Сораў: Мениң жасым 40 тан өтти. - 880567298058

Сораў: Мениң жасым 40 тан өтти.

3 қызым бар, µзим күни-түни жумыста ислеймен. Күйеўим мектепте муғаллим. Август айының ақырында күйеўим жумысында жүрип қулап қалды, емлеўханаға жатқарылды ҳәм инсульт деп тапты. Күйеўим еки жерде жумыс ислейтуғын еди, кейинги ўақытлары тек ишти. Азанда сабаққа шығып кетеди ҳәм ҳәр күни бир аўҳал – кеште қыйсайып келеди. «Ишсем басым қояды, ишпесем жаман аўырады» дейтуғын еди. Жаныңдағы инсаның ише берсе – суўып кетеди екенсең… Кейинги ўақытлары балалардың жеўи, кийими өзиме қараған соң, оған кеўил бермей қойдым, яғный күйеўим жоқ деп ойлайман.
Енди ол тилден қалды, ашыўшақ, қатты сµйлеўге, шаўқымға болмайды. Докторлар 3 жылсыз өзине келмейди, дейди. Мени қызларымның аўҳалы қыйнайды… Ҳәзир соншелли сынып қалғандайман, бирақ со-ған қарамай шүкиршилигим кµп, нашүкир бенде екен демең.
Қызларым ҳәр күни ашыўлана береди. Әкесиниң жағдайын түсиндирсем де түсине алмай атыр. Олардың жылап отырғанының гүўасы болдым – олар әкесин «псих» деп ойлайды. Бул маған жаман тәсир етеди. Бул жағдайдан қалай шығып кете аламан?
Р. Хожели
Жуўап: Адам өмир алдындағы µзиниң парызын орынламаса – жазаға тартылады. «Себеп – ақыбет» байланысы бар. Бизлер ҳәр күни гүна ислерге қол урамыз. Ҳәммемиз. Жақсы менен жаманды елеге шекем ажыратып билмеймиз. 70-80 ге шыққан аталарымыздың арақ ишип жүргенине не деймиз? Пәми кемис ақлық қызларын жеңил тәбиятлы қызлардай етип кийиндирип, кµшеге жиберип қойған кемпир апа ҳәм аналарымызға не дейсең? Булардың бәри гүна ислер – ҳәммемиз өз пайыты келгенде жазаға тартыламыз. Болары болғаннан кейин аспанға қарап «Алла, мениң қайсы гүналарым ушын?» деп кµкирекке урғанның пайдасы болса еди-аў…
Ҳәр бир адамның басында қыйын күнлер болады. Ҳеш ким буннан қашып қутыла алмайды. Сизлерде усы басланыпты. Енди, усындай күнлерде, адам еле де шүкирлик етип, «Буннан да жаманынан сақлағайсаң» деп жалбыраныўы тийис. Ырасында да, Қудай сақласын, күйеўиң бул дүньяны тәрк етиўи де мүмкин еди-ғой… «Мына турысынан, тәрк еткени мақул еди» деген шайтанның ойына барма.
Күйеўиң аман жүргенинде, өзиң жазып қойыпсаң «Жумыста күни-түни жүрдим» деп. Оған меҳириңди, муҳаббатыңды бермедиң. Жыллар даўамында. ¤зиң бахытты жумыстан изледиң. ¤зи адамға унайтуғын ислер бар ҳәм парызлар бар. Ҳаялға жумысқа шығыў унайды, солай емес пе, бирақ парыз – биринши орында болыўы керек. Яғный, үй жумыслары, бала тәрбиясы, күйеўиңе хызмет етиў... Жумысқа шыққан, шаңарақ бағып жүрген ҳаял күйеўине ҳәм перзентлерине тийисли меҳир-муҳаббатын бере алмай қалады. Сонлық-тан, күйеўиң меҳир-муҳаббатты сеннен алалмай, арақтан таўыпты. Енди Алла сен өз ўақтында күйеўиңе бермеген меҳириңди 4 есе етип бергизип турыпты. Бул қыйыншылықларды Алланың сабағы, шарапаты деп қарағайсаң.
Адамның басына қыйыншылық түскенде ол адамгершиликти жойытпаўы тийис. Себеби, Аллам азапта жүрген адамның жанына жүдә жақын барады. Сен ҳәм бала-шағаң үлкен сынақтасызлар. ¤злериңди дурыс тутыңлар. Қызларыңа усыларды асықпай, дурыс түсиндир.
Адам дүньяға тек рәҳәтлениў ушын келмейди. Ийман, инсаплы, адамгершиликли болыўды үйрениў ушын. Саў, пулы көп, күнде басыңнан сыйпайтуғын әкени жақсы көриў ҳәммениң де қолынан келеди. Психтай болып кесел жатқан әкени жақсы көриў тек ийманлы адамның қолынан келеди. Бул – имтихан, оннан ҳәммеңиз «5» баҳасын алып µткейсизлер.
Гәплерим аўыр тийеди, сонлықтан алдын ала кеширим сорайман, әпиў еткейсизлер.
Ырастанда, жағдай аўыр. Бирақ, шыдаў керек. Шаңарағың толық сениң мойныңа түсти – перзентлериң, күйеўиң ушын тартасаң, басқа ҳеш илажы жоқ. Кейин – бәри жақсыланады. Лекин, ертең, арғы күни емес. Бираз ўақыт бар. Жағдайы сеникинен он есе жаман ҳалдан шыққан ҳаяллардың ўақыялары бар. Қатты налына берме ҳәм соны да умытпа – қыстан кейин бә-ҳәр ҳәм жаз келеди.
#саза

Комментарии