АЛТЫН ЖАҒЫС. (Мемуар). Он тоғызыншы бөлим «ҚАРАҚАЛПАҚБОЯН» 1 Отырып ойланаман: «Мени партиядан шығарған. Бирде болмаса, бирде әўладларымнын бетине бул дақ болар. Соның ушын да қайтадан тиклениўдин илажын етейин». Судтың хүкимин алып, Қарақалпақстан Республикасы областьлық партия комитетиниң биринши секретары Сағындық Нийетуллаевтың қабыллаўына бардым. Ол иркпей қабыллады. Куўанышлы қутлықлады. Қолына судтын * хүкимин бердим. Танысып, көрип шықты. Дедим: — Мени Пленумда партиядан өширген екен. Қайттан тикленип, ақланыўдын нийетинде келип едим. — Болады, яшуллы. Парткомиссиянын атына арза жазын. Қайтадан партия қатарына тикленесиз! — Яқшы, рахмет! Мен парткомиссиянын атына арза жазып берип кеттим. Бираз күн өткен сон ол парткомиссияда каралды. Нәтийже не болар екен? Күнлер изинен айлар өтип атыр. Тым-тырыс. Бир жыл өтти. Обком бетте еле қәбирстаннын тынышлығы. Хеш ким жуўап берген жоқ «Шериниз шықсын-ә, енеғардын баллары!!!» Қолды бир силтедим. Гидромелиорация ПМК сынын баслығы Олег Степанович Цхай деген кореец менин жорам еди — соған барып, орынбасар болып өтип алдым. Балам Алийшерди де сол жерге жумысқа алдырттым. Себсби, бийкаршы болып жүргим келмеди, обкомның кабинетлерине қол жайып барыўды кәлемедим. Пәкизе ғана көшпели колоннада ислеп жүре бердим. Дәўлетбай Шәмшетов аўыл хожалығы бойынша обкомның секретары еди. Ол мени шақыртып алды. — Султан аға, сизиң ПМК да жүргениңиз бизлерге қатты батады. Бурын аўыл хожалығында ислеп, жақсы хызмет еттиңиз. Қәлеген совхозыңызды алын, берейик! — Яқ, иним! — Онда өзиниздин бурынғы ислеген хожалығыныз — «Халқабад» совхозын берейин. Барыңыз, аға? — Яқ, иним, ҳеш жағына да бармайман. Мени қозғаман, берекет табын. Қайылшылык бермей, кетип қалдым. Енди сол Дәўлетбай Шәмшетов обкомнын биринши секретары болды. 1991-жылдың басларында бизди және шақыртты. «Не дер екен бала?» Ойланыўым менен оның хүзирине бардым. Еглемей қабыл етти. Жоқары лаўазымы менен кутлыкаадым. Ислеринде табыслар тиледим. Шәмшетовтың кеўли жүдә хош. — Жумыслар қалай, Султан аға? — Жумыслар жүдә жақсы, иним. Кәристин орынбасарлығын ҳарлатып атырман! Екеўимиз ҳәз етип күлистик. Сонынан ол иске көшти: — Сиз бизге жүдә керексиз, аға! Дедидағы маған тигилип, қарап отырды. Мен нәзеримди бир қыя алып: — Қәйдем билейин, иним! — дедим де қойдым. Ол сөзин даўам етти: — Султан аға! Жақында «Боянтамыр» деген мәкемени Түркменсганнан айырып алайық» деп, аўыл хожалығы бойынша секретарымыз Сейтназар Ережеповты Москваға жиберип алып едим, ояқтағы министрлик «ҳәр жерден бирлеспе ашып жүре алмаймыз!» деп келисим бермепти. Бирден Шәмшетов әўелги гөне патлақты баслады: — Енди қоягойса сол ПМК дегенди, Султан аға! Қәлеген районыңызға барып ислең. «Ақсақал боламан» десениз, исполкомлыққа барыныз. Министрликке барасыз ба? Жибе- рейин. Я бир совхоз берейик? Қәлеген жериңизге барың, аға! «Ел баскарып отырған адам! Онын нәзери енди қайтса болмайды. Нартәўекел, көрейин». — Жаңағы кағазыңызды берип турың, көрип берейин, — дедим қолымды созып. Шәмшетов сөйлеп отырып «Боянтамыр» темасынан әдеўир алыслап кеткен екен. Сораўымды дәрхал укпай калды: — Не қағаз? — Жаңағы «Боянтамыр» дерекли Москваға жазған қағазыңыз! ... — Ҳе ... яқшы, мине! Дәўлетбай Шәмшетовтың берген қағазын алып, көз жуўырттым. «Косенкоға» деп жазылғанын оқыдым да, қуўанып кеттим. Мен Николай Косенконы жүдә жақсы таныйтуғын едим. Еле «қой ноғайда, сипсе тоғайда». «Косенко келисе ме, келиспей ме, неғайбыл» деп ойладым да, таныйтуғыным хаққында тис жармадым. Кағазды оған кайтардым да: — Усыны маған қайтадан жаздырып бериниз! — дедим. — Оны не қыласыз? — Өзимнин де Москваға баратуғын жумысларым бар еди. Апарып көрейик, немиз кетипти! — Мейли, өзиңиз билиң! — деди Шәмшетов немқурайды. Кайтадан жазып әкелинген кағазға ол қол қойды да, маған берди. Ертеңине азанғы саат 9.00 де «Красные вороты» метросынын жанындағы Лекраспромнын кенсесине бардым. Кабыллаўханасындағы хаткер қыздан: — Николай Косенкоға кирип шыксам мүмкин бе? — деп сорадым. — Ҳәзир мүмкин емес, жыйланыс болып атыр! Мен сол жерде отырып, бир бет кағазға: «Коля, мен келип едим, күтип отырман. Қабыл етсениз күтейин. Егерде жыйналысыңыз көпке созылса, бир ўақытты айтың, соған келейин. Қаниязов» деп қол қойып, «апарып бериң» деп қыздан өтиниш еттим. Ол да талдай қайысып, зорға апарып келди. Арадан еки-үш минуг өткен жоқ, Косенко кабинетинен зоңқ етип шықты да, келе мени кушаклап, «ишке кир» деди де мени баслап кетти. Бәри толып отырған адамлар — өзинин хызметкерлери екен. — Мениң достым. Қарақалпақстаннан келген! Қалған жағын өзлерин сөйлесе беринлер, — деп орынбасарына тапсырды да, мени арғы бөлмесине алып барды. Екеўимиз қайтадан қушакласып көристик. Ақланғаным менен қутлықлап, аманлық-есенлик сорасқаннан кейин: — Қәне, үйге кетемиз! — деди. — Яқ, достым, мен бир мәселе менен келдим! — Не мәселе? Меннен питетуғын ба? — Сизден питетуғын болыўы керек. Егер соны шешип берсеңиз, кешке дейин сизин менен қыдырып, сон аўылға қайтыўым керек. Шешпесеңиз де қайтаман! — Қандай мәселе? Мен "оған обкомның атынан жазылған қағазды бердим. Оны оқып турып күлди: — Бул мәселе бойынша обкомыңыздың аўыл хожалығы бойынша секретары келип еди. Министримиз оған онша қарсы емес едидағы, буған қарсылық қылған мен едим! Якшы, сен бизиң орынбасар менен шай-пай ишип отыра тур, мен ҳәзир барып, шешип келемен! Мени орынбасары менен таныстырып, өзи шықты да кетти. Арадан бир саат өтти ме, жоқ па, Косенко кирип келди: — Мине, достым! — деп алдыма бир бет қағазды қойды. Мен оқыўға киристим: Түркменстан Республикасынан бөлинип алынып, Қарақалпақстан автоном республикасынан да Қарақалпақстан бирлеспеси шөлкемлестирилсин. Бас директоры Султамурат Қаниязов белгиленсин! Бул — Минмедпром министринин қолы қойылған буйрық еди. Мен қуўанғанымнан орнымнан өрре турып: — Рахмет, достым! — деп, Николай Васильевич Косенкоға кайта-қайта миннетдаршылығымды билдирдим. — Аман акланып шыкканыныз ушын бул сизге менин саўғам! Ол юристин, бухгалтерин шақыртып алды: — Қәне, енди айтың, Султан, сизге канша айлықберейик? Мен де буйрық бериўим керек акыры! — Айлық? Кәйдем ... Екиленип, ийнимди қыстым. Косенко Кудайдың көп пулын айтты. — Ҳаў, ондай айлыкты бизлердиң обком секретарьлары да алмайды, ЦК нын секретарьларын ғой билмедим! — дедим танланып. Косенконың юристи күлди: — Бул партияның пулы емес, бизин пулымыз. «Беремен» дегеннен кейин ала бериң-дә! Бәримиз күлистик. — Яқшы, 500 сом жаза қойың, Николай Васильевич. Сол болады. Маған көп пулдың кереги жоқ. Ҳәммеси хайран қалып турды. Косенко найлаж: — Мейли 500 сом болса, 500 сом! Соны «Бас директордың бир айлық ис хақысы» деп жаза қойың! — деди бухгалтерине. Бизин айлық ис хакымыз солай келисилди. Шәртнама дүзистик. Бизге керек хүжжетлердиң бәрин тайынлап, есапшысы әкелип берди. — Ал, бизден кандай баска өтинишлерин бар? — деди Костенко. . — Мен ҳәзир мәкеменин қандай аўхалда екенин бил- меймен. Тек аяққа турып кеткенше маған еки-үш миллион сом пул бериң, техникадан жәрдем етин. — Болады, оларды сизге сирә берип турмыз ғо. Орынбасары, бас бухгалтери хаткери турған таманға Катал буйырды: — Қәне жазың! ... Үлкен-үлкен төрт-бес техникаларды атады, миллионларды айтып атыр ... — ... Токиоға буйыртпа қылың. Бир «Ландкруизер», «Тойота»ны Султан бир айдын ишинде алатуғын болсын! Маған қарады; даўысы жылып сала берди: — Султан Қурбаниязович, жақында өзим бараман. Сонда Түркменстаннан да усы қурақым етип (қаншелли екенин анық билдиргиси келип, тап гармонь тартқандай қолларын еки жаққа барынша созып жиберди) пайынды алып беремен. Соның менен аяғыңа турып кетерсен. Ҳәр жылы техникадан, пулдан жәрдем етип тураман. Қазақстан-Уральский таманнан да жәрдем бергиземен! Соңынан барлық ҳүжжетлерди, Токиодан алатуғын «Тойота»ның