⚡️Денсаўлықты сақлаў министрлиги сатылыўы тоқтатылған дәри өнимлери ҳаққында мағлыўмат берди

«Тереңлестирилген сапалық тексериў нәтийжелерине бола, «Док-1 Макс» ҳәм «Амбронол» дәри өнимлериниң айырым серияларында пропиленгликоль элементиниң орнына ямаса оның менен бирге этиленгликоль ҳәм диэтиленгликоль элементлери бар екенлиги мәлим болды», - деп хабар берди ( https://t.me/ssvuz/11836 ) ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги.
❗️Соны есапқа алған ҳалда министрлик халықтың саламатлығын қорғаў ҳәм қалған дәрилерди де қосымша тексериўден өткериў мақсетинде қорғаныў шарасы сыпатында «Quramax Medical» ЖШЖ тәрепинен 2022-жыл елимиз аймағына алып келинген барлық препаратлардың сатылыўын тоқтатты.
Жоқарыдағы сүўретте усы препаратлардың дизими жәрияланған.

Комментарии