан сеслер шықты. Жуўыра кирдим! Гүлзәбпйра әжем бирден:
Тулпардан қалған туяғым, Алтыннан қалған қыяғым, Әкең кетти оңыңда, Анаң да таслап баратыр, Он сегизиңде, шырағым. Ендиги қалған жағыңда, Исиңди Алла оңласын, Тәнҳа өзи қолласын, Шүкир ет, жаным, шукир ет! А-аҳ, аҳ, а-а-ай!...
деп жоклаўға басты. Колымдағы белди таслай сала ишкери жуўырдым. Көз жасларым көл-дәрья.
Кемпир апам келди:
— Белинди беккем буў, балам!
Белимди тас қылып буўды.
— Шүкир ет, баўырым!
Жүрегим қанасына сыймай кетти. «Мен қашанғы шүкир етемен?! Ўай-ўай!»
Үйдин иши боз-боран, адамларға толып кеткен.
Ўай-ўай, ўай-ўяй....
Султамурат #Қаниязов
АЛТЫН ЖАҒЫС. (Мемуар).