ҳүжжетин де қосып қолыма берди. — Бизден алатуғын техника-тракторларыңның бәрин өзлеримиз поезлда жөнетемиз. Пул ертең сизиң счетыңа түседи! Болды ма? — Болады, рахмет достым. Әкем болғанда да бүйтпес* — Жүр, онда кеттик! — Қаяқка? — Үйге-дә! Косенконың үйине бардық. Жақсылап күтти. Бизин елимизге барып, сый-ҳүрметимизди көрип жүрген жигит ғой ... Кеште олар мени аэропорттан ушырып жиберди. Түнлетип үйге де жеттим. Таң ата қойғай тезирек! Азанда, қолымда Косенконың кешеги берген ҳүжжетлери, Дәўлетбай Шәмшетовтың алдына бардым. — Ҳаў, Султан аға, еле кетпедиңиз бе, — Яқ, барып кайттым! Ҳайран қалды. Қаслары жыбыр ете қалды! Оның алдына барлық ҳүжжетлерди қойдым. Қарақлы нәзери менен көз жуўыртты, мән-жайды дәрриў ылғады. Өзине бир ис унаса шақылдап күлетуғын әдети бар еди. Ҳүжжетлерди көрип болып, Шәмшетов сол күлкисин иске қосты: — Ўа-ҳа-ҳей, Султан аға! Бизин Сейтназар сонша дастаны жатса да, питкере алмаған исин, сиз бир күнде питкерип келипсиз. «Асты қардарына, исти сәрдарына бер» деген усы екендағы! Талабыңыздың оралғанының алды болғай, табыслар тилеймиз аға! — деп, менин қолымды қайта-қайта * Николай Косенкоға жүдә ырза болдым. Сол сапарғы маған қылған жаксылығы ҳеш ўақьттта да ядымнан шыққан емес. Рахмет оған! қысып, бир оқ пенен еки қоянды атып түсирген аңшыдай, төбеси көкке жетип куўанды. Неге куўанбасын: ҳәм ис питти, ҳәм мен иске орналастым! — «Танымасын сыйламас» деген: Косенко менен азымаз жорашылығымыз бар еди. Ҳәммесин сол питкерип берди. Мынаў — берген техникалары, мынаў —берген автома- шинасы, «Тойота»сы. «Түркменстаннан да пайынды алып беремен» деди, ал мынаў — берген пуллары! — Рахмет, Султан аға! Турдым ғайратынызға! Және бир мәрте табыслар тилеймен! 2 Сейтназар Ержанов жәмәәт пенен таныстырып, бизди «Қарақалпақбоянға» апарып отырғызды. Қай жерге келип қалдым? Мәкемениң жан-жағын сол күни-ақ аралай басладым. Кеңсе. Ол үш бөлмеден ибарат екен. Директор, бухгалтер ҳәм экономисти бар. Бурынғыдай (Қараөзектегидей, Тахта- көпирдегидей) масштаб емес, әлбетте. Не илаж, бары менен базармыз-дә! Мени «отырғызған» күни бурынғы директор Г. Н. Мениахмедов келмеди. «Оның сонша жылғы ислеген мийнети бар, далаға таслағандай етпейин, орынбасарлық штат ашып, орналастырайын». Лаппа столыма отырдым да, «директордың орынбасары» деп,Мениахмедовқа буйрық бергиздим. «Ҳеш гәп болмас: қайта оннан ис тәжирийбелерин үйре- нейин». Ертеңине оны шақырттым. Жүдә қәўетерленип келди. — Геннадий Захарович, дуз несип шығар: кеше обком секретары бизди әкеп отырғызды. Сизди ҳәмме жойттық. — Табыслар тилеймен, Султан Қурбаниязович! Кеше мазам болмай жатып қалып едим. Шақыртпағаныңызда да өзим келейин деп атыр едим! — Зыяны жоқ, сонда да бирге ислесе беремиз! Қулағы елен ете қалды: — Сонда мен не хызметте ислеймен? — Менин биринши орынбасарым боласыз. Буйрықты кашшан шығарып қойыппыз! Мениахмедов қуўанып кетти: — Сизди адамлардан «мәрт адам» деп еситетуғын едим. Ырас екен ғой. Мен сизин менен ислесиўге тайынман, Султан Қурбаниязович! — Геннадий Захарович, мен Карақалпақстандағы мәдений егинлердиң бәринен хабарым бар. Олардын егиси, тәрбиясы, жыйын-терими — бәрин билемен. Ал, мына бояннан түк сызбайман. Бир иниңиз болып изинизге ерейин, сиз яшүлкен болып, маған солардың бәрин үйретин! Ке- листик пе усыған? — Келискенде қандай! Жаным менен үйретемен! 3 Май айларынын иши еди. Кеште үйге Қаракалпақстан Республикасы Жоқарғы судынын орынбасары Максим Алламуратов келди. — Султан аға, Ташкенттен адамлар келип еди. Солар мына қағазды сизге берип жиберди, — деп бир жапырак кағазды услатты. — Бул не? Алып оқысам, Наманган областьлыксудынын 1990-жыл 9-июль күнги бизди ақлаў хүкимине Союз прокуратурасынын протести екен. — Ким берип жиберди буны? — Бизлерден киятырғанлардан берип жиберген. Олар кетип калды! Тас төбемнен музлы суў куйылғандай болды!!! — Болады. Бундайлардын талайынан шыкканбыз, косшым. Буннанда шығысармыз, Куда кәлесе. Нан же! — дедим пәрўайым пәнсери, сыр бергим келмей. Көп нәрселерди жобаластырың, жумыстын изине кунтыйып түсип жүр едим — бирден салпаўсып калдым! Бирак, адам бендеге сездиргим келмейди, хәттеки үйдеги балашағама да сыр шашпадым. Ертенине Әмиўдәрья районының прокуроры (бурын Шоманай районның прокуроры болып ислеген) Хусайн бир-еки жигит пенен үйге қыдырып келди. Қонаклар күтилип атыр. Не деген менен заң хызметкерлери сыншыл ғой, Хусайн: — Султан аға, бу не, қапа көринесиз? — деп сорады. — Қәйдем иним, баяғы түрмениң жуғы шығар? — деп күлдим де қойдым. — Әй, яғаў!... Ол казбарлап сорап қоймады. Мен ушлығын айттым да, протестти қолына бердим. Ол оқып болып: — Буның зыяны жоқ, Султан аға, ондай қапа бола бер- мей-ақ қойың. Мениң де Ташкентте барып қайтатуғын жумысым бар. Сояқта бир адамға хабарласамыз. не дер екен? — Яқшы, болады, иним! — Жүрегим өз-өзинен дүрсилдеп кетти. 10-май күни Ташкентке ушып кеттик. Кешки алтыларда Хусайн менен бирге Жоқарғы судқа бардық. Жоқарғы судья жоқ екен. Биринши орынбасары Палўанзада Абдусамат Абдухамидовичтиң қабыллаўына бардық. Иште адамлар бар екен. Олар шыққаннан кейин бизлерди қабыл етти. Хусайн мени орынбасарға: — Бул, Султамурат Қаниязов деген яшуллымыз! — деп мен ҳаққында Палўанзадаға қысқаша айтып берди. — Оҳ-ҳо, сиз сол Қаниязовпысыз! — деп қайтадан мениң қолымнан алды: — Мен сизиң 31 томлық делоңыз бенен танысып шықтым. «Өзбек иси» бойынша дөҳмет шеккенлердиң ишиндеги өзин-өзи ақлап шыққан, ең мәртлериниң бирисиз! Аман-есен бала-шағаңызға косылғаныңыз бенен қутлықлайман, яшуллы! — Рахмет, иним. — Ал, бизге қандай хызмет? — Шақыртқан екенсиз, соған келдик! — О қандай шақырық? Яқ, биз сизди шақыртқанымыз жоқ! — Союз прокуратура протест жазған. Сол бойынша кайта қараўға шақыртқан екенсиз! — Яқ, шақыртканымыз жоқ! Биз ҳәммемиз сизин исиниз бенен танысып шыктық. Наманган областьлык судынын хүкимин туўры деп есаплаймыз. Сонын ушын ол мәселе бойынша сизин катнасыўыныз шәрт емес! — Мине, сизин қолыныз койылған! — Мен шакырыў кағазын онын алдына ысырдым. Палўанзада көрип болып: — Аўа, менин колым. Бул сизге калай барған?! — Билмедим. «Берип жиберди» деп үйге апарып берди. Палўанзада Абдусамат Абдухамидович бир түрли болып кетти. Ойланып отырды: — Яқ, сизин қатнасыўыүыздын кереги жоқ. Өзимиз қарап, Союз прокуратураға жуўабын беремиз. Ҳеш ғам шекпең, яшуллы. Ҳеш нәрсе болмайды! Ол бизлер менен лифтке дейин барды. Капысы ашылды — лифтке мингеннен кейин мен оған: — Абдусамат Абдухамидович, бизлерде «жүрегимизди шошқа жарды» деген гәп бар. Сол айткандай, арзымас иске үш жыл отырдык. Жанағы айтканыныз еркек гәп пе, я бизди мәзи аркамыздан кағып, жубатып жиберип атырсыз ба? — Яқ, яшуллы, ондай емес. Ҳеш гәп болмайды, қайта берин! Түни менен уйкым келмеди. Ертенине Хусайннын да жумысы питип, Нөкиске кайттык. Өзбекстан Республикасы Жокарғы суды баслығынын ўазыйпасын алып барыўшы Палўанзада Абдусамат, коллегия ағзалары Насыров, прокурордын жәрдемшиси Қурбановлар катнасыўында 1991-жылы 13-май күни «Наманган областьлык судынын 9-июль 1990-жылғы С. Каниязовка белгиленген қарары ҳәм шығарған хүкими бийкар етилсин!» деген Союз прокуратурасынын протестин караған. Карар кабыл еткен: «Қаниязовтын исин алып барғанда Гдлян баскарған СССР прокуратурасынын топары исти жүдә копал рәўиште алып барған, көп ислери — жала, дөхмет. Каниязов судта олардын ҳәммесин айқын келтирип, әшкаралап, дурыс акланып шыккан. Наманган областьлык судынын Каниязовты аклаған хүкими өз күшинде қалдырылсын!» Көп узамай Жоқарғы судтың бул қарары «Пранда Востока» газетасында үлкен мақала болып басылып шықты. Қайтама «Қаниязов акланған ҳүким өз күшинде қалсын!» деген қарарға «Гдлян менен Ивановтын үстинен жынайы ис қозғалсын!» деген пункт киргизилген екен. Солай қуўанып жүргенимизде, қуўанышымызға және қуўаныш келип қосылды: Өзбекстан Республикасы өз алдына мустақыл мәмлекет болды! СССР дан да, СССР дын Жоқарғы судынан да, прокуратурасынан да қутылдым!!! 