19 дек 2019

Топырақ астында қалған әрманлар

Қыршыннан қыйылды. Үзилди жанлар,
Ғырыстай бес жигит. Төгилди қанлар,
Бий мәўрит сум әжел қурығын салған,
Топырақ астында қалған əрманлар.
Еситкен де бундай суўық хабарды,
Салады түскинлик халға адамды,
Анаман: мениңде жаным қабарды,
Топырақ астында қалған əрманлар.
Жүр едиңлер тиршиликтиң ғамы деп,
Шийрин мийнетимниң хадал наны деп,
Ислейин, байрамға дейин тағы деп,
Топырақ астында қалған əрманлар.
Хызметтен шаршамай шаўып елим деп,
Метроға төгилди маңлай терим деп,
Қуўанып турмедиң күндей күлимлеп?
Топырақ астында қалған əрманлар.
Он гүлден бириде, ашылмай бағлар,
Зар әйлеп қалды-аў анайы зарлар,
Запырандай солды сүйикли ярлар,
Топырақ астында қалған əрманлар.
Жер бирден ойылып қалғанда басып,
Бир қуўыс табылмай кетерге қашып,
Ялғаншыдан кеткен көзлери ашық,
Топырақ астында қалған əрманлар.
Ақшолпан Аманияз 19.12.2019 жыл
PS: Ташкент метрополитени қурлысында қаза тапқан өримдей жас жигитлеримиздиң руўхына бағышлайман. Ата-аналарына сабыр тилеймен. Аллахым жатқан жерлери жарық болсын нәрестелердиң.

Комментарии

  • 20 дек 2019 15:40
    Jaylari janetten bolsin imani joldasi bolsin.
  • 20 дек 2019 15:46
    Олсе олер неғыламыз енді олмей атқан адам барма..
  • 20 дек 2019 15:52
    Кеуыл айтыу орна не зат жазып койганын мусылмансын ба кеуыл айт жазып кет. Кеуыл билдырмесен неге жазасын
  • 20 дек 2019 15:52
    Сенде быр кун сол жерге барасын
  • 20 дек 2019 15:53
    Жайы жанатан болгай топрагы торка болгай
  • 21 дек 2019 03:15
    Иманды болсын
  • 21 дек 2019 08:53
    Өзбекстан қаиғыс ына ортақпыз.
  • 21 дек 2019 13:02
    Қудай қаласа аммеміс барамыс
  • 21 дек 2019 19:54
    ХАММЕМИЗ БАРАМИЗ ДУРЫС АЙТАСЫН
  • 21 дек 2019 19:54
    Х харибы тусып калыпты косып койдым
  • Комментарий удалён.
  • Комментарий удалён.
  • 21 дек 2019 23:25
    Жойлари жаннатдан бўлсин.Яқинларига сабр берсин.
  • 23 дек 2019 11:57
    Жайлары жаннеттен болсын.изи кайырлы болсын.
  • 25 дек 2019 19:14
    Жайлары жаннаттан болсын алла сабыр берсин семьясына бул бес кунлик дуньяда хеш кимде калмайдыго сондада деген