4 Ҳәр истиң өзине боларлық қыйыншылығы, машақаты бар. Пахта, салы, мәкке ҳәм тағы басқа мәдений егинлерди ғой бәҳәрде егесең, бәҳәриў-жазы тәрбиясын бересең, гүзде жыйып-терип, мәмлекетке тапсырасаң. Ал, боян тамыр жетистириўдин қыйыншылығы да, машақаты да пүткиллей басқаша екен. Қоңырат, Ақ Маңғыт, Кегейли районларынын мәмлекет тәрепинен белгиленип берилген жүдә көп гектар- гектар жерлеримиз бар екен. Сол районлардағы жерлеримиздиң бәрин көрип шықтық. Тазадан жер ашыў керек болған районнан жер аштық. Суўғардық. Егетуғын жерлерине ектик. Бурынғы Қызыл байракаы империя барса келмеске кеткеннен кейин бизлердиң исимиздеги бирден-бир қыйыншылық — сырт еллер менен ислесиў, сырт еллерге шығыў болды. Сыртқа шығыў ушын МВЭС* * тен лиңензия алыў керек. Сол ўақытқа дейин лиңензия алыў ушын ҳеш ким дереклеспеген. Буны өзим баслаўды жобаластырдым. МВЭС министриниң орынбасары Илор Маджитович Ғаниевке* бардым. — Жәрдем беремиз, — деди ол. Бирақ, министрликтиң бөлиминдеги хызметкерлер мойынтаўлық қылды. — Боян тамыр бурынғы сатылып жүрген баҳасынан төмен түспеўи керек. Соннан бир центте түспей сатасыз! — деди олар. •МВЭС — Сыртқы экономикалық байланыс министрлиги. *Ҳәзир ол МВЭС министри. — Сонда каншадан? — Бир тоннасы 850 доллар! — Сизлерде имканият күшлирек. Онда сырт ел фирмаларына сатайық? Соларға жәрдем берин? 800 доллардан- ақ сатайық? Келисим бермеди, лиңензияны да бермеди. Сол себепли еки жыллық өнимимиз сатылмай, топланып калды. Енди бизлер боян тамырды жыйнаўды тоқтаттық, тек егис пенен шуғылландық. Өйтпеўге де илажымыз жоқ сата алмай копара берген менен пайдасы болмады. Баяғы Лекраспромнын берген пулы да «халғоқ»ка келди. Сонлықтан, адамлары- мыздын бәрине дем алыс берип жибердик. «Ҳеш болмаса, мәкемемизди қорып отырған үш қараўылға төлеп отырайық» деп банктен бир миллион сўм пул карыз алдық. Ҳеш нәрсе сата алмадық. Тек анда-санда Уралск заводы экстракт таярлаў ушын боянымызды алып турды. Бир ярым жылдан кейин МВЭС бизге 800 доллардан сатыўға рухсат етти. Америка фирмасынан Назийбулла деген, Аўғанстаннан өзбек Мурат деген жигитлер келип, 1000 - 1500 тонна боян тамырын сатыўымызды өтиниш етти. Куўанышым ишиме сыймай баратырса да, әстен ғана «болады» дедим де саттым. Әстен-әстен исимиз жүрисе баслады. Кубла Кореядан, Япониядан келип ала баслады. Мәкемемиз аяқка турды. Лекин, МВЭС тәрептен аяктан шалыў күшейип кетти. Бир күнлери бул министрлик «Аўыл хожалығы өнимлеринен лиңензиялар алынсын, тек пахта менен боян тамырда ғана лиңензиялар қалдырылсын. Өйткени, олар үлкен әскерий- стратегиялық әхмийетке ийе ҳәм қорғаныў исинде пайдаланылатуғын өнимлерден есапланады. Сатылмасын!» деген карар шығарды. «Боян тамырдын қорғаныў исине қандай катнасы бар екен?» деп бизлер хайран қалып жүрдик. Ақыры шыдамай, министримиз Султамурат Кутлымуратов пенен Ташкентке уштық. Аэропорттан шыға сала министр Султановтын алдына кирдик. — Пахта менен боян тамырды калдырып, баска барлық аўыл хожалығы шийки зат өнимлеринен лиңензияны алып таслапсыз. Пахтаңыз дурыс: оның пайдаланылмайтуғын тараўы жок. Ал, пахта менен бирге боян тамырды да қалдырыпсыз?! Ҳаў, боянның қорғаныў исине қандай қатнасы бар?! Соны билейикаеп келдик, яшуллы! — дедим мен министрге. — Бояннын тамырында наркотик бар! — Тап усы гәпиңиздәлилленсе, жаңадан Америка ашқан боласыз! — Наркотик бар екени аныкаанған! Мен күйип кеттим: — Ҳаў, ол глюкоза ғой. Қанттан елиў мәрте мазалы. Онда қаяқтан наркотик болады?! — Оннан дәри ислене ме? — Аўа, исленеди! — Дәри исленсе, демек қурамында тирийек болады ғой! — О жағына қарасақ, унға тирийек қоссаңыз, наныныз да тирийек болып шығады. Сонлықтан, боян тамырынын тирийекке ҳеш кандай қатнасы жоқ! Министр мойнын бир шекесине таўлап күлди: — Қәтелик бизин хызметкер баллардан болған шығар. Якшы, ол исиңизди туўрылап беремиз! Көп узамай бул бойынша қарар шығып, МВЭС боян тамырына лиңензияны бийкар етти. Гедерги алынды, жол ашылды. Таярлаған өнимлеримизди 800 - 850 доллардан сата басладық. Техникалар, өзимизге керек үскенелерди келтирдик. Бригадаларымыздын курамын көбейтип, жумысқа көплеп адамлар алдық. Енди адамларымыздың турмысын жақсылап, отырыс- тур(ысымызды жөнлеп алыўды алдымызға нийет етип қойдық. Кеңсемиз алды шаңғытып атырған жер еди. «Бир-еки гектардай әтирапымызға қурылыс қылайық. Бизин мәке- мемизге сырт еллерден адамлар көбирек келеди. Олар менен уялмастай болып көрисетуғын болайық, отырған мәка- нымызды дүзейик» деп түскен ҳәрежетимизден устахана салдырттық. Бурынғы гөне кенсемизди бузып, орнына үш қабатлы етип жақсы имарат бинә еттик. Жолдың қарама-қарсы алдынан — дәрьяның ултанынан еки-үш гектар жер ашып, бағ отырғыздық. Капталынан складты тикледик. Бурыннан қалған гөне үлкен баржаның ишине пресс цехымызды қурып, сол жерде боян тамырларын пресслеп, сырт еллерге жиберетуғын қылдық. «Адамларымыз басқа жаққа жуўырмасын, жеңил-желпи наўқасларға шалынса, емленсин» деп медпункт аштық Кандай қонақ келсе де, назырқанбай дем алып, қоныўына болатуғын мийманхана курдық. Булар жәмәәтимиздиң хадал мийнетлери арқасында ерисилген табыслар еди. Жаңа дәўирдин талабы өз алдына келип, биз енди басқа қыйыншылықларға дус келе басладық. Бурынғы хәр бир республика енди — өз алдына бир мәмлекет. Өз басшысы, өз нызамы.өз пулы, өзлериниң тәртиби ҳәм шегарасы бар. Нәрселер қымбатлаған. «Заманның дүзиў ўактындағы» тәртиплердиң ҳәммеси өзгерип кеткен. Бурынлары Россияда базамыз бар еди. Соннан Находка портына дейин бир ва- гонды 8000 рубль менен апаратуғын болса, енди оның бахасы бес-алты есеге қымбатлады. Ол да аздай: төлем хакысы доллар менен есапласылатуғын болды! Жол ҳакы көбейген сайын, өнимимиздиң бахасы төмен түсе баслады. Биз Министрлер Кабинетине шықтық. Өзлеримиздин аўхалларымызды, өтинишлеримизди айттык: — Бизиң өнимлеримиз 800 - 850 доллардан болып, ҳәттеки өзине түсер бахасын да каплай алмай атыр. Соның ушын, кайта көрип шығып, баханы 700 - 750 долларға түсирип бериң Өтинишимиз орынланбады. Буныңменен турмай, МВЭС тын хызметкерлери «Пранда Востока» газетасында сынға алып шыкты Буған да шыдадык. Бир-еки жыл даўамында МВЭС «800 - 850 ден түспейсиз!» деп өнимлеримизди саттырмай койды. Жағдайды айтып, зар каксадык: — Бурын жол кәрежети менен тоннасы 800 доллар тура- туғын боян хәзир 1200 - 1300 долларға шығып кетти! ... Буны тыңлар кулақ болмады. Қалайда болса, илажын табыў керек ... Қытайдың Үримчи қаласында боян тамыры қосындысынан ҳәр қыйлы өнимлер ислеп шығарыўшы завод бар екен. Соны көрип қайтыў ушын, МВЭС тан тапсырма алып, бир-еки жигит пенен бардық. Үримчиде боян тамырлары көп екен. Бирақ, бизиң боянның ҳасылдарлығы олардыкине қарағанда күшли. Себеби, бизлер еккеннен кейин, боян тамырын алты жылдан кейин қопарамыз, ал олар еки-үш жылға қаратпайды. Сонлықтан, олардың боян тамырлары жип-жиңишке, алынатуғын өними де аз. Қарекендики сапсары; экстракт алыў ҳәм глиңеризовкаланған кислота алыўда баҳасы жоқ тамыр екенин қытайлықлар мойынлады. Олар бизлерден боян тамырларын сатып ала баслады ... 5 Дүнья жүзи бойынша боян тамырдың сапа жағынан «Алтын платина» жулдызын бизлер алыўға миясар болдық. Оны алыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Қоңыратбай Дошымбаев пенен екеўимиз Испанияға жөнеп кеттик. Мадрид жүдә әжайып қала екен! Барған күнниң ертеңине мәжилис басланып, Сапа Белгиси — «Алтын платина» жулдызы 120 дан аслам бизлер сыяқлы фирмаларға тапсырылды. Мен еки шапан (биреўи қарақалпақ, биреўи өзбек шапанынан) алып барып едим. «Егер Өзбекстанан тек өзлеримиз болсақ, онда қаракалпақ шапанын беремиз. Ал басқа фирмалар да болса, онда ҳәммемиздин атымыздан өзбек шапанын беремиз» деп ойлағанман. Өзбекстаннан бес фирма бар екен. Қоңыратбайға: — Биз қарақалпақпыз деп бөлинбей-ақ қояйық. Уятты. Мәмлекетимиз Өзбекстан ғой! Соның ушын өзбек шапанын жабайық. Ҳәзир мен сөзге шығаман, сен таярлап отыр, — дедим. Мениң сөзим Қоңыратбайға макул түсти. Компанияның президенти «жулдызларды» өз ийелерине тапсырып болғаннан кейин: — Кимде каңдай пикир, тилек, гәп болса, мәрхамат! — деди. — Рухсат етин? — дедим мен. — Мәрҳамат, рухсат! Мен ортаға шықтым: — Бизин мәмлекетимиз Өзбекстан, өз алдына мәмлекет болып, аз ўақыттың ишинде дүньяға танылды. Мине, бүгин дүньянын көп мәмлекетлеринен 120 фирма Сапа Белгиси — «Алтын платина» жулдызын алған болса, Өзбекстанның бир өзинен бес фирма келип, бес «Алтын платина» жулдызын алыўға миясар болды. Соның ушын мен, Өзбекстан мәмле- кетиниң фирмалары атынан, халқымыздың үрп-әдети бойынша сизге шапан жабыўға рухсат етин! Қоңыратбай нағысы алтын сабаклар менен ойып тигил- ген Бухара шапанын жарқыратып алып шығып еди, зал толған адам «ҳуў» деп шуўласып, қол шаппатлап қоя берди. Мен компания президентине шапанды жаўып, басына такыясын кийгизип' белине белбеўин буўып, кушақлап, қолынан қысып қутлықладым. Бес өзбекстанлық фирманын ўәкиллери де қуўанып сала берди. Кол шаппатлаўларға алақанларын аямады. «Президентке беремиз» деп колларына ойыншықка уқсаған кишигирим сувенирлерди услап тур еди, жарқыраған миллий шапанынын нурынан олар нийетлеринен кайтып, алған жерлерине тығып қойысты. Кеўли толған компания президенти жуўап сөзге шықты: — Мен, сизлердиң атынызда, өзбекстанлык «Алтын платина» жулдызы женимпазларына бизге билдирген хүрмети ушын шын кеўлимнен рахмет айтаман ҳәм олардын алдағы жумысларында табыслар тилеймен! Кеште сизлерге арналған зыяпатымыз бар. Соған ҳәмменизди ресторанға мирәт етемен. Бәриңиздиң қалмай келиўинизди өтинемен. Рахмет! Кеште ресторанға, зыяпатка бардық. Ҳәммемизди өзбекстанлыкларға арнап жайылған столға апарды. Он бес адамдай болып жайласып отырдық. «Өзбекстан» деп жазылған табличка, Өзбекстанның байрағы қойылған арнаўлы стол — ол да адамға мәртебедей туйылады екен ... Соң бизлер Голландияның Амстердам қаласына уштық. Ол елде аўыл хожалығының көпшилик тараўлары жүдә жақсы жолға қойылған екен. Өним алыў да, оның сапасы да жүдә жақсы. Амстердам қаласын аралап, көп жерлерин көрдик. Бир көше менен кетип баратырсақ, адамлар шоқ-шоқ болып, бир нәрсе шегип отыр екен. Үстилери жүдә қорениш, іүрлери адам қарағысыз — әбеший! Кеўиллери бирақ жүдә хош. Биреўлери мүлгип отыр. Гейпаралары ғылжыйып атыр. Мен жанымдағы Қоңыратбайды түрткишледим: — Бул не өзи? Ол ийнин қысты: — Қәйдем! ... Дилмаштан сорадық. Ол түсиник берди: — Голландияда нәше шегиўге рухсат етиледи. Рухсат етилгенде де, гез келген жерде емес — қаланың белгили бир көшесинде. Көшениң де — тек арнаўлы бир жеринде! Шығыс Кореяда болдық. Олар менен қатнасығымыз жолға қойылды. Еки-үш фирмасы бизлерден боян тамырын сатып ала баслады. Германия ҳәм Қытай мәмлекетлери менен саўда-сатлық ислеримиз басланып кетти. Америка өнимлеримизди сатып ала баслады. Бурын бул истиң басына келген ўақтымызда жылына 500-600 тонна өним жетистирген болсақ, енди 2500-3000 тоннаға жетистик. Адамларымыз өним жетистириў усылларын хәр тәреплеме жақсы меңгерди. Сапасы да жүдә жақсы болды. Усындай жетискенликлеримизди көре алмаўшылар да көбейди. — Ал-ха, «Карақалпақбоян» пайдаға мыйлығынан батып атыр! — Боян яммана пайдалы екен! — Солардан қаламыз ба?! — Қаниязовтан кембиз бе? Бул тараўды аңсатдеп пәмлеп, районлардан боян-мәкемелер ашыўшылар селдир жаўыннан кейинги замаррықлардай қылтыйысып ҳәр-ҳәр жерден көрине баслады. Олардың қолтықларына суў бүркиўшилер де табылды: — Өзим бар да ҳеш нәрседен қорықпа! Пулға мыйлығымыздан батамыз еле! —«Қарақалпақбоян»нан да артық қыламыз. Демде-ақ қотқа кетесизлер! — Ссуда керек пе? Ол арқайын ғой: алдыртып беремен! —«Совмин ҳәм басқа жерлерден тийисли ҳүжжетлер керек» дейсең бе?! Оған басың аўырмасын! Ағаң бар да, арқаң тамда. — «ДАИ постларынан, бажыханадан қалай өтемен» деп ғам жеме. Ол жағын бизлерге қойып бер! Бүйтип геўкеўлегенлер, көтермелегенлер — өзимиздин республикадағы белгили жигитлер еди. ' Боян тамыры өндириси дәслеп Бозатаў районынан, соңынан Қоңыраттан, Кегейлиден, Тахтакөпир районларынан ашылды. Ҳәттеки оларға бригадирлер, басшылар белгиленди. Мәмлекеттен ссуда алып бергенлер де болды. Ақмаңғыт районынан бир кореец жигити (ата-бабаңның кәсиби, салыгершилик пенен шуғыллансаң нетти, боянды не қылайын деп един!) усындай мәкеме ашып, ол Бозатаў районына да басшылық етти. Бир күнлери маған еки банктин хызметкерлери келди: — Сол кәрис бизлерден 120 миллион сўм ссуда алып еди, төлемей қашып кетти. Кәристен қалған үскенелер бар, боян тамырлары бар. Соларды алып, бизлерге жәрдем етиң! Қарасам, олар алданып қалған баланын жылағанындай болып тур. Жубаттық оларды: — «Қолдан келген жәрдемимизди берермиз», — деп жибердик. Боян-мәкемелер өниминин тоннасын 350-500 доллардан емес, ҳәтте 100-120 мың сўмға да сата баслады. Ақыбети не болды? Боян-мәкемелер, тап таң алдындағы үркер жулдызлардай болып, биринен сон бири жоқ бола баслады. «Қарақалпақбоян»ның оларда жумысы болмады. МВЭС белгилеген баҳада, нызамлы рәўиште, өнимлерди өткерип, бир қәлипте алға жылжый берди ... 6 «Жетимнен жетилди»дегендей, тек сүйеги қалған мәкемени бундай дәрежеге жеткериў де аңсат болған жоқ. Мәкемемиздиң мәкан жайы — Әмиўдәрьянын жағасы, РесПО аймағында урлық, ишиўшилик көп болды. Бундай нәкас әдетлерден бизиң «Боянтамыр» адамлары да қуры алақан емес еди. «Адамлар пайдалансын, мәпленсин» деген нийет пенен өз хызметкерлеримизге ҳәм басқа да қарыйдарларымызға сатпақшы болып сырт еллерден әкелип қойған телевизор, холодильник ҳәм баска да мүлклер бар еди — олар урланды. Урлағанда да қалай урланды десеш?! Тап сол мүлклердин дәл үстинен, складтын шиферын қопарып, пәтикти тесип алыпты! Бул неп-бәле! Урылар «көзи ашық» болып кеткен бе? Жоқ, ондай емес, олардың иштен «жеңгеси» бар! Россиядан 3 тонна электрод әкелип қойып едик. Сонын еки тоннасы ... Техникаларымызға деп «Тормозная жидкость», аўысық бөлеклер сатып алған едик, қойғанымыз қойғандай ... «Жеңгелер» паш болды. Олардың биразы ақ сақаллы қараўылларымыз екен. Ол терис қайтканларды жумыстан шығарып, орнына жас ҳәм жақсы жигитлерди алдық. Мәкемемиздин хызметкерлери менен жумысшыларынын турмысын жақсылаўға ҳәрекет еттик. Бийдай, салы ектик. Каразлар курдырып, бийдайды — ун, салыны гүриш қылып, базардан жары бахасына арзанға өзимиздин жәмәөтимизге бердик. Мал асырап, пал ҳәрресин бақтық. Ҳәрреден өндирген палларымызды да сол тақылетте хызмет- керлеримизге үлестирдик. Малларымызды хайт-мерекелерде, сәнели күнлерде, байрамларда денгене қылып, базардын ярым нырқында өзли-өзимиз сатып алдық. Жана дәўирдин усындай талаплары менен биз көп нәрселерден уттық. «Қарақалпақбоян»дағы үш жүздей адам ай сайын туракаы түрде мийнет хакыларын алатуғын болды. Турмысы жаксылана баслады. Ен баслысы, жәмәәтимизде аўыз биршилик, бир-биреўге иззет-ҳүрмет орнады. Қылаплық қылмаў, биреўдиң кесе жаткан шөбин биреў атламаў сыяклы адамгершилик пазыйлетлер тамыр жайды. Бәрше жәмәәтимиз мәкемемиздиң абыройы ушын бир жағадан бас, бир жеңнен қол шығарып, табыслы мийнет етиўге үйренди. «Қарақалпакбоян»да жанымды жаббарға берип жуўырып- жортсам да, исти ҳәм адамларымды ойлап күйип-жансам да әттең, бәри-бир мен бурынғы «кимсең — Каниязов!» болып кете алмадым. Султамурат #Қаниязов АЛТЫН ЖАҒЫС. (Мемуар).
АЙТЫС хәм ҚАРАҚАЛПАҚША ТҮСИНДИРМЕ СӨЗЛИКЛЕР
Султамурат Қаниязов
АЛТЫН ЖАҒЫС. (Мемуар).
Он тоғызыншы бөлим
«ҚАРАҚАЛПАҚБОЯН»
1
Отырып ойланаман: «Мени партиядан шығарған. Бирде болмаса, бирде әўладларымнын бетине бул дақ болар. Соның ушын да қайтадан тиклениўдин илажын етейин».
Судтың хүкимин алып, Қарақалпақстан Республикасы областьлық партия комитетиниң биринши секретары Сағындық Нийетуллаевтың қабыллаўына бардым. Ол иркпей қабыллады. Куўанышлы қутлықлады. Қолына судтын * хүкимин бердим. Танысып, көрип шықты. Дедим:
— Мени Пленумда партиядан өширген екен. Қайттан тикленип, ақланыўдын нийетинде келип едим.
— Болады, яшуллы. Парткомиссиянын атына арза жазын. Қайтадан партия қатарына тикленесиз!
— Яқшы, рахмет!
Мен парткомиссиянын атына арза жазып берип кеттим. Бираз күн өткен сон ол парткомиссияда каралды. Нәтийже не болар екен?
Күнлер изинен айлар өтип атыр.
Тым-тырыс.
Бир жыл өтти.
Обком бетте еле қәбирстаннын тынышлығы. Хеш ким жуўап берген жоқ
«Шериниз шықсын-ә, енеғардын баллары!!!»
Қолды бир силтедим.
Гидромелиорация ПМК сынын баслығы Олег Степанович Цхай деген кореец менин жорам еди — соған барып, орынбасар болып өтип алдым. Балам Алийшерди де сол жерге жумысқа алдырттым. Себсби, бийкаршы болып жүргим келмеди, обкомның кабинетлерине қол жайып барыўды кәлемедим. Пәкизе ғана көшпели колоннада ислеп жүре бердим.
Дәўлетбай Шәмшетов аўыл хожалығы бойынша обкомның секретары еди. Ол мени шақыртып алды.
— Султан аға, сизиң ПМК да жүргениңиз бизлерге қатты батады. Бурын аўыл хожалығында ислеп, жақсы хызмет еттиңиз. Қәлеген совхозыңызды алын, берейик!
— Яқ, иним!
— Онда өзиниздин бурынғы ислеген хожалығыныз — «Халқабад» совхозын берейин. Барыңыз, аға?
— Яқ, иним, ҳеш жағына да бармайман. Мени қозғаман, берекет табын.
Қайылшылык бермей, кетип қалдым.
Енди сол Дәўлетбай Шәмшетов обкомнын биринши секретары болды.
1991-жылдың басларында бизди және шақыртты.
«Не дер екен бала?»
Ойланыўым менен оның хүзирине бардым. Еглемей қабыл етти. Жоқары лаўазымы менен кутлыкаадым. Ислеринде табыслар тиледим.
Шәмшетовтың кеўли жүдә хош.
— Жумыслар қалай, Султан аға?
— Жумыслар жүдә жақсы, иним. Кәристин орынбасарлығын ҳарлатып атырман!
Екеўимиз ҳәз етип күлистик. Сонынан ол иске көшти:
— Сиз бизге жүдә керексиз, аға!
Дедидағы маған тигилип, қарап отырды. Мен нәзеримди бир қыя алып:
— Қәйдем билейин, иним! — дедим де қойдым.
Ол сөзин даўам етти:
— Султан аға! Жақында «Боянтамыр» деген мәкемени Түркменсганнан айырып алайық» деп, аўыл хожалығы бойынша секретарымыз Сейтназар Ережеповты Москваға жиберип алып едим, ояқтағы министрлик «ҳәр жерден бирлеспе ашып жүре алмаймыз!» деп келисим бермепти.
Бирден Шәмшетов әўелги гөне патлақты баслады:
— Енди қоягойса сол ПМК дегенди, Султан аға! Қәлеген районыңызға барып ислең. «Ақсақал боламан» десениз, исполкомлыққа барыныз. Министрликке барасыз ба? Жибе- рейин. Я бир совхоз берейик? Қәлеген жериңизге барың, аға!
«Ел баскарып отырған адам! Онын нәзери енди қайтса болмайды. Нартәўекел, көрейин».
— Жаңағы кағазыңызды берип турың, көрип берейин, — дедим қолымды созып.
Шәмшетов сөйлеп отырып «Боянтамыр» темасынан әдеўир алыслап кеткен екен. Сораўымды дәрхал укпай калды:
— Не қағаз?
— Жаңағы «Боянтамыр» дерекли Москваға жазған қағазыңыз! ...
— Ҳе ... яқшы, мине!
Дәўлетбай Шәмшетовтың берген қағазын алып, көз жуўырттым. «Косенкоға» деп жазылғанын оқыдым да, қуўанып кеттим. Мен Николай Косенконы жүдә жақсы таныйтуғын едим.
Еле «қой ноғайда, сипсе тоғайда». «Косенко келисе ме, келиспей ме, неғайбыл» деп ойладым да, таныйтуғыным хаққында тис жармадым. Кағазды оған кайтардым да:
— Усыны маған қайтадан жаздырып бериниз! — дедим.
— Оны не қыласыз?
— Өзимнин де Москваға баратуғын жумысларым бар еди. Апарып көрейик, немиз кетипти!
— Мейли, өзиңиз билиң! — деди Шәмшетов немқурайды. Кайтадан жазып әкелинген кағазға ол қол қойды да, маған берди.
Ертеңине азанғы саат 9.00 де «Красные вороты» метросынын жанындағы Лекраспромнын кенсесине бардым. Кабыллаўханасындағы хаткер қыздан:
— Николай Косенкоға кирип шыксам мүмкин бе? — деп сорадым.
— Ҳәзир мүмкин емес, жыйланыс болып атыр!
Мен сол жерде отырып, бир бет кағазға: «Коля, мен келип едим, күтип отырман. Қабыл етсениз күтейин. Егерде жыйналысыңыз көпке созылса, бир ўақытты айтың, соған
келейин. Қаниязов» деп қол қойып, «апарып бериң» деп қыздан өтиниш еттим. Ол да талдай қайысып, зорға апарып келди. Арадан еки-үш минуг өткен жоқ, Косенко кабинетинен зоңқ етип шықты да, келе мени кушаклап, «ишке кир» деди де мени баслап кетти. Бәри толып отырған адамлар — өзинин хызметкерлери екен.
— Мениң достым. Қарақалпақстаннан келген! Қалған жағын өзлерин сөйлесе беринлер, — деп орынбасарына тапсырды да, мени арғы бөлмесине алып барды.
Екеўимиз қайтадан қушакласып көристик. Ақланғаным менен қутлықлап, аманлық-есенлик сорасқаннан кейин:
— Қәне, үйге кетемиз! — деди.
— Яқ, достым, мен бир мәселе менен келдим!
— Не мәселе? Меннен питетуғын ба?
— Сизден питетуғын болыўы керек. Егер соны шешип берсеңиз, кешке дейин сизин менен қыдырып, сон аўылға қайтыўым керек. Шешпесеңиз де қайтаман!
— Қандай мәселе?
Мен "оған обкомның атынан жазылған қағазды бердим. Оны оқып турып күлди:
— Бул мәселе бойынша обкомыңыздың аўыл хожалығы бойынша секретары келип еди. Министримиз оған онша қарсы емес едидағы, буған қарсылық қылған мен едим! Якшы, сен бизиң орынбасар менен шай-пай ишип отыра тур, мен ҳәзир барып, шешип келемен!
Мени орынбасары менен таныстырып, өзи шықты да кетти.
Арадан бир саат өтти ме, жоқ па, Косенко кирип келди: — Мине, достым! — деп алдыма бир бет қағазды қойды. Мен оқыўға киристим:
Түркменстан Республикасынан бөлинип алынып, Қарақалпақстан автоном республикасынан да Қарақалпақстан бирлеспеси шөлкемлестирилсин. Бас директоры Султамурат Қаниязов белгиленсин!
Бул — Минмедпром министринин қолы қойылған буйрық еди. Мен қуўанғанымнан орнымнан өрре турып:
— Рахмет, достым! — деп, Николай Васильевич Косенкоға кайта-қайта миннетдаршылығымды билдирдим.
— Аман акланып шыкканыныз ушын бул сизге менин саўғам!
Ол юристин, бухгалтерин шақыртып алды:
— Қәне, енди айтың, Султан, сизге канша айлықберейик? Мен де буйрық бериўим керек акыры!
— Айлық? Кәйдем ...
Екиленип, ийнимди қыстым. Косенко Кудайдың көп пулын айтты.
— Ҳаў, ондай айлыкты бизлердиң обком секретарьлары да алмайды, ЦК нын секретарьларын ғой билмедим! — дедим танланып.
Косенконың юристи күлди:
— Бул партияның пулы емес, бизин пулымыз. «Беремен» дегеннен кейин ала бериң-дә!
Бәримиз күлистик.
— Яқшы, 500 сом жаза қойың, Николай Васильевич. Сол болады. Маған көп пулдың кереги жоқ.
Ҳәммеси хайран қалып турды. Косенко найлаж:
— Мейли 500 сом болса, 500 сом! Соны «Бас директордың бир айлық ис хақысы» деп жаза қойың! — деди бухгалтерине.
Бизин айлық ис хакымыз солай келисилди. Шәртнама дүзистик. Бизге керек хүжжетлердиң бәрин тайынлап, есапшысы әкелип берди.
— Ал, бизден кандай баска өтинишлерин бар? — деди Костенко.
. — Мен ҳәзир мәкеменин қандай аўхалда екенин бил- меймен. Тек аяққа турып кеткенше маған еки-үш миллион сом пул бериң, техникадан жәрдем етин.
— Болады, оларды сизге сирә берип турмыз ғо.
Орынбасары, бас бухгалтери хаткери турған таманға Катал буйырды:
— Қәне жазың! ...
Үлкен-үлкен төрт-бес техникаларды атады, миллионларды айтып атыр ...
— ... Токиоға буйыртпа қылың. Бир «Ландкруизер», «Тойота»ны Султан бир айдын ишинде алатуғын болсын!
Маған қарады; даўысы жылып сала берди:
— Султан Қурбаниязович, жақында өзим бараман. Сонда Түркменстаннан да усы қурақым етип (қаншелли екенин анық билдиргиси келип, тап гармонь тартқандай қолларын еки жаққа барынша созып жиберди) пайынды алып беремен. Соның менен аяғыңа турып кетерсен. Ҳәр жылы техникадан, пулдан жәрдем етип тураман. Қазақстан-Уральский таманнан да жәрдем бергиземен!
Соңынан барлық ҳүжжетлерди, Токиодан алатуғын «Тойота»ның ҳүжжетин де қосып қолыма берди.
— Бизден алатуғын техника-тракторларыңның бәрин өзлеримиз поезлда жөнетемиз. Пул ертең сизиң счетыңа түседи! Болды ма?
— Болады, рахмет достым. Әкем болғанда да бүйтпес*
— Жүр, онда кеттик!
— Қаяқка?
— Үйге-дә!
Косенконың үйине бардық. Жақсылап күтти. Бизин елимизге барып, сый-ҳүрметимизди көрип жүрген жигит ғой ...
Кеште олар мени аэропорттан ушырып жиберди.
Түнлетип үйге де жеттим. Таң ата қойғай тезирек!
Азанда, қолымда Косенконың кешеги берген ҳүжжетлери, Дәўлетбай Шәмшетовтың алдына бардым.
— Ҳаў, Султан аға, еле кетпедиңиз бе,
— Яқ, барып кайттым!
Ҳайран қалды. Қаслары жыбыр ете қалды! Оның алдына барлық ҳүжжетлерди қойдым. Қарақлы нәзери менен көз жуўыртты, мән-жайды дәрриў ылғады. Өзине бир ис унаса шақылдап күлетуғын әдети бар еди. Ҳүжжетлерди көрип болып, Шәмшетов сол күлкисин иске қосты:
— Ўа-ҳа-ҳей, Султан аға! Бизин Сейтназар сонша дастаны жатса да, питкере алмаған исин, сиз бир күнде питкерип келипсиз. «Асты қардарына, исти сәрдарына бер» деген усы екендағы! Талабыңыздың оралғанының алды болғай, табыслар тилеймиз аға! — деп, менин қолымды қайта-қайта
* Николай Косенкоға жүдә ырза болдым. Сол сапарғы маған қылған жаксылығы ҳеш ўақьттта да ядымнан шыққан емес. Рахмет оған!
қысып, бир оқ пенен еки қоянды атып түсирген аңшыдай, төбеси көкке жетип куўанды. Неге куўанбасын: ҳәм ис питти, ҳәм мен иске орналастым!
— «Танымасын сыйламас» деген: Косенко менен азымаз жорашылығымыз бар еди. Ҳәммесин сол питкерип берди. Мынаў — берген техникалары, мынаў —берген автома- шинасы, «Тойота»сы. «Түркменстаннан да пайынды алып беремен» деди, ал мынаў — берген пуллары!
— Рахмет, Султан аға! Турдым ғайратынызға! Және бир мәрте табыслар тилеймен!
2
Сейтназар Ержанов жәмәәт пенен таныстырып, бизди «Қарақалпақбоянға» апарып отырғызды.
Қай жерге келип қалдым?
Мәкемениң жан-жағын сол күни-ақ аралай басладым. Кеңсе. Ол үш бөлмеден ибарат екен. Директор, бухгалтер ҳәм экономисти бар. Бурынғыдай (Қараөзектегидей, Тахта- көпирдегидей) масштаб емес, әлбетте. Не илаж, бары менен базармыз-дә!
Мени «отырғызған» күни бурынғы директор Г. Н. Мениахмедов келмеди.
«Оның сонша жылғы ислеген мийнети бар, далаға таслағандай етпейин, орынбасарлық штат ашып, орналастырайын».
Лаппа столыма отырдым да, «директордың орынбасары» деп,Мениахмедовқа буйрық бергиздим.
«Ҳеш гәп болмас: қайта оннан ис тәжирийбелерин үйре- нейин».
Ертеңине оны шақырттым. Жүдә қәўетерленип келди.
— Геннадий Захарович, дуз несип шығар: кеше обком секретары бизди әкеп отырғызды. Сизди ҳәмме жойттық.
— Табыслар тилеймен, Султан Қурбаниязович! Кеше мазам болмай жатып қалып едим. Шақыртпағаныңызда да өзим келейин деп атыр едим!
— Зыяны жоқ, сонда да бирге ислесе беремиз!
Қулағы елен ете қалды:
— Сонда мен не хызметте ислеймен?
— Менин биринши орынбасарым боласыз. Буйрықты кашшан шығарып қойыппыз!
Мениахмедов қуўанып кетти:
— Сизди адамлардан «мәрт адам» деп еситетуғын едим. Ырас екен ғой. Мен сизин менен ислесиўге тайынман, Султан Қурбаниязович!
— Геннадий Захарович, мен Карақалпақстандағы мәдений егинлердиң бәринен хабарым бар. Олардын егиси, тәрбиясы, жыйын-терими — бәрин билемен. Ал, мына бояннан түк сызбайман. Бир иниңиз болып изинизге ерейин, сиз яшүлкен болып, маған солардың бәрин үйретин! Ке- листик пе усыған?
— Келискенде қандай! Жаным менен үйретемен!
3
Май айларынын иши еди. Кеште үйге Қаракалпақстан Республикасы Жоқарғы судынын орынбасары Максим Алламуратов келди.
— Султан аға, Ташкенттен адамлар келип еди. Солар мына қағазды сизге берип жиберди, — деп бир жапырак кағазды услатты.
— Бул не?
Алып оқысам, Наманган областьлыксудынын 1990-жыл 9-июль күнги бизди ақлаў хүкимине Союз прокуратурасынын протести екен.
— Ким берип жиберди буны?
— Бизлерден киятырғанлардан берип жиберген. Олар кетип калды!
Тас төбемнен музлы суў куйылғандай болды!!!
— Болады. Бундайлардын талайынан шыкканбыз, косшым. Буннанда шығысармыз, Куда кәлесе. Нан же! — дедим пәрўайым пәнсери, сыр бергим келмей.
Көп нәрселерди жобаластырың, жумыстын изине кунтыйып түсип жүр едим — бирден салпаўсып калдым! Бирак, адам бендеге сездиргим келмейди, хәттеки үйдеги балашағама да сыр шашпадым.
Ертенине Әмиўдәрья районының прокуроры (бурын Шоманай районның прокуроры болып ислеген) Хусайн бир-еки жигит пенен үйге қыдырып келди.
Қонаклар күтилип атыр. Не деген менен заң хызметкерлери сыншыл ғой, Хусайн:
— Султан аға, бу не, қапа көринесиз? — деп сорады.
— Қәйдем иним, баяғы түрмениң жуғы шығар? — деп күлдим де қойдым.
— Әй, яғаў!...
Ол казбарлап сорап қоймады. Мен ушлығын айттым да, протестти қолына бердим. Ол оқып болып:
— Буның зыяны жоқ, Султан аға, ондай қапа бола бер- мей-ақ қойың. Мениң де Ташкентте барып қайтатуғын жумысым бар. Сояқта бир адамға хабарласамыз. не дер екен?
— Яқшы, болады, иним! — Жүрегим өз-өзинен дүрсилдеп кетти.
10-май күни Ташкентке ушып кеттик. Кешки алтыларда Хусайн менен бирге Жоқарғы судқа бардық. Жоқарғы судья жоқ екен. Биринши орынбасары Палўанзада Абдусамат Абдухамидовичтиң қабыллаўына бардық. Иште адамлар бар екен. Олар шыққаннан кейин бизлерди қабыл етти. Хусайн мени орынбасарға:
— Бул, Султамурат Қаниязов деген яшуллымыз! — деп мен ҳаққында Палўанзадаға қысқаша айтып берди.
— Оҳ-ҳо, сиз сол Қаниязовпысыз! — деп қайтадан мениң қолымнан алды: — Мен сизиң 31 томлық делоңыз бенен танысып шықтым. «Өзбек иси» бойынша дөҳмет шеккенлердиң ишиндеги өзин-өзи ақлап шыққан, ең мәртлериниң бирисиз! Аман-есен бала-шағаңызға косылғаныңыз бенен қутлықлайман, яшуллы!
— Рахмет, иним.
— Ал, бизге қандай хызмет?
— Шақыртқан екенсиз, соған келдик!
— О қандай шақырық? Яқ, биз сизди шақыртқанымыз жоқ!
— Союз прокуратура протест жазған. Сол бойынша кайта қараўға шақыртқан екенсиз!
— Яқ, шақыртканымыз жоқ! Биз ҳәммемиз сизин исиниз бенен танысып шыктық. Наманган областьлык судынын хүкимин туўры деп есаплаймыз. Сонын ушын ол мәселе бойынша сизин катнасыўыныз шәрт емес!
— Мине, сизин қолыныз койылған! — Мен шакырыў кағазын онын алдына ысырдым.
Палўанзада көрип болып:
— Аўа, менин колым. Бул сизге калай барған?!
— Билмедим. «Берип жиберди» деп үйге апарып берди.
Палўанзада Абдусамат Абдухамидович бир түрли болып кетти. Ойланып отырды:
— Яқ, сизин қатнасыўыүыздын кереги жоқ. Өзимиз қарап, Союз прокуратураға жуўабын беремиз. Ҳеш ғам шекпең, яшуллы. Ҳеш нәрсе болмайды!
Ол бизлер менен лифтке дейин барды. Капысы ашылды — лифтке мингеннен кейин мен оған:
— Абдусамат Абдухамидович, бизлерде «жүрегимизди шошқа жарды» деген гәп бар. Сол айткандай, арзымас иске үш жыл отырдык. Жанағы айтканыныз еркек гәп пе, я бизди мәзи аркамыздан кағып, жубатып жиберип атырсыз ба?
— Яқ, яшуллы, ондай емес. Ҳеш гәп болмайды, қайта берин!
Түни менен уйкым келмеди. Ертенине Хусайннын да жумысы питип, Нөкиске кайттык.
Өзбекстан Республикасы Жокарғы суды баслығынын ўазыйпасын алып барыўшы Палўанзада Абдусамат, коллегия ағзалары Насыров, прокурордын жәрдемшиси Қурбановлар катнасыўында 1991-жылы 13-май күни «Наманган областьлык судынын
9-июль 1990-жылғы С. Каниязовка белгиленген қарары ҳәм шығарған хүкими бийкар етилсин!» деген Союз прокуратурасынын протестин караған. Карар кабыл еткен: «Қаниязовтын исин алып барғанда Гдлян баскарған СССР прокуратурасынын топары исти жүдә копал рәўиште алып барған, көп ислери — жала, дөхмет. Каниязов судта олардын ҳәммесин айқын келтирип, әшкаралап, дурыс акланып шыккан. Наманган областьлык судынын Каниязовты аклаған хүкими өз күшинде қалдырылсын!»
Көп узамай Жоқарғы судтың бул қарары «Пранда Востока» газетасында үлкен мақала болып басылып шықты. Қайтама «Қаниязов акланған ҳүким өз күшинде қалсын!» деген қарарға «Гдлян менен Ивановтын үстинен жынайы ис қозғалсын!» деген пункт киргизилген екен.
Солай қуўанып жүргенимизде, қуўанышымызға және қуўаныш келип қосылды: Өзбекстан Республикасы өз алдына мустақыл мәмлекет болды!
СССР дан да, СССР дын Жоқарғы судынан да, прокуратурасынан да қутылдым!!!
4
Ҳәр истиң өзине боларлық қыйыншылығы, машақаты бар. Пахта, салы, мәкке ҳәм тағы басқа мәдений егинлерди ғой бәҳәрде егесең, бәҳәриў-жазы тәрбиясын бересең, гүзде жыйып-терип, мәмлекетке тапсырасаң. Ал, боян тамыр жетистириўдин қыйыншылығы да, машақаты да пүткиллей басқаша екен. Қоңырат, Ақ Маңғыт, Кегейли районларынын мәмлекет тәрепинен белгиленип берилген жүдә көп гектар- гектар жерлеримиз бар екен. Сол районлардағы жерлеримиздиң бәрин көрип шықтық. Тазадан жер ашыў керек болған районнан жер аштық. Суўғардық. Егетуғын жерлерине ектик. Бурынғы Қызыл байракаы империя барса келмеске кеткеннен кейин бизлердиң исимиздеги бирден-бир қыйыншылық — сырт еллер менен ислесиў, сырт еллерге шығыў болды. Сыртқа шығыў ушын МВЭС* * тен лиңензия алыў керек. Сол ўақытқа дейин лиңензия алыў ушын ҳеш ким дереклеспеген. Буны өзим баслаўды жобаластырдым.
МВЭС министриниң орынбасары Илор Маджитович Ғаниевке* бардым.
— Жәрдем беремиз, — деди ол.
Бирақ, министрликтиң бөлиминдеги хызметкерлер мойынтаўлық қылды.
— Боян тамыр бурынғы сатылып жүрген баҳасынан төмен түспеўи керек. Соннан бир центте түспей сатасыз! — деди олар.
•МВЭС — Сыртқы экономикалық байланыс министрлиги.
*Ҳәзир ол МВЭС министри.
— Сонда каншадан?
— Бир тоннасы 850 доллар!
— Сизлерде имканият күшлирек. Онда сырт ел фирмаларына сатайық? Соларға жәрдем берин? 800 доллардан- ақ сатайық?
Келисим бермеди, лиңензияны да бермеди. Сол себепли еки жыллық өнимимиз сатылмай, топланып калды. Енди бизлер боян тамырды жыйнаўды тоқтаттық, тек егис пенен шуғылландық. Өйтпеўге де илажымыз жоқ сата алмай копара берген менен пайдасы болмады. Баяғы Лекраспромнын берген пулы да «халғоқ»ка келди. Сонлықтан, адамлары- мыздын бәрине дем алыс берип жибердик. «Ҳеш болмаса, мәкемемизди қорып отырған үш қараўылға төлеп отырайық» деп банктен бир миллион сўм пул карыз алдық.
Ҳеш нәрсе сата алмадық. Тек анда-санда Уралск заводы экстракт таярлаў ушын боянымызды алып турды.
Бир ярым жылдан кейин МВЭС бизге 800 доллардан сатыўға рухсат етти.
Америка фирмасынан Назийбулла деген, Аўғанстаннан өзбек Мурат деген жигитлер келип, 1000 - 1500 тонна боян тамырын сатыўымызды өтиниш етти. Куўанышым ишиме сыймай баратырса да, әстен ғана «болады» дедим де саттым.
Әстен-әстен исимиз жүрисе баслады. Кубла Кореядан, Япониядан келип ала баслады.
Мәкемемиз аяқка турды.
Лекин, МВЭС тәрептен аяктан шалыў күшейип кетти. Бир күнлери бул министрлик «Аўыл хожалығы өнимлеринен лиңензиялар алынсын, тек пахта менен боян тамырда ғана лиңензиялар қалдырылсын. Өйткени, олар үлкен әскерий- стратегиялық әхмийетке ийе ҳәм қорғаныў исинде пайдаланылатуғын өнимлерден есапланады. Сатылмасын!» деген карар шығарды.
«Боян тамырдын қорғаныў исине қандай катнасы бар екен?» деп бизлер хайран қалып жүрдик. Ақыры шыдамай, министримиз Султамурат Кутлымуратов пенен Ташкентке уштық. Аэропорттан шыға сала министр Султановтын алдына кирдик.
— Пахта менен боян тамырды калдырып, баска барлық аўыл хожалығы шийки зат өнимлеринен лиңензияны алып таслапсыз. Пахтаңыз дурыс: оның пайдаланылмайтуғын тараўы жок. Ал, пахта менен бирге боян тамырды да қалдырыпсыз?! Ҳаў, боянның қорғаныў исине қандай қатнасы бар?! Соны билейикаеп келдик, яшуллы! — дедим мен министрге.
— Бояннын тамырында наркотик бар!
— Тап усы гәпиңиздәлилленсе, жаңадан Америка ашқан боласыз!
— Наркотик бар екени аныкаанған!
Мен күйип кеттим:
— Ҳаў, ол глюкоза ғой. Қанттан елиў мәрте мазалы. Онда қаяқтан наркотик болады?!
— Оннан дәри ислене ме?
— Аўа, исленеди!
— Дәри исленсе, демек қурамында тирийек болады ғой!
— О жағына қарасақ, унға тирийек қоссаңыз, наныныз да тирийек болып шығады. Сонлықтан, боян тамырынын тирийекке ҳеш кандай қатнасы жоқ!
Министр мойнын бир шекесине таўлап күлди:
— Қәтелик бизин хызметкер баллардан болған шығар. Якшы, ол исиңизди туўрылап беремиз!
Көп узамай бул бойынша қарар шығып, МВЭС боян тамырына лиңензияны бийкар етти.
Гедерги алынды, жол ашылды. Таярлаған өнимлеримизди 800 - 850 доллардан сата басладық. Техникалар, өзимизге
керек үскенелерди келтирдик. Бригадаларымыздын курамын көбейтип, жумысқа көплеп адамлар алдық.
Енди адамларымыздың турмысын жақсылап, отырыс- тур(ысымызды жөнлеп алыўды алдымызға нийет етип қойдық.
Кеңсемиз алды шаңғытып атырған жер еди. «Бир-еки гектардай әтирапымызға қурылыс қылайық. Бизин мәке- мемизге сырт еллерден адамлар көбирек келеди. Олар менен уялмастай болып көрисетуғын болайық, отырған мәка- нымызды дүзейик» деп түскен ҳәрежетимизден устахана салдырттық. Бурынғы гөне кенсемизди бузып, орнына үш қабатлы етип жақсы имарат бинә еттик.
Жолдың қарама-қарсы алдынан — дәрьяның ултанынан еки-үш гектар жер ашып, бағ отырғыздық. Капталынан складты тикледик.
Бурыннан қалған гөне үлкен баржаның ишине пресс цехымызды қурып, сол жерде боян тамырларын пресслеп, сырт еллерге жиберетуғын қылдық.
«Адамларымыз басқа жаққа жуўырмасын, жеңил-желпи наўқасларға шалынса, емленсин» деп медпункт аштық
Кандай қонақ келсе де, назырқанбай дем алып, қоныўына болатуғын мийманхана курдық.
Булар жәмәәтимиздиң хадал мийнетлери арқасында ерисилген табыслар еди.
Жаңа дәўирдин талабы өз алдына келип, биз енди басқа қыйыншылықларға дус келе басладық. Бурынғы хәр бир республика енди — өз алдына бир мәмлекет. Өз басшысы, өз нызамы.өз пулы, өзлериниң тәртиби ҳәм шегарасы бар.
Нәрселер қымбатлаған. «Заманның дүзиў ўактындағы» тәртиплердиң ҳәммеси өзгерип кеткен. Бурынлары Россияда базамыз бар еди. Соннан Находка портына дейин бир ва- гонды 8000 рубль менен апаратуғын болса, енди оның бахасы бес-алты есеге қымбатлады. Ол да аздай: төлем хакысы доллар менен есапласылатуғын болды! Жол ҳакы көбейген сайын, өнимимиздиң бахасы төмен түсе баслады.
Биз Министрлер Кабинетине шықтық. Өзлеримиздин аўхалларымызды, өтинишлеримизди айттык:
— Бизиң өнимлеримиз 800 - 850 доллардан болып, ҳәттеки өзине түсер бахасын да каплай алмай атыр. Соның ушын, кайта көрип шығып, баханы 700 - 750 долларға түсирип бериң
Өтинишимиз орынланбады. Буныңменен турмай, МВЭС тын хызметкерлери «Пранда Востока» газетасында сынға алып шыкты
Буған да шыдадык. Бир-еки жыл даўамында МВЭС «800 - 850 ден түспейсиз!» деп өнимлеримизди саттырмай койды. Жағдайды айтып, зар каксадык:
— Бурын жол кәрежети менен тоннасы 800 доллар тура- туғын боян хәзир 1200 - 1300 долларға шығып кетти! ...
Буны тыңлар кулақ болмады.
Қалайда болса, илажын табыў керек ...
Қытайдың Үримчи қаласында боян тамыры қосындысынан ҳәр қыйлы өнимлер ислеп шығарыўшы завод бар екен. Соны көрип қайтыў ушын, МВЭС тан тапсырма алып, бир-еки жигит пенен бардық. Үримчиде боян тамырлары көп екен. Бирақ, бизиң боянның ҳасылдарлығы олардыкине қарағанда күшли. Себеби, бизлер еккеннен кейин, боян тамырын алты жылдан кейин қопарамыз, ал олар еки-үш жылға қаратпайды. Сонлықтан, олардың боян тамырлары жип-жиңишке, алынатуғын өними де аз. Қарекендики сапсары; экстракт алыў ҳәм глиңеризовкаланған кислота алыўда баҳасы жоқ тамыр екенин қытайлықлар мойынлады.
Олар бизлерден боян тамырларын сатып ала баслады ...
5
Дүнья жүзи бойынша боян тамырдың сапа жағынан «Алтын платина» жулдызын бизлер алыўға миясар болдық. Оны алыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Қоңыратбай Дошымбаев пенен екеўимиз Испанияға жөнеп кеттик.
Мадрид жүдә әжайып қала екен!
Барған күнниң ертеңине мәжилис басланып, Сапа Белгиси — «Алтын платина» жулдызы 120 дан аслам бизлер сыяқлы фирмаларға тапсырылды.
Мен еки шапан (биреўи қарақалпақ, биреўи өзбек шапанынан) алып барып едим. «Егер Өзбекстанан тек өзлеримиз болсақ, онда қаракалпақ шапанын беремиз. Ал басқа фирмалар да болса, онда ҳәммемиздин атымыздан өзбек шапанын беремиз» деп ойлағанман.
Өзбекстаннан бес фирма бар екен. Қоңыратбайға:
— Биз қарақалпақпыз деп бөлинбей-ақ қояйық. Уятты. Мәмлекетимиз Өзбекстан ғой! Соның ушын өзбек шапанын жабайық. Ҳәзир мен сөзге шығаман, сен таярлап отыр, — дедим.
Мениң сөзим Қоңыратбайға макул түсти. Компанияның президенти «жулдызларды» өз ийелерине тапсырып болғаннан кейин:
— Кимде каңдай пикир, тилек, гәп болса, мәрхамат! — деди.
— Рухсат етин? — дедим мен.
— Мәрҳамат, рухсат!
Мен ортаға шықтым:
— Бизин мәмлекетимиз Өзбекстан, өз алдына мәмлекет болып, аз ўақыттың ишинде дүньяға танылды. Мине, бүгин дүньянын көп мәмлекетлеринен 120 фирма Сапа Белгиси — «Алтын платина» жулдызын алған болса, Өзбекстанның бир өзинен бес фирма келип, бес «Алтын платина» жулдызын алыўға миясар болды. Соның ушын мен, Өзбекстан мәмле- кетиниң фирмалары атынан, халқымыздың үрп-әдети бойынша сизге шапан жабыўға рухсат етин!
Қоңыратбай нағысы алтын сабаклар менен ойып тигил- ген Бухара шапанын жарқыратып алып шығып еди, зал толған адам «ҳуў» деп шуўласып, қол шаппатлап қоя берди. Мен компания президентине шапанды жаўып, басына такыясын кийгизип' белине белбеўин буўып, кушақлап, қолынан қысып қутлықладым.
Бес өзбекстанлық фирманын ўәкиллери де қуўанып сала берди. Кол шаппатлаўларға алақанларын аямады. «Президентке беремиз» деп колларына ойыншықка уқсаған кишигирим сувенирлерди услап тур еди, жарқыраған миллий шапанынын нурынан олар нийетлеринен кайтып, алған жерлерине тығып қойысты.
Кеўли толған компания президенти жуўап сөзге шықты:
— Мен, сизлердиң атынызда, өзбекстанлык «Алтын платина» жулдызы женимпазларына бизге билдирген хүрмети ушын шын кеўлимнен рахмет айтаман ҳәм олардын алдағы жумысларында табыслар тилеймен! Кеште сизлерге арналған зыяпатымыз бар. Соған ҳәмменизди ресторанға мирәт етемен. Бәриңиздиң қалмай келиўинизди өтинемен. Рахмет!
Кеште ресторанға, зыяпатка бардық. Ҳәммемизди өзбекстанлыкларға арнап жайылған столға апарды. Он бес адамдай болып жайласып отырдық. «Өзбекстан» деп жазылған табличка, Өзбекстанның байрағы қойылған арнаўлы стол — ол да адамға мәртебедей туйылады екен ...
Соң бизлер Голландияның Амстердам қаласына уштық. Ол елде аўыл хожалығының көпшилик тараўлары жүдә жақсы жолға қойылған екен. Өним алыў да, оның сапасы да жүдә жақсы.
Амстердам қаласын аралап, көп жерлерин көрдик.
Бир көше менен кетип баратырсақ, адамлар шоқ-шоқ болып, бир нәрсе шегип отыр екен. Үстилери жүдә қорениш, іүрлери адам қарағысыз — әбеший! Кеўиллери бирақ жүдә хош. Биреўлери мүлгип отыр. Гейпаралары ғылжыйып атыр.
Мен жанымдағы Қоңыратбайды түрткишледим:
— Бул не өзи?
Ол ийнин қысты:
— Қәйдем! ...
Дилмаштан сорадық. Ол түсиник берди:
— Голландияда нәше шегиўге рухсат етиледи. Рухсат етилгенде де, гез келген жерде емес — қаланың белгили бир көшесинде. Көшениң де — тек арнаўлы бир жеринде!
Шығыс Кореяда болдық. Олар менен қатнасығымыз жолға қойылды. Еки-үш фирмасы бизлерден боян тамырын сатып ала баслады.
Германия ҳәм Қытай мәмлекетлери менен саўда-сатлық ислеримиз басланып кетти.
Америка өнимлеримизди сатып ала баслады.
Бурын бул истиң басына келген ўақтымызда жылына 500-600 тонна өним жетистирген болсақ, енди 2500-3000 тоннаға жетистик. Адамларымыз өним жетистириў усылларын хәр тәреплеме жақсы меңгерди. Сапасы да жүдә жақсы болды.
Усындай жетискенликлеримизди көре алмаўшылар да көбейди.
— Ал-ха, «Карақалпақбоян» пайдаға мыйлығынан батып атыр!
— Боян яммана пайдалы екен!
— Солардан қаламыз ба?!
— Қаниязовтан кембиз бе?
Бул тараўды аңсатдеп пәмлеп, районлардан боян-мәкемелер ашыўшылар селдир жаўыннан кейинги замаррықлардай қылтыйысып ҳәр-ҳәр жерден көрине баслады. Олардың қолтықларына суў бүркиўшилер де табылды:
— Өзим бар да ҳеш нәрседен қорықпа! Пулға мыйлығымыздан батамыз еле!
—«Қарақалпақбоян»нан да артық қыламыз. Демде-ақ қотқа кетесизлер!
— Ссуда керек пе? Ол арқайын ғой: алдыртып беремен!
—«Совмин ҳәм басқа жерлерден тийисли ҳүжжетлер керек» дейсең бе?! Оған басың аўырмасын! Ағаң бар да, арқаң тамда.
— «ДАИ постларынан, бажыханадан қалай өтемен» деп ғам жеме. Ол жағын бизлерге қойып бер!
Бүйтип геўкеўлегенлер, көтермелегенлер — өзимиздин республикадағы белгили жигитлер еди.
' Боян тамыры өндириси дәслеп Бозатаў районынан, соңынан Қоңыраттан, Кегейлиден, Тахтакөпир районларынан ашылды. Ҳәттеки оларға бригадирлер, басшылар белгиленди. Мәмлекеттен ссуда алып бергенлер де болды.
Ақмаңғыт районынан бир кореец жигити (ата-бабаңның кәсиби, салыгершилик пенен шуғыллансаң нетти, боянды не қылайын деп един!) усындай мәкеме ашып, ол Бозатаў районына да басшылық етти.
Бир күнлери маған еки банктин хызметкерлери келди:
— Сол кәрис бизлерден 120 миллион сўм ссуда алып еди, төлемей қашып кетти. Кәристен қалған үскенелер бар, боян тамырлары бар. Соларды алып, бизлерге жәрдем етиң!
Қарасам, олар алданып қалған баланын жылағанындай болып тур. Жубаттық оларды: — «Қолдан келген жәрдемимизди берермиз», — деп жибердик.
Боян-мәкемелер өниминин тоннасын 350-500 доллардан емес, ҳәтте 100-120 мың сўмға да сата баслады.
Ақыбети не болды? Боян-мәкемелер, тап таң алдындағы үркер жулдызлардай болып, биринен сон бири жоқ бола баслады.
«Қарақалпақбоян»ның оларда жумысы болмады. МВЭС белгилеген баҳада, нызамлы рәўиште, өнимлерди өткерип, бир қәлипте алға жылжый берди ...
6
«Жетимнен жетилди»дегендей, тек сүйеги қалған мәкемени бундай дәрежеге жеткериў де аңсат болған жоқ.
Мәкемемиздиң мәкан жайы — Әмиўдәрьянын жағасы, РесПО аймағында урлық, ишиўшилик көп болды. Бундай нәкас әдетлерден бизиң «Боянтамыр» адамлары да қуры алақан емес еди.
«Адамлар пайдалансын, мәпленсин» деген нийет пенен өз хызметкерлеримизге ҳәм басқа да қарыйдарларымызға сатпақшы болып сырт еллерден әкелип қойған телевизор, холодильник ҳәм баска да мүлклер бар еди — олар урланды. Урлағанда да қалай урланды десеш?! Тап сол мүлклердин дәл үстинен, складтын шиферын қопарып, пәтикти тесип алыпты!
Бул неп-бәле! Урылар «көзи ашық» болып кеткен бе? Жоқ, ондай емес, олардың иштен «жеңгеси» бар!
Россиядан 3 тонна электрод әкелип қойып едик. Сонын еки тоннасы ...
Техникаларымызға деп «Тормозная жидкость», аўысық бөлеклер сатып алған едик, қойғанымыз қойғандай ...
«Жеңгелер» паш болды. Олардың биразы ақ сақаллы қараўылларымыз екен. Ол терис қайтканларды жумыстан шығарып, орнына жас ҳәм жақсы жигитлерди алдық.
Мәкемемиздин хызметкерлери менен жумысшыларынын турмысын жақсылаўға ҳәрекет еттик. Бийдай, салы ектик. Каразлар курдырып, бийдайды — ун, салыны гүриш қылып, базардан жары бахасына арзанға өзимиздин жәмәөтимизге бердик. Мал асырап, пал ҳәрресин бақтық. Ҳәрреден өндирген палларымызды да сол тақылетте хызмет- керлеримизге үлестирдик. Малларымызды хайт-мерекелерде, сәнели күнлерде, байрамларда денгене қылып, базардын ярым нырқында өзли-өзимиз сатып алдық.
Жана дәўирдин усындай талаплары менен биз көп нәрселерден уттық.
«Қарақалпақбоян»дағы үш жүздей адам ай сайын туракаы түрде мийнет хакыларын алатуғын болды. Турмысы жаксылана баслады. Ен баслысы, жәмәәтимизде аўыз биршилик, бир-биреўге иззет-ҳүрмет орнады. Қылаплық қылмаў, биреўдиң кесе жаткан шөбин биреў атламаў сыяклы адамгершилик пазыйлетлер тамыр жайды. Бәрше жәмәәтимиз мәкемемиздиң абыройы ушын бир жағадан бас, бир жеңнен қол шығарып, табыслы мийнет етиўге үйренди.
«Қарақалпакбоян»да жанымды жаббарға берип жуўырып- жортсам да, исти ҳәм адамларымды ойлап күйип-жансам да әттең, бәри-бир мен бурынғы
«кимсең — Каниязов!» болып кете алмадым.
Султамурат #Қаниязов
АЛТЫН ЖАҒЫС. (Мемуар).